Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет19/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   44
Байланысты:
kr

93-статья
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы ҳәм 
Сенаттың биргеликтеги ўәкилликлери төмендегилерден ибарат: 
1) Өзбекстан Республикасының Конституциясын қабыл етиў, оған 
өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў; 
2) Өзбекстан 
Республикасының конституциялық нызамларын, 
нызамларын кабыл етиў, оларға өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў; 
3) халықаралық шәртнамаларды ратификациялаў ҳәм денонсациялаў; 
4) Өзбекстан Республикасының референдумын өткериў ҳаққында ҳәм 
оны өткериў сәнесин белгилеў ҳаққында шешим қабыл етиў; 
5) Өзбекстан Республикасы ишки ҳәм сыртқы сиясатының тийкарғы 
бағдарларын белгилеў ҳәм де мәмлекетлик стратегиялық бағдарламаларын 
қабыл етиў; 
6) Өзбекстан Республикасы нызам шығарыўшы, атқарыўшы ҳәм суд 
ҳәкимияты уйымларының системасын ҳәм ўәкилликлерин белгилеў; 
7) Өзбекстан 
Республикасы 
қурамына 
жаңа 
мәмлекетлик 
дүзилмелерди қабыл етиў ҳәм олардың Өзбекстан Республикасы қурамынан 
шығыўы ҳаққындағы шешимлерди тастыйықлаў; 


23 
8) бажыхана, валюта ҳәм кредит ислерин нызам жолы менен тәртипке 
салыў; 
9) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усынысына 
муўапық Өзбекстан Республикасының Мәмлекетлик бюджетин қабыл етиў, 
оған өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў; 
10) Өзбекстан Республикасының мәмлекетлик қарызының ең жоқары 
муғдарын белгилеў; 
11) салықлар ҳәм басқа мәжбүрий төлемлерди енгизиў; 
12) Өзбекстан Республикасының ҳәкимшилик-аймақлық дүзилиси 
мәселелерин нызам жолы менен тәртипке салыў, шегараларын өзгертиў; 
13) районлар, қалалар, ўәлаятларды дүзиў, сапластырыў, олардың 
атамасын ҳәм де шегараларын өзгертиў; 
14) мәмлекетлик сыйлықлар ҳәм атақларды шөлкемлестириў; 
15) Өзбекстан Республикасы Орайлық сайлаў комиссиясын дүзиў; 
16) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Инсан ҳуқықлары 
бойынша ўәкилин ҳәм оның орынбасарын сайлаў; 
17) Өзбекстан 
Республикасының 
Президентиниң 
Өзбекстан 
Республикасына ҳүжим етилгенде ямаса бир-бирин қәўиптен қорғаў 
бойынша дүзилген шәртнама миннетлерин орынлаў зәрүрлиги туўылғанда 
урыс жағдайын жәриялаў ҳаққындағы пәрманын тастыйықлаў; 
18) Өзбекстан Республикасы Президентиниң улыўма ямаса толық 
емес мобилизация жәриялаў, айрықша жағдай енгизиў, оның әмел етиўин 
узайтыў ямаса тоқтатыў ҳаққындағы пәрманларын тастыйықлаў; 
19) Өзбекстан Республикасында коррупцияға қарсы гүрес ҳаққындағы 
ҳәр жылғы миллий баянатын тыңлаў; 
20) парламент тексериўин өткериў; 
21) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да 
ўәкилликлерди әмелге асырыў. 
Палаталардың биргеликтеги ўәкилликлерине киретуғын мәселелер, 
қағыйда ретинде, дәслеп Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң 
Нызамшылық палатасында, кейин Сенатында көрип шығылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   15   16   17   18   19   20   21   22   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет