Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет20/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   44
Байланысты:
kr

94-статья.
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасының 
айрықша ўәкилликлери төмендегилерден ибарат:
1) Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетиниң орынланыўы 
үстинен қадағалаўды әмелге асырыў; 
2) Өзбекстан Республикасы Есап палатасының есабатын көрип 
шығыў; 
3) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық 
Өзбекстан Республикасы Бас министри кандидатурасын көрип шығыў ҳәм 
мақуллаў; 
4) Өзбекстан Республикасы Бас министриниң мәмлекетти социаллық-
экономикалық раўажландырыўдың әҳмийетли мәселелери бойынша, 


24 
сондай-ақ Министрлер Кабинети ағзаларының жумыслары бойынша 
есабатларын тыңлаў; 
5) Өзбекстан Республикасы Президентиниң усынысына муўапық 
Министрлер Кабинети ағзаларына кандидатураларды көрип шығыў ҳәм 
мақуллаў; 
6) Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң мәмлекеттиң 
социаллық-экономикалық турмысының ең әҳмийетли мәселелери бойынша 
ҳәр жылғы баянатын тыңлаў; 
7) мәмлекетлик уйымлардың лаўазымлы шыхсларына парламент 
сораўын жибериў ҳәм парламент қадағалаўының басқа формаларын әмелге 
асырыў; 
8) Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық 
палатасы Спикери ҳәм оның орынбасарларын, комитетлердиң баслықлары 
ҳәм олардың орынбасарларын сайлаў; 
9) Өзбекстан Республикасы Бас прокурорының усынысына муўапық 
Өзбекстан Республикасының Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
депутатын қол қатылмаслық ҳуқықынан айырыў ҳаққындағы мәселелерди 
шешиў; 
10) өз жумысын шөлкемлестириў ҳәм палатаның ишки тәртип 
қағыйдалары менен байланыслы мәселелер бойынша шешимлер қабыл 
етиў; 
11) сиясий, социаллық-экономикалық турмыс тараўындағы ол ямаса 
бул мәселелер бойынша, сондай-ақ мәмлекеттиң ишки ҳәм сыртқы сиясаты 
мәселелери бойынша қарарлар қабыл етиў; 
12) усы Конституция ҳәм нызамларда нәзерде тутылған басқа да 
ўәкилликлерди әмелге асырыў. 
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Нызамшылық палатасы 
өзин-өзи тарқатып жибериў ҳаққында депутатлар улыўма санының кеминде 
үштен еки бөлиминен ибарат көпшилик даўысы менен шешим қабыл етиўи 
мүмкин.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   16   17   18   19   20   21   22   23   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет