Жеңил санаат
Жобасы:
Кирисиў
1.Жеңил санаат тараўларының дуния жузи бойынша бөлистирилиўи.
2.Жеңил санаат тараўының тараўлық структурасы.
3.Тоқымашылық ҳәм тигиўшилик санаат карханаларының ислеў принцплери.
4.Жеңил санаат карханаларын аймақлық шөлкемлестириў формалары
Жуўмақлаў
Пайдаланған адебиятлар
Кирисиў
Жеңил санаат халықтың кунделикли тутыныў өнимлерин ислеп шығаратуғын ең ири тараў саналады. Сонлықтан ол барлық атап айтқанда раўажланып атырған еллер эканомикасының әҳмийетли тармағы саналады. Жеңил санааттың ең жетекши тараўлары болып тоқымашылық,аяқ-кийим ҳәм тигиўшилик есапланады. Тоқымашылық санааты бир тәрептен санааттың ең «ески»,ал екинши тәрептен болса,бәрҳа жаңаланып атырған ҳәм өсип баратырған тараўларынан есапланады. Ҳәзирги ўақытта жер жузи тоқымашылық санаатының бес ири пойасы бар. Олар Шығыс Азия, Кубла Азия, ҒМДА мәмлекетлери, Европа ҳәм АҚШ есапланады. Оларда тоқмашылық өнимлериниң тийкарғы бөлегин жип гезлеме ҳәм химиялық талшықлардан тоқылып атырған гезлемелер қурайды. Оның әҳмийети сонда,бундай гезлемелердиң улыўма көлеми барған сайын артып бармақта.
Улыўма,ҳәзирги ўақытта жәҳан жеңил санаатының көпшилику тараўлары раўажланып атырған еллерде тез пәт пенен өспекте. Усының нәтийжесинде Қытай, Ҳиндистан,Пакистан,Мыср усаған еллерде ислеп шығарылған гезлемелер,кийим-кеншек,трикотаж өнимлери Арқа Америка,Европа,Япония усаған раўажланған еллердиң ишки базарында өз орнын таппақта. Раўажланып атырған еллердеги бундай нәтийжелерди ең алды менен олардағы;1) мийнет кушиниң әдеўир арзанлығы;2) тоқмашылық санааты шики затларының салыстырмалы көплиги менен сыпатлаўымызға болады. Ҳәзирги ўақытта ислеп шығарылып атырған жип гезлемениң 30% Қытай,8-9%Ҳиндистан, АҚШ, Япония,Тайван,Инданезия,Италия,Мысрға,жун гезлемениң 15%ти Қытай 14% Италия улкен бөлегеи Япония, АҚШ Ҳиндистан ҳәм басқа еллерге туўра келеди.
Жеңил санаат
Жеңил санаат санааттың ири тармақларынан есапланып,ол халықтың тутыныў буйымларына яғный кийим- кеншек, аяқ кийим, ҳәм трикотаж өнимлерине болған жеке мутәжликлерин қандырады,соның менен бирге бул буйымларды ислеп шығарыў ушын санааттың басқа тармакларында ислетилетуғын материалларды яғный гезлемелер,жиплер,тәбийий ҳәм жасалма терилер жун ҳәм т.б тайарлап береди. Жеңил санааттың структурасына тоқымашылық, тигиўшилик, тери ҳәм жун аяк кийим тигиў ҳәм басқа тармақлар киреди. Бул тармақлар ишинде тоқмашылық санаатының салмағы ең жоқары болып,онда тийкарынан гезлемелер тайарланады, сондай-ақ трикотаж буйымлары ҳәм тигиў галантерия буйымлары ислеп шығарылады. Тоқымашылық санаат өнимлери адамларды кийим- кеншек пенен тәмийнлеўден тысқары,авияция,автомабил мебель ҳәм металлургия тармақларында да кең көлемде истетиледи тоқмашылық санаатында өсимлик (пахта,зығыр,кенеп ҳәм т.б.) Хайуанат (қой,ешки,туйе ҳәм басқа жунлер тери жипек ) өнимлери ҳәм де химиялық талшық (жасалма,синтетикалық) ларды шики зат ретинде ислетеди. Ислетилетуғын шики затлар ишинде тийкарғы орында пахта ийелейди. Пахта талшығының узынлығына қарай 3 турге ажыратылады. 1) тур узын талшықлы пахта узынлығы 30мм жоқары,2) орта талшықлы пахта 20-30мм,3) қысқа талшықлы пахта 20мм шекем болады.1тонна пахтадан 8мын' метр гезлеме тоқылады яғный 1м гезлеме ушын 125грамм пахта талшығы ислетиледи. Жун оз гезегинде жун жумсақ жун,ярым жумсақ жун, дағал жунлерлерге бөлинеди.1тонна жуўылған жуннен 2мың метр жун гезлемеси тоқылады.1метр гезлеме ушын 0,4-0,5кг жун ислетиледи.
Достарыңызбен бөлісу: |