Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет4/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44
Байланысты:
kr

 



16-статья
Усы 
Конституцияның 
ҳеш 
бир 
қағыйдасы 
Өзбекстан 
Республикасының ҳуқық ҳәм мәплерине, усы Конституцияның биринши 
бөлиминде нәзерде тутылған тийкарғы принцип ҳәм нормаларына қайшы 
келетуғын тәризде түсиндирилиўи мүмкин емес. 
Өзбекстан Республикасының Конституциясы тийкарында ҳәм оны 
орынлаў бойынша Өзбекстан Республикасы нызамлары ҳәм басқа 
нормативлик-ҳукуқый актлери қабыл етиледи. Бирде бир нызам ямаса басқа 
да нормативлик-ҳуқықый акт Конституцияның принцип ҳәм нормаларына 
қайшы келиўи мүмкин емес. 
IV бап. Сыртқы сиясат 
17-статья. 
Өзбекстан Республикасы халықаралық қатнасықлардың толық 
ҳуқықлы субъекти болып табылады. 
Өзбекстанның сыртқы сиясаты мәмлекетлердиң суверенли теңлик, 
күш қолланбаў ямаса күш пенен қәўип туўғызбаў, шегаралардың 
бузылмаўы, мәмлекетлердиң аймақлық пүтинлиги, келиспеўшиликлерди 
тыныш жол менен шешиў, басқа мәмлекетлердиң ишки ислерине араласпаў 
принциплерине ҳәм де халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған басқа 
да принциплери ҳәм нормаларына тийкарланады. 
18-статья. 
Өзбекстан Республикасы мәмлекетлер ҳәм халықаралық шөлкемлер 
менен еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды ҳәр тәреплеме 
раўажландарыўға қаратылған тынышлық сүйиўши сыртқы сыясатты әмелге 
асырады. 
Өзбекстан 
Республикасы 
мәмлекеттиң, 
халықтың 
жоқары 
мәплеринен, оның пәраўанлығы ҳәм қәўипсизлигинен келип шыққан ҳалда 
аўқамлар дүзиўи, дослық аўқамларына ҳәм басқа мәмлекетлераралық 
дүзилмелерге кириўи ҳәм де олардан шығыўы мүмкин. 
ЕКИНШИ БӨЛИМ. ИНСАН ҲӘМ ПУҚАРАНЫҢ ТИЙКАРҒЫ 
ҲУҚЫҚЛАРЫ, ЕРКИНЛИКЛЕРИ ҲӘМ МИННЕТЛЕРИ 
 
V бап. Улыўма қағыйдалар 
19-статья. 
Өзбекстан Республикасында инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлери 
халқаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған нормаларына тийкарланып 
ҳәм де усы Конституцияга муўапық тән алынады ҳәм кепилленеди. Инсан 
ҳуқық ҳәм еркинликлери ҳәр кимге туўылғанынан баслап тийисли болады.



Өзбекстан Республикасында барлық пуқаралар бирдей ҳуқық ҳәм 
еркинликлерге ийе болып, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, 
социаллық шығысы, жәмийетлик аўҳалының айырмашылығына қарамастан 
нызам алдында тең. 
Жеңилликлер тек ғана нызамға муўапық белгиленеди ҳәм социаллық 
әдиллик принциплерине сәйкес келиўи шәрт. 


Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет