Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет8/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   44
32-статья
Нызамлы тийкарларда Өзбекстан Республикасы аймағында болып 
турған ҳәр ким мәмлекет бойлап еркин ҳәрекетлениў, турар ҳәм жасаў 
орнын таңлаў ҳуқықына ийе, нызамда белгиленген шеклеўлер буннан 
тысқары. 
Ҳәр ким Өзбекстаннан еркин шығыў ҳуқықына ийе, нызамда 
белгиленген шеклеўлер буннан тысқары. Өзбекстан Республикасы 
пуқарасы Өзбекстанға тосқынлықсыз қайтыў ҳуқықына ийе. 
33-статья. 
Ҳәр ким пикирлеў, сөз ҳәм исеним еркинлиги ҳуқықына ийе. 
Ҳәр ким ҳәр қандай мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыў ҳуқықына 
ийе. 


10 
Мәмлекет Интернет жәҳән мәлимлеме тармағынан пайдаланыўды 
тәмийинлеў ушын шараятлар жаратады. 
Мәлимлемени излеў, алыў ҳәм тарқатыўға болған ҳуқықты шеклеўге 
тек ғана нызамға муўапық ҳәм де конституциялық дүзимди, халықтың ден 
саўлығын ҳәм социаллық әдеп-икрамлылықты, басқа шахслардың ҳуқық 
ҳәм еркинликлерин қорғаў, жәмийет қәўипсизлигин ҳәм де жәмийетлик 
тәртипти тәмийинлеў, сондай-ақ мәмлекет сырлары ямаса нызам менен 
қорғалатуғын басқа сыр ашылыўының алдын алыў мақсетинде зәрүр болған 
шеңберде жол қойылады. 
 
34-статья. 
Мәмлекетлик уйымлары ҳәм шөлкемлери, пуқаралардың өзин-өзи 
басқарыў уйымлары, олардың лаўазымлы шахслары ҳәр кимге өзиниң 
ҳуқықлары ҳәм де нызамлы мәплерине байланыслы болған ҳүжжетлер, 
шешимлер ҳәм басқа да материаллар менен танысыў мүмкиншилигин 
тәмийинлеўи шәрт. 
35-статья. 
Ҳүждан еркинлиги ҳәмме ушын кепилленеди. Ҳәр ким қәлеген динге 
исениўге ямаса ҳеш бир динге исенбеў ҳуқықына ийе. Диний
көз-қарасларды мәжбүрий сиңдириўге жол қойылмайды. 
VIII бап. Сиясий ҳуқықлар 
36-статья. 
Өзбекстан Республикасының пуқаралары жәмийет ҳәм мәмлекет 
ислерин басқарыўда тиккелей ҳәм өз ўәкиллери арқалы қатнасыў ҳуқықына 
ийе. Бундай қатнасыў өзин-өзи басқарыў, референдумлар өткериў ҳәм 
мәмлекетлик уйымларды демократиялық түрде шөлкемлестириў, сондай-ақ 
мәмлекетлик уйымлардың жумысы үстинен жәмийетлик қадағалаў 
жәрдеминде әмелге асырылады. 
Мәмлекетлик 
уйымлардың 
жумысы 
үстинен 
жәмийетлик 
қадағалаўды әмелге асырыў тәртиби нызам менен белгиленеди. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   4   5   6   7   8   9   10   11   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет