Мазмуны: Қосықлар 4



Pdf көрінісі
бет3/6
Дата03.03.2017
өлшемі474,93 Kb.
#5466
1   2   3   4   5   6

- Балам
 
Алтақлама, талтақлама, 
Биреў урды деп жылама
Аш боламан деп ойлама, 
Жигерли бол жастан балам. 
 
Өшиңди ал душпаныңнан, 
Күшиңди жыйна жасыңнан, 
Халқың қалмасын қасыңнан, 
Киши пейил бол жастан, балам. 
 
Менмен болма Пиримбайдай, 
Қудайым етпесин ондай, 
Селдир болып сеңсең тондай, 
Сылбырап ҳәм жүрме балам. 
 
Белиңди буў, жеңиңди түр, 
Дос-душпаныңды сынап жүр, 
Жақсы сөзге қулағың түр, 
Жаман сөзден қашқыл балам. 
 
Малым жоқ деп ҳеш муңайма, 
Берер қудайым маңлайға, 
Душпанға түспе оңайда, 
Көзиң ашып жүргил, балам. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         44
Жаман атың түсип көзге, 
Сарғыш ендирмегил жүзге, 
Ерме ҳасла шуғыл сөзге, 
Ғыйбат сөзден қашқыл балам. 
 
Атым жоқ деп арсынба да, 
Тоным жоқ деп тартынба да, 
Жаманлардан уялма да, 
Орын таўып отыр, балам. 
 
Тойға барсаң барғыл бурын, 
Душпаныңның үзип торын, 
Жоқарыда алғыл орын, 
Ҳеш ўақ төмен болма балам. 
 
Биреў сени жаманласа, 
Көрмегенге датқаласа, 
Айтқан сөзинде турмаса, 
Оннан қашып жүргил балам. 
 
Маңлайыңнан ағызып тер, 
Жақсы-жаманды сынап көр, 
Жақсы адамның кейнине ер, 
Сонда жолың болар балам. 
 
Жаманларға сырыңды айтпа, 
Келген жерде сөзден қайтпа, 
Достыңды ҳасла муңайтпа, 
Душпаныңды мата, балам. 
 
Малым бар деп асып-таспа, 
Биреўлер менен жарыспа, 
Орынсыз жерге тарыспа, 
Ретинде сөйле, балам. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         45
 
Көпти қасыңнан қашырма, 
Барыңды жоқ деп жасырма, 
Қуўлықты қалеп асырма, 
Әлипайым болғыл балам. 
 
Жақсылығыңды халық билсин, 
Дурыслығыңды айтып жүрсин, 
Мәзи душпанлар жек көрсин
Туўры жолдан жүргил балам. 
 
Орынсыз жерге умтылма, 
Биреўге жөнсиз жутынба, 
Еки рет өтирик айтпа, 
Ҳағына жүр бәрҳа, балам. 
 
Ойланбастың түби ойран, 
Ақыры бир күн болар ҳайран, 
Теңиң менен салғыл сайран, 
Нәмәрт пенен жүрме балам. 
 
Басыңды қос жақсы досқа, 
Дос таппай ҳәм жүрме босқа, 
Қасыңа келмесин шошқа, 
Соннан аман болғыл, балам. 
 
Қасыңа ерсе бир жаман, 
Зыянәти тийер саған, 
Сондайлардан болғыл аман, 
Аңластырып қара балам. 
 
Атаңнан пәнди нәсият, 
Ҳәммеден де усы зыят, 
Орынлы ет-етпе уят, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         46
Кейниңди ойлап жүргил балам. 
 
Жалғызбан деп жалтақлама, 
Көппен ғой деп талтақлама, 
Жорта күлип шақақлама, 
Орынлы ис исле балам. 
 
Жаман ушын түспе отқа, 
Сөзге ерип кетпе жатқа, 
Қыянет ойлама журтқа, 
Оңарыңа жақсы, балам. 
 
Ата-анаңды қәдирле, 
Өлгениңше жақсы сөйле, 
Мал тапсаң торқаға бөле. 
Өсериңе жақсы балам. 
 
Жетим көрсең қолыңды бер, 
Аға болса, кейнине ер, 
Онша бултыйып болма шер, 
Әлипайым болғыл балам. 
 
Ғарип көрсең, ақылыңды айт, 
Оңлы болса, қасыңа тарт, 
Ол да болса үлкен мурат, 
Оныдағы ойла, балам. 
 
Алдында жатыр бийик жар, 
Соны ассаң, көп дүнья мал... 
Атаңниң сөзин есиңе ал, 
Нәсиятты болдым, балам. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         47
- Келин
 
Қасың қара, белиң нәзик, 
Оң қолыңда тилла жүзик, 
Ғайратыңды бүгин көрдик, 
Қупияда илдиң келин. 
 
Шашың қара, жүзиң аппақ, 
Қундыз кирпик, жупқа додақ, 
Писте мурын, ләбиң қаймақ, 
Келбет жағың келген келин. 
 
Қулағыңда алтын сырға, 
Тилиң шийрин, кеўлиң мырға, 
Келдим саған зордан-зорға, 
Қарсы алдыңда турман, келин. 
 
Көпке үлги еткен исиң, 
Жалтырайды ҳинжи тисиң, 
Журттан артық ақыл-есиң, 
Қапа болып турсаң келин. 
 
Жарқырайды жүзиң айдай, 
Туўған анаң сениң қандай, 
Сөзиң шийрин, тилиң палдай, 
Перийзаттан артық келин. 
 
Артық сениң ақыл-ойың, 
Тал шыбықтай талма бойың, 
"Қарма-жарма" болып тойың, 
Әрман менен турсаң келин. 
 
Қайнағаға басыңды ийип,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         48
Қайғы менен қабақ үйип, 
Әрман менен ишиң күйип, 
Ар-сар болып турсаң келин. 
 
Өңириңе тағып теңге, 
Кеўлиңде бар оннан өңге, 
Ҳәм қайниге болып жеңге, 
Жат еллерде турсаң келин. 
 
Күни-түни азап шегип, 
Көзлериңнен жасты төгип, 
Қабырғаңды қайғы сөгип, 
Әрман менен жүрсең келин. 
 
Артық баҳаң елиў туўар, 
Сеннен алып әкең саўар, 
Бурынғының жолын қуўар, 
Бахтың солай болды келин. 
 
Ашылмай ығбалың әбес, 
Көркиңе болмады сәйкес, 
Қапталында еки бийкеш, 
Сийне-сәнли турсаң, келин. 
 
Хорлық азап көрген күниң, 
Жылаў менен өтти түниң, 
Еркин шағлап шықпай үниң, 
Қапалықта турсаң келин. 
 
Еситилди зарың маған, 
Не айтайын енди саған? 
Қайғыдан мен де оған, 
Күниң солай өтти, келин. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         49
Көп сарсылып, болма қапа, 
Қыя шөлде шекпе жапа, 
Келсе саған сиңли-апа, 
Не айтарсаң турып, келин? 
 
Қарасам қысым беллериң, 
Шийриннен татлы тиллериң, 
Жаўдырап жадыў көзлериң, 
Тутқынланып турсаң, келин. 
 
Усы бастан етип талап, 
Киси ушин жүрме жылап, 
Ертеректен теңиңди тап, 
Матаўлықта турма, келин. 
 
- Ойланба
 
Жолыңнан қайтып артыңа, 
Салып көп исти ядыңа
Қараны тутып алдыңа, 
Қарындасым, ҳеш ойланба. 
 
Исенбе аға-жеңгеге, 
Қуўанба таққан теңгеге, 
Сырыңды айтпа өңгеге, 
Сүймесиң ушын ойланба. 
 
Қапа болма, теңиңди изле, 
Хор болмастай жерди гөзле, 
Жаман айтпа, жақсы сөзле,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         50
Ҳақ иске ҳешбир ойланба. 
 
Малы көп деп кетпе оған, 
Азап берер ақмақ саған. 
Қостарым деп ерме соған, 
Сүйгениңе кет, ойланба. 
 
Келип тур мынаў сүйгениң, 
Әўелде кеўил бергениң, 
Көз ашып ҳәмде көргениң, 
Соның ушын ҳеш ойланба. 
 
Мин артына бүгин түнде, 
Жылап жүрмей күнде-күнде, 
Усылай ойлап турман мен де, 
Кетер болсаң ҳеш ойланба. 
 
Қарама берген малына, 
Қарамас ол ҳал-жайыңа, 
Ылайық ба бул бойыңа? 
Сүйгениңе кет, ойланба. 
 
Зәңгиңди өзим басайын, 
Душпан жүрегин осайын, 
Сүйген ярыңа қосайын, 
Кел қарындас, ҳеш ойланба. 
 
Қолынды бер де, берман жүр, 
Ойыңа алма жат пикир, 
Қосылып узақ өмир сүр, 
Мин артына, ҳеш ойланба! 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         51
- Қашан рәҳәтланадурсаң
 
Илмиғайыптан сөзлеме, 
Кисиниң ярын гөзлеме, 
Мийнетсиз дүнья излеме, 
Жанды отқа саладурсаң. 
 
Талап ислеп тап дүньяны, 
Сүттен ақдур билсең аны, 
Көп етсең өзиң гүнаны, 
Жаман атлы боладурсаң. 
 
Өзиңнен пәске жүз салма, 
Нәмәҳремлерге сөз салма, 
Киси ярына көз салма, 
Өз ярыңнан қаладурсаң. 
 
Дәс еллиде пирден қайтпа, 
Таўып айт, сөзди молайтпа. 
Достың сырын душпанға айтпа 
Ел бузыўшы боладурсаң. 
 
Ер болсаң елиңди бақла, 
Елдиң берген дузын ақла, 
Достың сырын беккем сақла, 
Елге мырза боладурсаң. 
 
Болай десең елге мырза, 
Ел-журтыңды қылғыл ырза, 
Ғариплерге берме ыза, 
Өзиң зыян көредурсан. 
 
Дуўры тутсаң нийетиңди,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         52
Халыққа бурсаң бетиңди, 
Сыйласаң ғарип-жетимди, 
Шын азамат боладурсаң. 
 
Пейлиң кетип, нәпсиңди ашпа, 
Малым бар деп толып-таспа
Жарлыны аяққа баспа, 
Сен де жарлы боладурсаң. 
 
Қолың үзбе ел-елаттан, 
Қашық жүрме жәмәәттен, 
Қашар болсаң, қаш ғыйбаттан, 
Ғыйбат жаман биледурсаң. 
 
Мийнет пенен жанды қыйнап, 
Көрмей бир күн қонақ сыйлап, 
Ишпей-жемей малды жыйнап, 
Қашан рәҳәтланадурсаң. 
 
Парқы болар сөз дегенниң, 
Нырқы болар бөз дегенның 
Халқың болсын излегенниң, 
Сонда дәўран сүредурсаң. 
 
Бердимурат дер шертип сазды, 
Бәҳәр етип қысы-жазды, 
Руўза тутпай, бес намазды, - 
Мудам қаза қыладурсаң. 
 
- Алты қыз

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         53
 
Алты қыз минип арбаға, 
Азық салыпты дорбаға, 
Ҳайтыў-мереке бармаға, 
Қызлар талап еткен екен. 
 
Ең үлкени мениң дайым, 
Атын сорасаң Бийбайым. 
Сәрдар жеңгеси Гүлайым, 
Бул да арбаға минген екен. 
 
Екинши қызы Мәҳийда, 
Ақ жүзи айдап зыяда, 
Жол жүрмеймиз деп пыяда, 
Ат арбаға минген екен. 
 
Үшинши қызы Арыўхан, 
Көргенлердиң мийри қанған, 
Оның жеңгеси Гүлимхан, 
Бул да арбаға минген екен. 
 
Атлары шыққан ҳәр қашан, 
Қарақалпақ ҳаслын сораң, 
Бесинши қызы Рәўшан, 
Ол да арбаға минген екен. 
 
Оннан кейинги отырған 
Перийден зыят Мийрихан. 
Қосымбет таз арба айдаған, 
Бәриси жәм болған екен. 
 
Арба айдаған Қосымбет таз, 
Есерликте ақылы аз, 
Қаҳәрли суўық болып жаз,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         54
Қызлар менен кеткен екен. 
 
Қысылысқан соң ҳәммеси, 
Қызлардың тийип мәммеси, 
Ҳәкери таздың дәмеси 
Шул қызлардан болған екен. 
 
Жаман арба барып қайтып, 
Қызларды бийжай қозғалтып, 
Ҳәкери таз қосық айтып, 
Жолсыз жүрип кеткен екен. 
 
Таздың мәлим минез қулқы, 
Дәртти қозғар неше жылғы
Сондағы айтқан қосығы, 
Халық аўзында қалған екен: 
 
-"Мениң өзим ерке болсам, 
Қыз жамылған көрпе болсам, 
Көрпедеги бүрге болсам, 
Ақ сийнеңде турмаспедим? 
 
Мениң өзим торқа болсам, 
Суў шайпалмас жорға болсам, 
Қызлар салған сырға болсам, 
Қулағыңда турмаспедим? 
 
Мениң өзим кийик болсам, 
Ҳәмме таўдан бийик болсам, 
Қыз ийирген ийик болсам, 
Тусақанда турмаспедим? 
 
Мениң өзим ылақ болсам, 
Таўдан аққан булақ болсам, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         55
Қызлар кийген тумақ болсам, 
Тас төбеңде турмаспедим? 
 
Мениң өзим ашық болсам, 
Ишим толған қосық болсам, 
Қызлар ишкен қасық болсам, 
Ләбгенеңде турмаспедим? 
 
Мениң өзим патша болсам, 
Пухараға жар салдырсам, 
Қасыма қырқ қыз алдырсам, 
Хийўа хандай болмаспедим? 
 
Олар да қанса ойыныма, 
Қолларын салса мойыныма, 
Қырққызды алып қойныма, 
Қушып-сүйип жатпаспедим?..." 
 
Қызлардың алып мазасын, 
Ҳәкери таз тығып басын, 
Жөнли айдамай арбасын, 
Жолсыз жүрип кеткен екен. 
 
Қамшыны урып ябыға, 
Алды түсип кетти ойға, 
Үш қулаш гөне қуйыға, 
Арба түсип кеткен екен. 
 
Бул қуйы күтә тар екен, 
Еки жағасы жар екен, 
Ишинде пери бар екен, 
Ақыл-ҳуўшын алған екен. 
 
Қудық белинен көмилип, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         56
Түскен кесек басын бөлип
Әрманлықта қызлар өлип, 
Шул қуйыда қалған екен. 
 
Кимлердиң кетип жесири, 
Жигитшиликтиң ҳәсери, 
Ҳәкери таздың кесири, 
Шул қызларға тийген екен. 
 
- Хожам
 
Хожам исерсең, кеберсең, 
Өз дәўлетиңе теберсең, 
Ешек пишпеге шеберсең 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Бул хожадай хожа қайда, 
Усындайдан көрген пайда, 
Ешек пишип Даўылбайда, 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Даўылбайға шығыр ектиң, 
Шығырыңды миллет еттиң, 
Жети ешекти сүннет еттиң, 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Хожам ешекти сыйлады, 
Қулақ-қуўрықты жыйнады, 
Қазақы қапқа сығмады, 
Мамбетқулға сатқан хожам.

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         57
 
Бул хожаның мини бар ма? 
Ешек көрсе жини бар ма? 
Қарақалпақсыз күни бар ма? 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Ғазийнеси толды ма екен? 
Қызыл гүли солди ма екен? 
Ешек ҳадал болды ма екен? 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Дәўкемпирге ектиң тары, 
Жарымшыға бердиң жары, 
Ҳәр қулағы он ағары, 
Ешегиңниң жүги, хожам. 
 
Хожа деген сайыл болар, 
Не берсең де қайыл болар, 
Шын хожа әлпайым болар, 
Әдепсизлик еткен хожам. 
 
Етпей әзелде буўрығын, 
Жаздырдыңыз ба жыйрығын? 
Ешектиң кесип қуйрығын, 
Әжайып ис еткен хожам. 
 
Ешекке ҳәўес едиңбе? 
Мазалы екен дедиңбе, 
Кескен қуйрықты жедиңбе? 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Бул хожаға бар ма хамал, 
Ешеклерге берип заўал, 
Қулақ кескен Сейиткамал, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         58
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Еткен исиң байқады ма? 
Ешек толынды шайқады ма? 
Қумарыныз тарқады ма? 
Ешек сүннет еткен хожам. 
 
Ешеклер қалды майрылып, 
Қуйрық, қулақтан айрылып, 
Бердақ пырақтан айрылып, 
Зәҳмет шегип қайтқан, хожам. 
- Қус
 
Кел Аманбай, сорасалы, 
Не аў қусдур жибергениң? 
Ағыў, қызыл, сары жипек, 
Аяқ баўына өргениң. 
 
Бийдиң орны болар төрден, 
Абырай табарсаң бул кәрден, 
Қусты тутқан қалпелерден 
Көп екен сениң көргениң. 
 
Қустың жеми тоят болды
Қылған исиң уят болды 
Қабылжаннан зыят болды, 
Қустың ишин жүргизгениң. 
 
Бул ақ қустың әрманы көп, 
Ҳәз етпеди аң аўлап жеп,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         59
Қустың ишин сүремен деп, 
Аталыққа сөз бергениң. 
 
Билмедиң қәдирини пулдың, 
Ақ қустың қанатын жулдың, 
Аталыққа жақсы қылдың, 
Қадирданлық көз көргениң. 
 
Лашын киби көкке ушты, 
Суңқар екен жети пушты, 
Иши қызды, суўға түсти, 
Қусқа жақты дуз бергениң. 
 
Түп бабаңыз Нағадайды, 
Яд әйлеп сен бир қудайды, 
Жасырагөр Аманбайды, 
Хан алар көзи көргенин. 
- Үфик мәҳрем
 
Үфик мәҳрем, бежит жүриң, 
Жолың жуўық па, жырақ па? 
Минипсең жылдырым яңлы, 
Ат па, ешек пе, пырақ па? 
 
Бул ешектиң маңлайы сор, 
Отқа қорең, өзи жемхор, 
Мойны киши, хызмети зор, 
Ақ ғашырдан уллырақ па? 
 
Басыңа шаншайын жыға,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         60
Ҳаққыңа қылайын дуға, 
Ийир андыз сары буға, 
Артқаның айна-тарақ па? 
 
Көк ешектиң байрағы қой, 
Ҳәр жерге барса жыйын-той, 
Қайшы менен бежерип қой, 
Саўрысы жүнли барақ па? 
 
Жатпай, турмай ет талапты, 
Шөллесең ишкил шалапты, 
Еки қоңын ғайзалапты, 
Сәл гийтиңи қысқарақ па? 
 
Ешегиңниң тамағы тоқ, 
Қулағы салпы, жалпы жоқ, 
Қуйрығында бир түги жоқ, 
Иштен туўғанда шолақ па? 
 
Бул ешегиң қулынтайды, 
Бердимурат бас шайқайды, 
"Ҳық" дегенде қыйсаңлайды, 
Сәл палаңы жуқарақ па? 
- Болмады
 
Узақ жолға сапар жүрип, 
Жолда дәрманым қалмады, 
Дүньяның меҳнетим көрип, 
Тәнде мәдарым қалмады. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         61
Дүнья рәҳәтин көрмедим, 
Шалқып шад болып жүрмедим, 
Ҳәз етип дәўран сүрмедим, 
Маған мәдеткар болмады. 
 
Қазан урып, гүлим солып, 
Түрли-түрли заман болып
Ғарип-қасер кеўлин алып, 
Бийде шәпәәт болмады. 
 
Бул заманның ийшан, байы, 
Жолдан жүрмейди бинайы, 
Қарадан көпдур гүнайы, 
Шәрият жолы болмады. 
 
Жақсылар жаманды теклер, 
Жаманлар бир гәпти кеклер, 
Шаҳзадалар, бегиў-беглер 
Әдалатлық ис қылмады. 
 
Патша болса әдалатлық, 
Ҳәм қайырыў-сақаўатлық, 
Ҳатамтайлардай ҳатамлық, 
Бай бәтшелерде болмады. 
 
Хорезмде асқан жүйрик, 
Ушқан қус ҳәм қулан-кийик, 
Атларын айтып кетейик, 
Жийренше шенли болмады. 
 
Молла болсаң илимди тут, 
Жалғыз өзиң болмайсаң журт, 
Кәспи-кәриң сениң жәдут, 
Дуўры биреўиң болмады. 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         62
 
Мен өзим билгир емеспен, 
Асқан данаман демеспен, 
Ҳешўақ жалған сөйлемеспен, 
Жалған гәп айтқан болмады. 
 
Биреўлер байбатше болды, 
Биреўлер, қазы, бий болды, 
Хожа-сейит бурық болды, 
Дуўры биреўи болмады. 
 
Кеўлимниң сол интаҳасы, 
Бар ма дүньяның опасы, 
Бәршеси адам баласы, 
Минез-қулқы бир болмады. 
 
Ай яранлар, етпең зина, 
Түўесилмес болар гүна, 
Ол кәбаңдур ата-ана, 
Оннан улуғ зат болмады. 
 
Жүрек баўрыны дағласа, 
Өзи ушын бел бағласа, 
Жарлы бийшара йығласа, 
Байдан шәпәәт болмады. 
 
Жыл-жылдан заман тарылды, 
Зардабынан жер жарылды, 
Бул азаптан ким арылды? 
Ҳешбир паяны болмады. 
 
Сөзим мениң мәлим көпке. 
Шығармас оқыған шепке, 
Түсинбесе усы гәпке, 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         63
Шул ўақыя аз болмады. 
 
Я болмаса гүз келер ме, 
Я болмаса қыс келер ме, 
Жайма шуўақ жаз келер ме, 
Оны билгенлер болмады. 
 
Кемтарлықтың камалы жоқ, 
Мен сорлының ҳамалы жоқ, 
Шалқып айтар заманы жоқ, 
Жайнап-жаснар күн болмады. 
- Билмедим
 
Бул дүнья тар ма я кең бе? 
Ойлап мәнисин билмедим, 
Қуў өмирлер маған тең бе? 
Не боларымды билмедим. 
 
Айрылдым жалғыз қостардан
Қуба-қосақсыз қошқарман, 
Асалмай қалдым асқардан, 
Не боларымды билмедим. 
 
Артымда аға-иним жоқ, 
Жүрегимде жанар бир шоқ, 
Өтер басымнан дүнья боқ, 
Не боларымды билмедим. 
 
Өтер болды аз дәўраным, 
Шығар болды шыбын жаным,

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         64
Қайнар болды қызыл қаным, 
Не боларымды билмедим. 
 
Кейнимде бала қалмады, 
Көзим қызыққа тоймады, 
Қайғы-қапамды жоймады, 
Не боларымды билмедим. 
 
Жастан айрылдым анадан, 
Жетим қалдым ҳәм атадан, 
Айырылып пушты панадан, 
Не боларымды билмедим. 
 
Үстимде жаман ылашық, 
Тум-тусының бәри ашық, 
Дүнья болды маған қашық, 
Не боларымды билмедим. 
 
Жүзим сарғайды қападан, 
Өтти өмирим жападан, 
Жаңылдым неғып тобадан, 
Не жазғанымды билмедим. 
 
Жүрип душпанлар кейнимнен, 
Айырды жақсы күнимнен, 
Гөне түспеди ийнимнен, 
Не боларымды билмедим. 
 
Аға беглер, қулақ салың, 
Мендей болмағайлар ҳалың, 
Өлеғойсам, еске алың, 
Не боларымды билмедим. 
 

Бердақ Ғарғабай улы - Бердақ - Таңламалы шығармаларының жыйнағы
                    
kitapxana.com
 - Қарақалпақ әдебиятының электрон китапханасы                                         65

Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет