Збекстан республикасы


VII Бап. Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер



Pdf көрінісі
бет6/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44
Байланысты:
kr

VII Бап. Жеке ҳуқық ҳәм еркинликлер 
25-статья. 
Жасаў ҳуқықы ҳәр бир инсанның ажыралмас ҳуқықы болып табылады 
ҳәм ол нызам менен қорғалады. Инсанның өмирине қол қатыў
ең аўыр жынаят болып табылады. 
Өзбекстан Республикасында өлим жазасы қадаған етиледи. 
26-статья. 
Инсанның ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды. Ҳеш 
нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар болыўы мүмкин емес. 
Ҳеш ким қыйнаўларға салыныўы, күш жумсаўға, басқа аяўсыз, 
инсанға жат ямаса инсанның қәдир-қымбатын кемситиўши ҳәрекетке ямаса 
жазаға дуўшар етилиўи мүмкин емес. 
Ҳеш кимде оның разылығысыз медициналық ҳәм илимий 
тәжирийбелер өткерилиўи мүмкин емес. 
27-статья. 
Ҳәр ким еркинлик ҳәм жеке қол қатылмаслық ҳуқықына ийе. 
Ҳеш ким нызамға тийкарланбаған ҳалда иркиўге алыныўы, услап 
турылыўы, қамаққа алыныўы, қамақта сақланыўы ямаса оның еркинлиги 
басқаша түрде шеклениўи мүмкин емес. 
Иркиўге алыўға, қамаққа алыўға ҳәм қамақта сақлаўға тек ғана судтың 
шешимине муўапық жол қойылады. Шахс судтың шешимисиз қырық сегиз 
сааттан артық услап турылыўы мүмкин емес.



Шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳәм 
услап турылыўы тийкарлары түсиндирилиўи шәрт. 
28-статья. 
Жынаят ислегенликте айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда 
нәзерде тутылған тәртипте ашық суд додалаўы жолы менен 
дәлилленбегенше ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен 
анықланбағанша айыпсыз деп есапланады. Айыпланыўшыға өзин қорғаў 
ушын барлық шараятлар тәмийинленеди. 
Айыплылыққа байланыслы барлық гүманлар, егерде оларды 
сапластырыў мүмкиншиликлери тамамланған болса, гүманланыўшының, 
айыпланыўшының, судланыўшының ямаса судланған шахстың пайдасына 
шешилиўи керек. 
Гүманланыўшы, 
айыпланыўшы 
ямаса 
судланыўшы 
өзиниң 
айыпсызлығын дәлиллеўи шәрт емес ҳәм қәлеген ўақытта үнсизлик сақлаў 
ҳуқықынан пайдаланыўы мүмкин. 
Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўалық бериўге 
мәжбүр емес. 
Егер шахстың өзиниң айыбын мойынлағанлығы оған қарсы бирден-
бир дәлил болса, ол айыпкер деп табылыўы ямаса жазаға тартылыўы 
мүмкин емес. 
Еркинен айырылған барлық шахслар өзине қарата инсаныйлық 
қатнасықта болыныўы ҳәм де инсан шахсына тән болған ар-намысы
ҳәм қәдир-қымбаты ҳүрмет етилиўи ҳуқықына ийе. 
Шахстың судланғанлығы ҳәм буннан келип шығатуғын ҳуқықый 
ақыбетлер оның туўысқанлары ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болыўы 
мүмкин емес. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет