Ибрайым юсупов


ПОЭЗИЯ ҲӘМ ККГИЗ ҲАҚҚЫНДА ЖОЛДАС



Pdf көрінісі
бет10/28
Дата08.03.2023
өлшемі0,8 Mb.
#72537
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   28
Байланысты:
Ibrayim Yusupov. Jeti asirim (1962)

ПОЭЗИЯ ҲӘМ ККГИЗ ҲАҚҚЫНДА ЖОЛДАС 
МАЯКОВСКИЙ МЕНЕН ГҮРРИҢ 
Аз емес. 
бизде де көп жетискенлик,
Айтарлық 
салтанатлы күн келгенде,
Бирақ, тек
гүпсиниўден
болмас теңлик,
Сөйлейин
кемшиликтен
сизге мен де.
Бүлинбей 
майда жанлы 
гейбиреўше,
"Домалақ арза" жазып, 
сырттан сайып,
Сөйлесип 
тири менен тирилерше,
Ашықтан ашық
бәрин 
сөз қылайық. 
Бизде бар 
маржан қосық,— 
өмир жыры,
Шаббазлы гүлабыдай 
тил үйирген.
Бизде бар 
арзан қосық, 
кеткен сыры,
Сыядан бурын кеўип,
аты сөнген.
Басқа истен 
поэзияның қай жери кем ,


42 
Пайдасы, ҳәжетлиги,
баҳасы ма?
Бирақ та гейбиреўлер 
оны әбден
Былғап жүр, 
шек келтирип сапасына.
Баяғы 
"гүл", "бүлбилди" уйқастырып, 
Шатпақлап, 
өзгертпей-ақ үш бастырып,
Ол да аздай 
онға бөлип ҳәр қатарын,
"Маяковскийдиң жолы" деп 
былғастырып,—
Алып жүр 
он төрт сомнан гонорарын.
Сиз түрткен 
жалғыз қатар қосыққа да
Алыўға турмас еди-аў 
соның бәрин!
Сөзлерди тарт қулақтан, 
тық апарып,
Орыны бар ма, жоқ па,— 
емес дәркар.
Қалаўын тапсаң 
қар да кетер жатып,
Редсовет ҳәм Союздың 
қарары бар...
Не деген үндеў белги,
көп сызықша,
"Жасасын" 
"алға", "ура", 
"экскаватор"! 
Сеспе-сес 
шалыс уйқас түскен пуқта,
Критик 


43 
кемшилигин 
айтып "батыл", 
Баҳалар: 
"идея зор, — деп, — бул қосықта".
Көп жыллар 
қәлем тартты 
"ҳарып-талмай",
Жазғаны шығып турды
бири қалмай.
Оннан соң қабақ түйип
салған жерден,
Қасына ескерткиштиң
бара салып, 
Астына 
төрт гербишти қоя салып, 
Бақырды 
"мен мында" лап тенор менен.
Турсам деп 
классикке жақынырақ,
"Жас шайыр" десе биреў,
келди ары. 
"Бет-аўзын 
ғаўлап сақал басты, бирақ,—
Тып-тыйпыл 
көсе болды қосықлары"
6
Китабы 
өтпей жатса магазинде,
Айыплап 
окыўшыны сөкти күнде, 
Көзине 
қопаллығын айтсаң, олар — 
Тырнақ асты кир излеп,
түсер изге. 
6
Бул еки қатар бир қазақ шайырынан пайдаланылды. И.Ю. 


44 
Жол таўып, 
қәлем ушы 
саўда қылар... 
Жүриңиз, 
кеттик енди ККГИЗ ге!
Қолымда 
сизиң анаў болған аңыз —
Жүректи 
жарып шыққан поэмаңыз,
Ентелеп, 
директорға бардым тикке.
Ол айтты: 
— Хош, басамыз, қысынбаңыз.
Бирақ, бир 
кирип шығың начальникке…
Баспа сөз басқармасы 
болмай табы,
Отырды 
буйрық жазып авторларға.
Буйрықтан 
Сыртта калды 
өз китабы, 
"Жүзикке 
қастай қонды" 
басқаларға.
Насыбайға тилин төсеп,
мекиренип, 
— 
Планнан шығып қалды 
буның, — дейди. — 
Пееспективный планға
өткизейик,
Бюджети ККГИЗ диң 
көтеймейди!.. 
(Бундайда 
өзгертесең тактиканы. 
Өйтпесең, 


45 
жазғанларың 
шықпас ҳәргиз!) 
— 
Пулсыз-ақ берер едим бул 
аўдарманы?.. 
— 
Болмайды! 
Баяй жейге байыңыз сиз! 
— 
Былай ғой, отағасы... 
— 
Былайды қой.
Айтқанға 
қулақ асыў қолайлы ғой.
Тактикам босқа қетти, 
сөйтип, мениң.
Обкомға кеттим, мине. 
Обком жолдас,
Айырып ақ-қарасын
мәселениң,
Темирдей принципке 
тутты ырас... 
Эҳ, егер 
сиз айтқандай
қасқыр болсам, 
Кемирер едим мен де... 
Сонда неге
Жүрмейди 
Халық жүрген туўра жолдан?
(Бундайлар 
бар ғой бираз мәкемеде).
Ал бирақ 
Халықта бар жақсы мақал:
"Айды ҳеш 
етек пенен жаўып болмас".
Бағыңда поэзияның 
ҳәзир бәҳәр,
Жүр кеттик сайранлаўға, 
шайыр жолдас!
Мен сизге 


46 
аралатайын жас үлкемди,
Мектебин, 
колхоз, завод, 
қаласын да.
Республикамның 
жаслары, жасы үлкени, 
Қуўанар 
Сизди көрип өз арасында. 
Апрель, 1955-жыл. 
 
АЗЕРБАЙЖАН 
(Сәмед Вургуннан) 
Өттим таў ҳәм отлақлардан,
Тырна көзли булақлардан.
Тыңлап көрип узақлардан
Аракстың аққан сестин,
Дос-яранды танып өстим. 
Елге аян: сен жанымсаң,
Ата журтым, мәканымсаң,
Анам, туўған ўатанымсаң,
Айырылар ма кеўил жаннан?
Азербайжан, Азербайжан! 
Мен бир перзент, сен бир ана,
Емдим сүтиң қана-қана.
Сен көлимсең, мен бир сона;
Күним, ақлы данамсаң сен,
Мениң пушты—панамсаң сен. 
Тек сеннен айра тускенде,
Мен боларман ғамға бенде.
Шашларыма ақ түскенде
"Умытты" деп еллер мени,
Қыйнамасын желлер мени. 


47 
Таўларыңның басы қардур,
Орайпегиң булытлардур.
Уллы бир өтмишиң бардур,
Биймәлимдур жасың сениң,
Не көрмеген басың сениң? 
Атың түсти көп тиллерге,
Не журтларға, не еллерге.
Нәсиллерден нәсиллерге
Өткен даңқ—абырайың бардур.
Улы-қызың бахтыярдур. 
Кеўлим ушар бул дүзлерге,
Ала көзли күндизлерге.
Қара қаллы ақ жүзлерге
Тәрип етип жазсам нама,
Жазған сайын жасараман. 
Бир тәрепиң Каспий—Хәзәр,
Жасыл бас соналар жүзер.
Қыялым шарқ урып гезер
Гә Муған, гә Елдар тусқа.
Мәнзил узақ, өмир қысқа. 
Сайлар жупар ийсин шашар,
Қыснақларың зейин ашар.
Марал маңырап, кийик қашар,
Қандай сулыў таўың сениң!
Жәп-жасыл жайлаўың сениң. 
Кел, жүрип өт сен булманнан,
Астарадан, Ленкораннан.
Африкадан, Ҳиндистаннан
Қонақ болып келер куслар —
Еркинликке шыкқан дослар... 


48 
Лимонлары алтын сары,
Ырғалысқан буўдайлары.
Таўларының аппақ қары
Жаралған қәҳәрли қыстан.
Қар ерисе гүллер бостан. 
Ленкоранның гүли қандай,
Сулыў әзер қызларындай.
Демлеп жибер, қәне, көк чай,
Анамның дилбар келини!
Шаршағаным шықсын мениң. 
Пахтам абзел ақ алтыннан,
Телеклерим дәнге толған.
Бир жүзим же ҳәр солқымнан,
Қуўат болсын қолларыңа,
Қайыл бол ҳәр не барыма. 
Жалын тарап, салып ноқта,
Жүйрик атқа мин Қазақта.
Ақ көбик болып узаққа
Алып ушар ол арғымақ.
Кәпез таўдан Күйкөлге бақ! 
Эй, азат күн, азат инсан,
Иш гүлбәҳәр булағынан.
Мейил етсең зауқы-сайран,
Таяр шынар көйлеңкеси.
Саў бол, әй, қуяш үлкеси! 
Кеўлим ушар Қарабағқа,
Гә ол жаққа, гә бул жаққа.
Қайда барсаң да қулаққа
Еситилер саз муқамы.
Сенсең шийрин сөз ўатаны. 


49 
Жигитиңде күши нардың,
Бесигисең арыўлардың.
Мәканы шын ашықлардың,
Нурлы күнниң қушағысаң,
Илим, өнер ошағысаң. 
Бунда Низамийден гәплер,
Физули дер шын жүреклер.
Колың қәлем, сийнең дәптер,
Өлмес дәстанларың бардур,
Айтылған сөз ядыгардур. 
Тил жетпес айтыўға бәрин,
Әлўан байлық жыр қыларым.
Бурқ-бурқ еткен бурғыларын
Нағра тартар боз шөллерде,
Нефть кәни бар бул жерде. 
Саябанлы қалың терек,
Вышкалары булытты тиреп,
Бизиң Баку—бизиң жүрек,
Қуяш қусап жайнар өзи,
Саҳралардың көрер көзи. 
Гөззал ўатан! Алдың дәрман
Қызыл туўлы алтын таңнан.
Сонда мен де туўылғанман,
Қушағыңда еркин өстим, өстим.
Қапысысаң сен Шығыстың! 
Халық ушын гүрес ышқында,
Мәрт жолбасшы жаслығында
Көп жүрди көшеңнен бунда;
Әрман етип бул күнлерди,
Жумсады жаслық жигерди. 


50 
Тыңла мени, ғөззал ўатан!
Айырылар ма кеўил жаннан?
Сен демимсең, ҳәм суў, ҳәм нан,
Мәңгиликке бол сен аман,
Азербайжан, Азербайжан!


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   6   7   8   9   10   11   12   13   ...   28




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет