X Международный открытый педагогический Форум
«ОБРАЗОВАНИЕ: РЕАЛИИ И ПЕРСПЕКТИВЫ»
28 мая 2022, Набережные Челны
302
Вестник НГПУ • №3 (38) май 2022
илимий изертлеў жумысларын алып барды ҳәм узынлығы 600-900 м., ени 400-600 м., тереңлиги 3 метрге шекем
қазылған Үстирттеги бул сырлы объектлердиң сайғақ, қулан, арқар, жәйран киби мыңлап топарласып жүретуғын
дүз аңларын массалық түрде аўлаў ушын қурылған қурылыс – аран екенлигин дәлилледи [2].
Қоңыраттың мәдений естеликлерин изертлеген этнограф-илимпаз
Х. Есбергенов болса бул естеликлер ертеде көшпели қәўимлердиң суў топлаў ушын қурған қурылысы деген
пикирди билдиреди. Илимпаздың пикиринше, ишимлик суўы там-тарыс болған Үстирттиң үстинде жамғыр ҳәм қар
суўларын топлаў ушын көшпелилер усындай қурылыслар қурыўға мәжбүр болған [3].
Өткен әсирдиң 70-80 жылларында жебе тәризли қурылыслардың анықланыўы дүнья жүзинде көплеген
илимпазлардың ҳәм ғалаба хабар қуралларының қызығыўшылығын оятты. Усы уақытлары ӨзАССР Илимлер
Акдемиясы
Қарақалпақстан бөлими тарийх, тил ҳәм әдебият институты тәрепинен қол тийилмеген Үстирт
кеңликлериндеги археологиялық объектлер арнаўлы түрде изертлене баслайды.
Усы изертлеўлер бойынша алып барылған камерал жумыслар пайытында Үстирттиң Шығыс чинкинде, Дуўана
тумсығы (Дуўана Нөкиске дерлик 500 км алыстағы Арал теңизиниң батыс жағалығы)нан 7 км арқада түсирилген
аэрофотосъёмкаларда бирнеше онлаған километрге созылып атырған жебе тәризли объектлердиң үлкен топары
(16 дана) барлығы анықланады.
Бундай сийрек гезлесетуғын табылма алдын ҳеш бир археологиялық әмелиятта ушыраспаған.
Бул белги жай көзге яки автомобильде өтип баратырған жолаўшыға байқалмайды. Себеби жүдә үлкен
көлемдеги объектти адам бойындағы бәлентликтен көриўдиң имканы жоқ, сиз аяқ астыңызда тарийхы мыңлаған
жылларға барып тақалатуғын әжайып естелик жатқанлығын билмей үстинен жүз мәрте өтип кетиўиңиз мүмкин.
Ҳәзирги күни Үстирттеги бул естеликлерди Интернет тармағындағы Google Earth программасы арқалы қәлеген
адам биймәлел көре алады [4].
Археолог В.Ягодин басшылығында алып барылған кең көлемли археологиялық изертлеўлер жуўмағы бойынша
бундай жебе тәризли қурылыслар топары Үстирттиң барлық жеринде емес, ал белгили бир аймақларында
гезлесетуғыны анықланды. В.Ягодин бул қурылысларды төмендегише территориялық топарларға бөледи:
Арқа Үстирт топары (Дуўана-1 ҳәм Дуўана-2 киши топарларына бөлинеди);
Айбүйир-Сарықамыс топары (бул топар Айбүйир ҳәм Бернияз-3, Қазған ҳәм Сарықамыс киши топарларына
бөлинеди);
Жарынқудық топары;
Кендерлисор топары;
Бейнеў топары.
Пүткил дүнья жүзи бойынша усындай тарийхый сырлы сүўретлерди изертлеўге қәнигелескен австралиялы
илимпаз Алисон Беттс, қарақалпақстанлы археолог-илимпазлар Шамиль Амиров ҳәм марҳум В.Ягодинлардың
«Paleorient» илимий басылымында жарық көрген мақаласында Өзбекистан ҳәм
Қазақстан территориясындағы
Үстирт кеңислигинде усындай объектлердиң 17 топарға бөлинген 126 данасы анықланғанлығы айтылады [5].
Жебе тәризли қурылыслар Түркменистан территориясында да гезлеседи.
Демек, Үстирттеги сырлы сүўретлердиң ақырғы санын анық айтыў қыйын. Себеби, биз 2017-жылдың сентябрь
айында Google Earth программасы арқалы координацияларды белгилеў пайытында Дуўана тумсығынан 20 кмдей
қублада, 21-санлы радиорелейли станцияның арқа-шығысында 4 километрдей қашқылықта чинкке қарай созылған,
алдын илимге белгисиз 3 объекттиң бар екенлигин анықладық. Әҳмийетлиси соннан ибарат, усы табылған
объектлер ҳеш бир илимий дәреклерде белгиге алынбаған ҳәм бул жебе тәризли қурылыслар басқа объектлерге
салыстырғанда көлеми әдеўир киши.
Илимпазлар ҳәм жеке қызығыўшылар Интернет тармағындағы усындай программалар арқалы яки арнаўлы
ҳаўа транспорты ҳәм үскенелер (дрон) арқалы бундай объектлерден және де илимге белгисиз жаңаларын табыўы
итималдан жырақ емес.
В. Ягодин жебе тәризли қурылыслардың қурылыс ҳәм пайдаланыў дәўирин төмендегише дәўирлерге бөлип
қарайды:
1) Б.э.ш. I мың жыллықтың екинши ярымы (б.э.ш. V-II әсирлер) – тегисликке жерлеў мәденияты дәўири. Бул
дәўирге тийисли естеликлер Каспий әтирапы, Узбой, Үстирттиң барлық жери ҳәм Маңғыстаў бойлап тарқалған.
Бул мәденият Үстирт ҳәм оған жақын аймақлар бойлап мал шарўашылығы менен айланысатуғын көшпели
қәўимлерге тийисли. Көшпели қәўимлер бул жерлерди жайлаў ҳәм қыслаў етип пайдаланған. Бул дәўир, грек
тарийхшысы Страбонның тили менен айтқанда, уллы тегислик ийелери болған массагетлер дәўири саналады.
2) Б.э. III-IV әсири – сармат-алан дәўири.
Дуўана тумсығындағы жебе тәризли қурылыслардың жасы усы еки дәўирге туўра келеди.
3) VII әсир баслары IX әсир – жетиасар-кердер дәўири. Бул дәўирге тийисли естеликлер Үстиртте кең тарқалған.
4) IX-XI әcирлер – оғузлар дәўири.
5) XII-XIV әсирлер – түркмен-қыпшақ дәўири.
IX-XI ҳәм XII-XIV әсирлердеги дәўирге тийкарынан Айбүйир-Сарықамыс, Кендерлисор топарындағы естеликлер
киреди [2, 127-б.].
Үстирттеги жебе тәризли қурылыслардың не мақсетте пайдаланылғанлығы бойынша анық мағлыўматларды
тарийхый жазба дәреклерден ғана билип алыў мүмкин. Себеби, бул қурылысты пайдаланып аң аўлаған адамлардың
өзи XX әсирде қалмаған еди.
В.Ягодин де илимий изленислеринде тийкарынан 1825-1826-жыллары
Арал-Каспий аралығына
шөлкемлестирилген Ф.Ф.Берг басшылығындағы рус илимий экспедициясы материалларына жүгинеди.
Усы экспедиция қурамы ағзалары В.Д.Вольховский ҳәм А.О.Дюгамел тәрепинен дүзилген топографиялық
X International Open Pedagogical Forum
«EDUCATION: REALITIES AND PROSPECTS»
May 28, 2022, Naberezhnye Chelny
303
Bulletin of NCSP
U • №3 (38) may 2022
журналда мынандай қызықлы фактлер келитрилген: «Бул жерде (Үстиртте – Е.Қ.) әжайып дүз аңларынан қуланлар,
тарпанлар (жайбайы атлар) ҳәм сайғақлар бар. Сайғақларды тас пенен қоршалған қораға айдап киргизип, ол жерде
терең етип қазылған орға түсирип услайды».
Усы экспедиция қурамында болған илимпаз Эдуард Эверсман бираз қызықлы ҳәм қунлы мағлыўматларды
жазып қалдырады: «Антилопалар менен сайғақларды услаў ушын Үстиртте қырғызлардың (Үстиртте жасаўшы қазақ
ҳәм қарақалпақларды руслар сол ўақта қырғыз деп атаған – Е.Қ.) таслы дийўал менен қоршалған, узынлығы 300-
400 адым, бийиклиги 3-4 фут, кишкене саңлақлы орын бар; қасында секирип шығып кете алмайтуғын тас пенен
қоршалған шуқыр ой бар. Аң аўлаға шыққан қырғыз әтираптағы 10-15 шақырым жерге кетеди ҳәм
маралдың
даўсын уқсатып салып, барлық сайғақларды ертип әкеледи. Усылайынша ол сайғақларды саңлақтан үлкен қораға
киргизеди, соң басқа шуқырға өтип сес бериўди даўам етеди; ҳәрекет басланғалы үндемей жатырған басқа қырғыз
болса саңлақтан сайғақлардың изинен киреди де қышқыра баслайды. Үркек дүз жәниўарлары күтилмеген сестен
қорқып кетип, қутылыўды ойлап шуқырға қарай секиреди ҳәм сол жерде усланады» [2, 99-б.].
