Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет7/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   44
Байланысты:
kr

29-статья
Ҳәр кимге қәнигели юридикалық жәрдем алыў ҳуқықы кепилленеди. 
Нызамда нәзерде тутылған жағдайларда юридикалық жәрдем мәмлекет 
есабынан көрсетиледи. 
Ҳәр бир шахс жынаят процесиниң ҳәр қандай басқышында, шахс 
усланғанында болса оның ҳәрекетлениў еркинлиги ҳуқықы әмелде 
шекленген ўақыттан баслап өзиниң таңлаўына муўапық адвокат 
жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе. 
Гүманланыўшы, айыпланыўшы ямаса судланыўшы айыплаўдың 
мәниси ҳәм тийкарлары ҳаққында хабардар етилиўи, оған қарсы ямаса оның 
пайдасына көрсетпе берип атырған шахслардың сораў қылыныўын талап 
етиў, дилмаш жәрдеминен пайдаланыў ҳуқықына ийе. 
Нызамды бузған ҳалда алынған дәлиллерден әдил судлаўды әмелге 
асырыў ўақтында пайдаланыўға жол қойылмайды. 
Жынаят ушын ҳүким етилген ҳәр ким нызамда белгиленген тәртипте 
ҳүкимниң жоқары турыўшы суд тәрепинен қайта көрип шығылыўы 



ҳуқықына, сондай-ақ әпиў етиў ямаса жазаны жеңиллестириў ҳаққында 
өтиниш етиў ҳуқықына ийе. 
Хуқықбузарлықлардан жәбирленгенлердиң ҳуқықлары нызам менен 
қорғалады. Мәмлекет жәбирленгенлерге қорғаныўды ҳәм әдил судлаўдан 
пайдаланыўды тәмийинлейди, оларға келтирилген зыянның орнын 
қапланыўы ушын шараятлар жаратады. 
30-статья. 
Ҳеш ким рәсмий жәрияланбаған нызам тийкарында ҳүким етилиўи, 
жазаға тартылыўы, мал-мүлкинен ямаса басқа бир ҳуқықынан айырылыўы 
мүмкин емес. 
Ҳеш ким бир жынаят ушын қайта ҳүким етилиўи мүмкин емес. 
31-статья. 
Ҳәр бир инсан жеке өмириниң қол-қатылмаслығы, жеке ҳәм 
шаңарақлық сырға ийе болыў, өзиниң ар-намысы ҳәм қәдир-қымбатын 
қорғаў ҳуқықына ийе. 
Ҳәр ким хат жазысыўлары, телефон арқалы ҳәм басқа сөйлесиўлери, 
почта, электрон ҳәм басқа хабарлары сыр сақланыўы ҳуқықына ийе. Усы 
ҳуқықтың шеклениўине тек ғана нызамға муўапық ҳәм судтың шешимине 
тийкар жол қойылады. 
Ҳәр ким өзиниң шахсына байланыслы мағлыўматларды қорғаў 
ҳуқықына, сондай-ақ надурыс мағлыўматлардың дүзетилиўин, өзи 
ҳаққында нызамға қайшы жол менен топланған ямаса ҳуқықый тийкарларға 
ийе болмаған мағлыўматлардың жоқ етилиўин талап етиў ҳуқықына ийе. 
Ҳәр ким турақ жайға болған қол-қатылмаслық ҳуқықына ийе. 
Ҳеш ким турақ жайға онда жасаўшы шахслардың қәлеўине қарсы 
кириўи мүмкин емес. Турақ жайға кириўге, сондай-ақ шығарып алыўға ҳәм 
көзден кешириўди өткериўге тек ғана нызамда нәзерде тутылған 
жағдайларда ҳәм тәртипте жол қойылады. Турақ жайда тинтиў өткериўге 
тек ғана нызамға ҳәм судтың шешимине муўапық жол қойылады. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет