56
Крещатик каштанлары.
Жапырағың жайнап сондай,
Урысқа нәлет айтқандай.
Украинаның жаслығындай
Крещатик каштанлары.
Мәканымсаң шын баўырман,
Саяңда сайранлап турман,
Жаным қурбан, жаным қурбан,
Крещатик каштанлары.
ЖАС КЛЕН АҒАШЫ ШАЙҚАЛДЫ БИРДЕН…
Жас клен
ағашы шайқалды бирден,
Мен Канев таўының турсам басында.
Тарас Шевченконың қәбири қасында,
Жас клен ағашы шайқалды бирден...
Шайқалды...
Бирақта, басқа бир сүўрет
Мениң көз алдымда жүзе баслады.
Мине, мәрт шхуна, желқомы гүўлеп,
Жағыстан қарасын үзе баслады.
Арал ортасында аяқ баспаған,
«Возрождение» атаўын ашты.
Және өрледи ҳәм
қамыс қаплаған
Жаңа жағалыққа олтаяў басты.
Мине, жантасты ол желқомсыз ығып,
Бийтаныс балықшы кемелерине.
Матрос — казақлардың муңлы қосығын
Балықшылар уйын тыңласар, әне.
57
Гүңиренген қосығы
сол казаклардың,
Усар балықшының қосықларына.
Үйлерин сағынған салдаўшылардың
Әмиў бойларында төккен зарына.
Тыңлар балықшылар... Бир жигит сонда,
Тамам болған гезде бийтаныс косык,
Аўыр ақ ескегин дуўтар қылды да,
Мачтаға сүйенип қосық айтты йошып...
Жас қарақалпақтың сол намасында
Саҳра сулыўлығы, саҳра ҳаўазы.
Оның қосығының қайтармасында
Бар еди Аралдың толқынлы сазы...
«Арал! Әрманларым асқынған ўақта
Ҳәм тюрьмам, ҳәм достым болған едиң сен!
Соңлары
әзийзим Украина жақта
Мақтамай, қарғамай сени яд етсем, —
Сол жигит елеслеп көзиме мениң,
Сол қосық жаңлайды мудам қулақта.
Ол — саҳра бүлбили
Бердақ екенин
Ол гезде билмеген едим бирақта» —
Дегендей жас клен шайқалды бирден,
Канев таўында турған гезимде.
Кобзардың қәбирине гүл койған гезимде
Жас клен ағашы шайқалды бирден...