Тарийхый мағлыўматлардан белгили, усы экспедиция әйне Дуўана тумсығына келген. Сол жылы қыстың қатты
келиўи экспедицияның изге қайтыўына мәжбүр еткен. Үстирттиң ызғырған қәҳәрли суўығында экспедицияның көп
ағзалары, 1500 ат-түйеси менен қырылып қалған [6].
Демек, жебе тәризли қурылыслар Үстиртте жасаўшы халықлар тәрепинен XIX әсирге шекем қолланылып
келинген.
В.Ягодин Үстиртте жасаўшы айырым ески көз қариялар ата-бабаларының усындай жол менен аң аўлағанлығы
ҳаққында еске түсиргенин жазады. Информаторлардың айтыўынша, бул қурылыстың аты «аран» екен. Аранның
дөңгелек шуқыры мүйешлерине үшкир етип жонылған қамыс қатырылған. Аранның әтирапында бирнеше арнаўлы
шуқырлар болған. Бул шуқырларда аңшылар жасырынған. Аўға 30-40 атлы аңшылар қатнасқан. Жәниўарлар
аранның ишине алданып кирип қалады ҳәм сол жерде усланады. Аң аўлаў гүзде өткерилген.
Илимпаздың пикиринше, «Аран» сөзи қарақалпақ миллетиниң Кенегес арысындағы араншы руўы менен
байланыслы. Араншы Кенегеслер өз дәўиринде аңшы халық, яғный аран қурыў арқалы аң аўлаған болыўы мүмкин
[2, 102-б.].
Аранды көшпели халықлардың аң аўлаў ушын қурғанлығы усы жазба дәреклер тастыйықлай түседи.
Үстирт узақ әсирлер даўамында
сак-массагетлер, сарматлар ҳәм монғоллардың, ҳәтте олардан да әййемги
халықлардың цивилизациялары түйискен мәканы саналады. Неше әсирлер бойы ушы-қыйырсыз кеңисликтен
уллы көшлер өткен. Үстирттеги ески кәрўан жоллары Шығыс пенен Батысты тутастырыўшы
транзит хызметин
атқарған. Платодан өткен кәрўанлар Хорезмнен Төменги Волгабойы ҳәм Қубла-батыс Европа мәмлекетлерине ҳәм
ол жақлардан товарлар тасыған. Сол арқалы мәдений, саўда-экономикалық байланыслар раўажланған.
Аранларда мың-мыңлап тутылған туяқлы дүз жәниўарларының гөши, териси, шақлары товар алмасыў
хызметин атқарып, Уллы Үстирт үстинен өткен усы саўда жоллары арқалы Хийўа, Бухара, Самарқандқа, ҳәттеки
Қытайға шекем жөнетилип турған.
Үстирттиң ең итибарлы орынлары – оның археологиялық естеликлери. Үстирт үстинде ҳәзирги күнде де
Пулжай, Белеўли, Алан, Дәўкескен ҳәм т.б. сыяқлы әййемги ҳәм орта әсирлерге тийисли кәрўан сарайлары,
қала-қорғанларлар сақланып қалған. Адамзаттың аяғы жетиўи бираз мүшкил болғанлықтан бул естеликлердиң
көпшилиги еле жетерлише изертленбеген.
Әжайып естеликлери менен тарийх сырларын ишине бүгип жатырған Дуўана аймағы туристлик саяхатты
раўажландырыўға оғада қолайлы жер. Үстиртке, Арал теңизи аймағына туристлик маршрутларды тартыў,
туристлик инфраструктураны раўажландырыў шешимин күтип турған әҳмийетли мәселе саналады. Перудағы
Наска сүўретлери ЮНЕСКОның мәдений мийраслары объектине киргизилген ҳәм бул естеликти тамашалаўға ҳәр
жылы мыңлап туристлер ағылады. Үстирт аранларының бул естеликлерден кем жери жоқ. Биз де усы бағдардағы
жумысларды жеделлестирсек нур үстине нур болар еди.
Достарыңызбен бөлісу: