ТАНЯ-ТОҒАЙ ХАНШАСЫ
Баслығы кадр бөлиминиң
Деди оған:
— Таня жаным,
Кең пайтахт өз елиңниң
Көрдиң, мине, шығыс жағын.
Өсирсең бурын завод бағын,
Бул жерде саған дым қарыйдар,
Мынаў сарғыш қум қушағын
Кеклетиўге сен ғайрат сал.
Болмаса да ҳәзир ескен
Бир туп қайың, бир түп терек,
Боласаң "тоғай ханшасы" сен,
Бизге сендей бажбан керек!
Қыз-келиншек гүл нағысқа,
Шебер келер басқалардан.
Қум қаплаған бул жағысқа
Сал кестени көк тоғайдан.
Ҳәзирше қала қапталынан
Бир участка нәл ағашын
Егиўге қабыл алдық план
Ҳәм көклетиў көше арасын.
Сол жумысты алың қолға,
Бул тек истиң басламасы,
Еки-үш жаздан бул қатарда
Тоғай шуўлар бар шамасы,
86
Болмаса да ҳәзир өскен,
Ондай тоғай ҳәмде терек,
Боласаң "тоғай ханшасы" сен,
Бизге сулыў бажбан керек...
Күлди Таня:
— Койыңшы жолдас,
"Ханша" деген қандай ермек,
Журт еситсе изден қалмас,
Ол ат маған не әпермек?
* * *
Сол күни-ақ, бирақ, бираз адам,
Айтысты: "Енди ағаш гүўлеп —
Өседи, кеше Москвадан —
Келипти "тоғай ханшасы" деп.
"АЎҒАН"
1
Оң түсликген, Копет таўдан,
Кум сапырып, оттай лаплап,
Бул жерге де жеткен "аўған"
Кең даланы турды қаплап.
Аң минезли аңызақ жел,
Дөретери-қурғақшылық.
Жүрисинде жөнсиз жедел,
Жанға питпес жабайылық.
Қурылысты иркердей-ақ,
Тозан бүркип етер қысым.
87
Бирақ, мәртлер минут санап,
Күшейтпекте топылысын.
Тыныш өмир вахтасында
Ислер олар жан аямай,
Ҳәр күни камал тапты усында
Қәддин тиклеп бир жаңа жай.
Бизиң елдиң даңқлы улы —
Мәрт шофёрлар шықса шаўып
Жабайы самал гүўлеп қуры,
Қалды изде шаңғыт қаўып.
Штабта ис талўас урған,
Батыл және интимақлы,
Инженердиң айнасынан
Түнлерде де сөнбес жақты,..
. . . . . . . . .
. . . . . . . . .
2
Кызғын мийнет кушағында
Қурылыс күни өтер қайнап.
Әмиўдәрья жағасында,
Қала өсер күн-күн жайнап.
Жас қаланың қапталына
Бир участка егилди нәл.
Бирақ, суў жоқ жапта мына,
Қалды шөллеп қуўраўға сәл.
Мыс қазандай мийден өткен
Азияның саратаны,
88
Бүгин жерге суў жөнелтсеқ,
Ертең тағы соратады.
Бүгин қапырық турса лаплап,
Жалынлы леп алмай тыным,
Шөлде суўсыз адасқан тап
Таңлайындай жолаўшының.
Ертең көрсең жыртқыш қузғын,
Самал емес, жалынлы леп,
Ийтаршысы усы дүздиң,
Бай-бай салып есер гүўлеп.
Бул жағада булытта таңсық,
Көк ғарғадай ушар сийрек,
Қум шетинде жатқан қаңсып,
Сағым ойнар ийрек-ийрек.
Усы шексиз қурғақшылық
Созылады Қара қумға.
Тек бәрине қыр көрсетип,
Турды бунда бир жас қала.
Жаңа қоныс-қала түсли,
Кумда күлген келешектей,
Муҳәббетй оттан күшли
Большевиклик жас жүректей.
Сол қаланың қапталында
Нәл өсирип Таня бизиң,
Тоғай шуўлап қыялында,
Жүрди ислеп, алмай тыным.
3
89
Турды -Таня жаны ашып,
Жас ағашлар арасында,
Кетти "аўған" ҳәдден асып:
(Өз душпанын аясын ба!)
Бирақ Таня елестирмес
Өзин қысқан отлы лепти,
Қайғырар тек жанына үнлес
Мынаў сансыз жас тереқти,
Сонда зуўлап қелди тусқа
Көк шатырлы жүк машина.
Батып Таня қуўанышқа,
Бақырды ырғып:—Қурбан —Коля!
Машинадан түсти Қурбан,
Ысық жүзли жас инженер,
Деди Таня
— Асыларман,
Иркилместен кетсең егер.
— Асылыў, ол кимге керек,
Деди Қурбан жап касында—
Асылғандай бар ма терек,
"Ханшамыздың" бақшасында?
Қалай, Сергей кеўиллиме,
Жаўынгерлик достым мениң?...
Ал сен бунда турсаң неге,
Тыңлап ба я бүлбил үнин?
Қойшы, Коля! Алсын шайтан—
Ханшанды ҳәм бүлбилиңди.
Қайда жүрдиң, келдиң қайдан,
Айт оннан да өз жөнинди?
90
Сережа деген сен дегенде,..
— Ой, раҳмет, Таня, оған!
Сизлерди ойлап жүрдим менде,
"Бақаншақ терип" қайттым таўдаң.
Көрсең еди, ой сен Таня,
Бизиң ашқан зор байлықты.
Ҳасыл тас бар Қара таўда —
Деп қалтаға қолын суқты.
Әҳ, әттең, сол машинада
Кетипти-аў, Кел, мейли енди —
Соң үйиңе барғанымда
Көрсетермен оны-деди,
Қуўанып Таня кутлықлады,
Инженердиң кысып қолын,
(Атын айт деп ынтықпады,
Билермен деп көрип өзин)
Деди Таня:
- Билгин келсе
Ҳәзир бизиң истиң жайын.
Мынаў еккен сансыз нәлше
"Аўғанға" дым болды қайым.
Нәлшелердиң қеўлин таўып,
Күтиўимиз жарамай жүр,
Болдық мысал келген аўып
Көп балалы анадай бир...
- Күтиўди билсин туўған адам,
Шөллетпей ҳәм ыссылатпай.
Салақ шеше булар мудам
91
Баласының бабын таппай,
- Сережадай-аў минезиң сениң,
Сөзиң бәрҳа илмек-илмек,
Мениң болса перзентлерим —
Жас тоғайым жатыр шеллеп..,
* * *
Нарт нәлшелер арасында,
Турды усылай еки қурдас,
Аңызақ самал борасынлап,
Отлы, қуйын тозғытар тас,
Деди Қурбан:
- Бул жерде тап—
"Жуўсан" күтиў қыйын ис ең,
Қыя шөлде бала арқалап,
Жолға шыққан анаға тең.
Бир жағы қум, бир жағы қыр,
Қабатласып усы жерден —
Басланады. Бунда жатыр —
Шөл қудайы суў қөрмеген.
Мына сизиң "тоғай" турған
Жер бетинде қүшли саз бар.
Шынтлап бүғин қақ жарылған,
Тийгеннең соң жанлы ызғар.
Усы сансыз жарықлардан,
Аңызақ самал тимискиленип,
Тамырларға барып турған,
Соннан нәллер тур ғой семип...
92
- Жаптан да суў қалды келмей,
Суў ише алмай турмыз шалқып,
Суўға қанған жалкаў пилдей,
Насос жатыр мурнын тартып.
Суўы аңсат болса жанғой,
Мынаў ыссы қояр емес,
Сен де дийхан улысаң ғой,
Тапсаңшы бир тәўир қеңес!
- Ендиги бизиң миннетимиз –
Өмир бериў нәлшелерге,
Оның жолы; үзиликсиз—
Ызғарлықты сақлаў жерде.
- Болғаның ба кеңес берип?!
- Ҳе, айт дейсең тағы нени?!
- Фуў! Ыссыда майдай ерип,
Турыппан-аў тыңлап сени.
Бул кеңесиң бос мылжың ғой,
Биледи оны нәресте де...
Қәне, куўлық қылмай-ақ қой,
Айтшы, сөйтип не ислеўди? —
Дегенде Қурбан ықлас пенен,
Мейирлене күлди қатып.
Таня да күлди шын кеўилден,
Дос ҳәзилин дым унатып,
- Ызғарлықты сақлаўдың бар
Тек ўақытша бир усылы.
Бақырса да агрономлар,
Қолланайық биз усыны:
93
("Бақырса да" … деўим, бул тек –
Ағашты емес, жай егисти—
Егерде, ғана күтә сийрек —
Қолланылып келди бизде).
Насосты салып иске, шаққан.
Жиберемнз суўды бүгин.
Ағашлары қуўрап атқан,
Қарықларға төсеймиз қум.
Бириншиден, тамырларға—
Бара алмайды аңызақ жел;
Екиншиден, ызғарды да
Узақ тутар усы ҳәмел.
Бизиң экспедиция
Кетеди таўға бир ҳәптеден.
Қарап турар бос машина,
Аяймызба оны сеннен.
Төгемиз, сөйтип, қарықларға
Шана менен қумды тасып.
Ал ҳәзирше турмай бунда,
Жүр келейик суўды ашып.
Сөйтип, кеште үшеў болып,
Кинолармыз бир ҳәз етип...
Дегенде бойға шадлық толып,
Күлди Таня кеўли питип.
Гей ўақытта шын дослықтың
От сезими кетер ийип?
Қуўанғаннан Таня бизиң,
Қурбанды бирден алды сүйип,
|