Ибрайым юсупов



Pdf көрінісі
бет25/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28
Байланысты:
Ibrayim Yusupov. Jeti asirim (1962)

ТАЎДАҒЫ АЙҚАС 

Ораз аман келгеннен соң қаладан,
Әбден қорқып бул муғаллим баладан,
Мақсым, Әмет қармалаўға тал таппай, -
Қашқан еди бир ақшамда арадан. 
Жыйнап барлық қашқын ярыў - жорасын,
Адамшылық ардан ашып арасын,
Баспашы боп, түн ишинде жол тосып,
Мәкан қылды Қара таўдың жырасын. 
Қыз жөнинде Әмет алды хабарды,
Бир қуўанып, бир қызарып, бир жанды...
Машинаның жолын бөгеп ериксиз -
Солар еди алып кеткен Гүлжанды. 
Сезбес сулыў арқадан ер батқанын,
Аққан қаны шашларына қатқанын.
Есин жыйды, билди сонда айнасыз


129 
Аўзы қулыплы бир үңгирде жатқанын. 
Таңның алды шүтик шыра жылтылдап,
Жанар еди. Бирден есик шыйқылдап,
Ашылды да кирди биреў - «шоқ сақал»,
Күлди жыртқыш даўыс пенен қарқылдап. 
Жақынлады аш қасқырдай ырсылдап,
Көзи кеткен шығатындай тырсылдап.
«Муғаллимниң келиншеги қалайсыз?»
Деп кекетип күлип қойды мырсылдап. 
Көргенде қыз «шоқша сақал» сарыны,
«Әмет!» деди, бир көргеннен таныды. 
Қара көзде кеткендей от тутасып,
Лаўлағандай болды кектиң жалыны. 
Күлди Әмет Гүлжанға кеп асылды,
Қыз бир урды, - суў сепкендей басылды. 
Г ү л ж а н 
Тарт қолыңды қаныпезер көргенсиз,
Көнбеймен мен түсирсең де жасылды.
Жоғалды деп жүрсек сени қаяққа,
Азаматлық арды басып аяққа,
Усындай боп жүрип бе едиң, Әметбай,
Басшы болып гилең уры - саяққа? 
«Мәртебеге» жетипти ғой қолыңыз,
Усы ма еди излеп тапқан жолыңыз?
Қутлы болсын жолды тосып, қан төгип -
Жолаўшыдан тартып алған тоныңыз... 


130 
Әмет 
Сояйын ба сөйлеп турғап күйиңде?
Шайнамастан жутайын ба, жийин бе?
Мазақлайжақ адамыңды таўыпсаң,
Не былшылдап турыпсаң?
Отырғандай муғаллимниң үйинде.
Аш көзиңди, турсаң ҳәзир қаяқта,
Шашларыңды таплайын ба аяққа! 
Г ү л ж а н 
Ҳайўанлыққа мәс боп тасып - толдың ба?
Кет, кет, жоғал! Турма мениң алдымда!
Муғаллимнен кетсин өзиң садаға -
Карағысыз елге, бала - шағаға -
Адам етин жейтин ҳайўан болдың ба? 
Ҳәлек болма, тамағыңнан өтпеймен,
Өткенде де босқа өтип кетпеймен.
Анаў мениң елим, халқым, досларым,
Жалманар бул басларың –
Жалбарынып, сеннен мийрим күтпеймен,
Сен ҳәзирше зорсаң маған. Бирақта,
Ертең өзиң илинерсең дузаққа. 
Ә м е т 
Елди былғап динсизликке шатылдың,
Ақыл айтсақ, қарсы оқ боп атылдың,
«Оқыймыз» деп ҳаял - қызды азғырып,
Бәрин жыйнап жаздырып,
Ол да аздай ийт Оразға сатылдың. 
Маған тарлық қылды туўған аўылым,


131 
Ораз десең тастай қатар баўырым.
Пышақ урып мойнын жулып кетпесем,
Сол ойыма жетпесем,
Түспей кетер үстимдеги аўырым, 
Ҳәй, мийримсиз қанға кумар пышағым,
Сал мойнына қыздың әжел ошағын.
Есаплайын биринши кек қайтты деп,
Жатсын жайып қара жерге қушағын! 
Умтылды Әмет қанжар ойнап қолында,
Аңламады не бар оңлы - солында.
Бирақ тоқтап қалды қолы, пышағы –
Жоқарыға көтерилген ҳалында. 
Түсиниксиз болып кетти бир айқас,
Әметти дым албыратты зор шайқас,
Бүгирлетип басқан биреў Эметти –
«Әкел, жаным - деп бақырды - жумыр тас»,. 
Бул қандай жан - биле алмай Гүлжан да,
Не де болса жәрдем берди бул жанға,
Тас әкелди, жаўыз Әмет тырып етпей,
Жатты гүм боп төбеттей,
Уртына тас салып, аўзын буўғанда. 
Буғаўланған жыртқыш аңдай булқынып,
Жатты Әмет тасты шайнап жулқынып,
Таныс емес адам қызға созып қол,
«Жүриң берман» деди ол, -
Гүлжан қызға мыйық тартып бир күлип. 
Гүлжан турып Әметке бир салды кез,
«Бизге салған қақпаныңа келдиң гез,
Қашсаңдағы усылай сениң тағдириң,


132 
Тифиў».,. деди, сыртқа атып шықты тез. 
Әмет минген Боз тарланды ойнатып,
Минди сулыў полат суўлық шайнатып.
Бахыт па я бахытсызлық... Қыз ҳайран,
Тартып кетти еки жан –
Ат туяғы таўдың тасын жаңлатып. 
II 
Шолпан нур қойнына сиңип кеткенде,
Таң ағарды сонда шығыс беттен де...
Мөлдир суўы мөлт - мөлт еткен бир булақ,
Түсти олар сол булаққа жеткенде. 
Ким екен ол, жол баслаўшы бул киси,
Неге ойнар бет аўзында күлкиси? 
Орта бойлы, селдир сақал, қызыл жүз,
Биреўлерге... усап тур ғой түр - түси. 
Мине аттан түсти булақ басына,
Қара мылтық сүйелдиғой қасына,
Суўға қанып, шылым шегип отырып,
Деди қызға: «Айт қарағым, жасырма. 
Қайдан ушып келип түстиң дузаққа,
Қалайынша тап болдың бул азапқа?
Атыңды айт, жөниңди айт, қарындас.
«Өскен жериң жақын ба я узақ па? 
Деди Гүлжан: «Шыққан мәканым Шымбай,
Көрмеп едик ҳийлелерди биз бундай.
Атым Гүлжан, Арзы көлде аўылым,
Бексыйықлы дийқан атам Турғанбай. 


133 
Тап жаңағы қара үңгир қойнында
Буғаўланып буўылған жан қолыңда,
Аш қасқырдай аран ашып урынып,
Колхоз ишин иритпек боп бүлинип,
Жан саўғалап қашқан еди соңында. 
Елден безып, таўды гезип қанлы аўыз,
Баспашы болып жүрген екен сол жаўыз.
Уры сайда машинаны қамалап,
Бизди тутты сол қан ишер жалмаўыз». 
Колхозға да сансыз тийген зияны,
Бир басына болды еки ҳаялы.
Ғарры ийттей нәпсин ашып уялмай,
Биздедағы болған еди қыялы. 
Пахтакешлер слетына - Төрткүлге
Кешеўиллеп баратканем сол түнде...
Тири болса болар еди шоферим,
Әлле өлди сол айқастың ишинде. 
Жолды тосып жолаўшыны қамаса,
Тартып жаза, көрер еле «тамаша»...
Айып көрмең, сөйлең енди өзиңиз –
Қайдан жүрген едиңиз,
Усылардың бирисиз бе ямаса?» 
Дегенинде ол киси де бир күлип,
Әжепсинип, турды бираз иркилип, -
Олай деме бизди, Гүлжан қарағым,
Бизден аўлақ жол аңлыған түлкилик. 
Көрдиң бе я көрмедиң бе, бул жағын –
Биле алмадым. Назарханда турағым.
«Еркин қарақалпақ» деген колхоз бар,


134 
Сол колхоздың сақшысы едим, қарағым. 
Атым Тплеп, кийик аўлап жүрипем,
Түнге қалып, атты ертлеп турыпем.
Бир топ атлы өтип кетти тусымнан -
Сол үңгирге бет алғанын көрипем. 
Бир бийиктен көрип турдым сығалап,
Тас үңгирге кирди сени арқалап,
Сени таслап беккем қулып урды да,
Гүбирлесип турды да,
Тағы тартты бир төбени жағалап. 
Қулып берик екен - дәме етпедим есиктен.
Қағып едим - жан болмады еситкен.
Қыя таста мылтығымды қолға алып,
Аңлып жаттым сер салып,
«Таң атты ғой, неге олар кешиккен?» 
Деп жатырсам, тап баяғы жырадан
Таң алдында келди олардан бир адам.
Атты байлап кирди ишке абайлап,
Тәўекел деп, алысыўға бел байлап,
Илескеним еди ғой сол арадан... 
Тыңлап турдым барлығын да сөзиниң,
Сенде кеги бар қусайды өзиниң.
«Муғаллим» деп қақсады ғой соншама,
Ким еди сол отын алған көзиниң? 
Қызыл пайда болды қыздың түсинде,
Сөйлер, лекин, сыр бермеген пишинде.
- Аты Ораз Дәўлетбаев, Қыпшақтан -
Барған еди январьдың ишинде. 


135 
Тым - тырыслық даўам етти биразға,
Деди мерген: «Рас - ақ сол Ораз ба?
Аман - есен жүр екен ғой баўырым,
Жибермеди аў бир жапырақ қағаз да. 
Қос дәнедей шығып едик ханадан,
Бир емишек емип едик анадан.
Шымбай бетте ағартыўда ислеўге
Кетип еди буйрық алып жаңадан, 
Аман - есен көрсең барып инимди,
(Хат жазыўға жоқ ғой қағаз - қалем де)
Жазға таман мен де барыи қайтаман,
Көрискенше дуўай - дуўай сәлем де. 
Қане енди босқа турыў жарамас,
Ўақыт қыстаў, жағдайға қарамас,
Бүгин түсте ашылады слет та.
Қамшыны тез ур атқа,
Күн шықпастан жолаўшыға аралас.
Жолың болсын! Кеңнен серме қанатты,
Хош қарағым, - деди, қолын узатты,
- Хош, раҳмет. Биз күтемиз ел бетте,
Жазда барың әлбетте, -
Деп шығысқа бурды тезден қыз атты, 
Азат қыздың кеўли суўдан шалқыды,
Тартты атқа жез баўырдақ қамшыны,
Турды мерген қыз қарасын гүзетип,
Аттың ерин дүзетип,
Беттен сүйип таўдың таңғы салқыны. 


136 
III 
Түстен кейин сабақ баслап жаңадан,
Тапсырманы тексерип бир баладан –
Турған гезде муғаллимди класстан
Есик қағып шақырады бир адам... 
Деди Қурбан: - Утып шықтық «ойында»,
Душпанлардың қанын қуйдық қойнына.
Он үш атлы екен Әмет баслаған,
Таўда буққы таслаған,
Туттық бәрин, «Ашшы сайдың» бойында. 
Төрткүлден де келгеп екен алты атлы,
Бизлер менен бир қатарда оқ атты.
Мынаў Жәлий баспашының үшеўин
Үш оқ пенен турған жерде сулатты, 
Таў қойнынан аштық қойған қөмнгин,
Сойғап екен малдың сайлап семизин,
Өмир, өлим арпалысқан айқаста 
Бир оқ жеди - өлди Әмет өгизиң. 
Тилеп деген жигит аңда жүр екен,
Жаўдан қайтпайтуғын нағыз нар екен?
Мергенликте таңландырды талайды, 
Сени көп - көп сорайды, 
Сениң менен жандай туўысқан екен. 
Таңланды Ораз: - Не, не? Тилеп дедиң бе? 
Аўа, Тилеп, бир анадан едиң бе?
Өкпелейди. Сәлем айтты қысып қол,
Усы жазда келетуғын болды ол,
Келгели хат жаза алмаған едиң бе? 


137 
Аўа солай, ағам еди туўысқан,
Соннан кейин? 
- Шыға келди қуўыстан,
Сөйлестик биз. Әжел менен шайқасып,
Гүлжан ушын Әмет пенен айқасып,
Қутқарыпты қанлы тырнақ уўыстан. 
- Әмет урлап минип кеткен боз тарлан,
Соны минип кеткен екен ол арман. 
Сол айқаста буғаў қыйып, ер батып,
Жараланған дейди Гүлжан сол қолдан. 
Сур қанжарды қайрап кектиң таўына,
Салсам деген едим колхоз жаўына.
Айтқанымдай сол сөзимнен бир шықтым,
Оң жанбастан бир суқтым,
Мақсым келип иликкенде аўыма, 
Бәрин туттық, төрт баспашы жарадар,
Бизиң менен келе алмады барабар,
Көптиң күши - таў суўының тасқыны,
Қарсыласып қайсындай күш тура алар, -
Дегенинде болды Ораз шадыман,
Йош дәрьясы ҳағлағандай сағадан,
Жигитлерге алғыс айтып қол қысып, 
«Мениң қайтпас мәртлерим» деп толықсып,
Қурбанды кеп қушақлады жаңадан. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   20   21   22   23   24   25   26   27   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет