Университети



Pdf көрінісі
бет3/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

Сораўлар ҳəм тапсырмалар

1. Азербайжан фольклоры, халық дəстанлары. 

2. Азербайжан жазба əдебиятының өзгешеликлери. 

3. Низамий Гəнжəўийдиң өмири, əдебий орталығы. 

4.“Пəнж  гəнж” (“Хамса”)  шығармасының  қурылысы  ҳəм 

мазмуны туўралы. 

5. Əдебияттағы суфизм философиясы. 

6. Фузулының дəўири, өмири, шығармаларының сыпаты. 

7. Шайыр Вақиф туўралы. 

8.Мырза Фаталий Ахундов, оған рус əдебиятының көрсеткен 

тəсири. 

9. Ағартыўшылық əдебияты, оның ўəкиллери. 

10. “Молла Насриддин” сатиралық журналы. 

11.ХХ 


əсир 

азербайжан 

əдебиятының 

тийкарғы 

өзгешеликлери. 

12.Азербайжан  əдебиятында  поэзия,  проза,  драматургия 

жанрларының раўажланыўы. 

 

Əдебиятлар: 

1. Ариф М.Азербайжанская литература. Москва, 1939. 

2. Маллаев Н. Ўзбек адабиети тарихи. Тошкент, 1966. 

3. Муқимов Р. Қардош халқлар адабиети. Тошкент, 1990. 

4.  Шайхзода  М.  Ўзбек  ва  азарбайжон  адабий  алоқалари. III 

том, Тошкент, 1939. 

5. Самед Вурғун. Танланган асарлари. Тошкент, 1975. 

6. Жалолов. Хамса талқинлари. Тошкент, 1971.  

7. Хусайн М. Апшерон. Роман. Тошкент, 1933. 

8. Ибраҳимов М. Шундай кун келади. Роман. Тошкент, 1935.  

9. Ходий М. Ҳает садолари. Жаҳон адабиети журнали, 1993, 

3-сон.  


 

 

 

 

 

 

 

 

 

3-Тема. Волга бойы түркий халықлары əдебияты. 

План: 

 


20 

 

1.Татар халық аўызеки дөретиўшилиги. 



2.Жазба əдебияттың қəлиплесиўи. 

3.Татар əдебиятында реалистлик тенденциялар. 

4.Ҳəзирги заман татар əдебияты. 

5.Башқурт халық фольклоры. 

6.Башқурт жазба əдебиятының қəлиплесиўи. 

7.ХХ əсир башқурт əдебияты. 

8.Чуваш халық əдебияты. 

 

Таяныш  сөзлер  ҳəм  ибаралар:  Шайыр  “али, “Юсуф  ҳəм 

Зулайҳа”,  араб  ҳəм  парсы  əдебияты  тəсири,  ХIХ  əсир  татар 

əдебияты,  роман,  драма,  новеллалардың пайда болыўы, Абдулла 

Тоқай,  Ҳадий  Тоқташ,  Муса  Жалил,  Сесенлер,  Мажит  “афурий, 

ХХ  əсир  башқурт  əдебияты, “Башмағым”  драмасы,  роман, 

повестьлер, Чуваш халық аўыз əдебияты, П.Хузангай, жанрлар. 

Татарлар  ерте  заманлардан  бай  мəдениятқа  ийе  болған 

халықлардың  бири.  Қазан  татарларының  жазба  əдебияты  IХ 

əсирлерде қəлиплескен. Бул жазба əдебияттың дəслепки үлгилери 

халықтың  аўызеки  дөретиўшилигиндеги  айырым  дəстанлардың 

жазып  аланыўы  менен  басланған.  Солардың  бири  “алий  исмли 

шайырдың “Юсип ҳəм Зүлайҳа” дəстаны есапланады. Бул диний 

философиялық 

қысса 


басқа 

да 


түркий 

халықлардың 

əдебиятындағы  қысса-дəстан  менен  жүдə  үнлес.  Кейинги 

ўақытларда  Маҳмуд  Булғарийдиң  “Наҳж-үл-фарадис”  ҳəм 

Муҳеммедярдың “Туҳвайи мəрдан”, “Нуўрий Садур” деп аталған 

китаплары  жазылды.  Бул  шығармалар  парсы  ҳəм  араб  əдебияты 

тəсиринде  жазылған  еди.  Күншығыс  əдебиятының  татар 

əдебиятына  жасаған  күшли  тəсири  ХIХ  əсирге  келгенше  даўам 

етти.  

Классикалық  татар  əдебиятында  көбинше  поэзия  биринши 



орында  турды.  Мəўлан  Камий,  Ийманий,  Қандалий,  Ақмолла 

сыяқлы шайырлардың қосықлары тийкарынан муҳаббат туўралы 

жазылған  еди.  ХVIII  əсирдеги  татар  əдебиятында  “Саяхатнама” 

лар жазыў раўажланды. Усындай шығармалардың бири Исмайыл 

ағаның  “Ҳиндистан  ҳəм  Арабстанға  саяхат”  деп  аталған 

шығармасы  болды.  Бул  шығармасында  шайыр  ҳинд  ҳəм  араб 

еллеринде  саяхатта  болған,  олардан  алған  тəсирлерин  қосық 

формасында жайдары, түсиникли қылып баянлаған. Татарлардың 

Европаға, əсиресе, Россияға жақын болыўы татар əдебиятында да 

өзиниң тəсирине ийе болды. ХIХ əсирдитң басланда-ақ көплеген 

рус  жазыўшыларының  шығармалары  татар  тилине  аўдарылған 

еди. 1994-жылы  Қазан  университетиниң  ашылыўы  татар 

халқының  мəдениятының  өркенлеўинде  жүдə  үлкен  əҳмийетке 

ийе болды. 



21 

 

ХIХ  əсирдиң  екинши  ярымында  татар  əдебиятында 



демократиялық бағдардағы əдебият пайда болды. Демократиялық 

əдебияттың  ири  ўəкили  Қаюм  Насырий  (əҳғө-1904)  прозада, 

драматургияда  шығармалар  жазды.  Бул  дəўирде  проза  ҳəм 

драматургияда Қ.Насырийдиң новеллалары, З.Бегиевтың “Гөззəл 

(матур) Хадийча” романы, Г.Ильясовтың “Бахытсыз” деп аталған 

пьесалары  пайда  болды,  еркинлик,  азатлық  туўралы  көплеп 

шығармалар жазыла баслады. 

Абдулла  Тоқай  татар  əдебиятының  ең  көрнекли  ўəкили 

есапланады. 

Оның 

демократиялық 



руўҳтағы, 

гүреске 


шақырыўшы  шығармаларында  татар  халқының  азатлығы  ҳəм 

еркинлиги  жырланады.  Шайыр  өзиниң  шығармаларында  халық 

азат  болыў  ушын,  басқа  бир  миллеттиң  үстемлигинен,  қол 

астында  болыўынан  қутылыў  ушын  дəслеп  халық  саўатлы 

болыўы  керек,  деген  пикирди  ашық,  туўрыдан-туўры  айтты. 

Абдулла  Тоқай (1997-1913) татар  реалистлик  əдебиятының 

негизин  салыўшы,  атақлы  шайыры  ҳəм  көрнекли  алым 

сыпатында  кеңнен  белгили  тулға.  Ол  Қазан  губерниясында 

туўылған,  ата-анасынан  жаслай  жетим  қалған,  Уральск 

қаласындағы  медреседе  оқыды,  рус  тилин  жақсы  үйренип  алып, 

Пушкин  ҳəм  Крыловтың  шығармаларын  оқып,  оларды  татар 

тилине  аўдарды.  Шайыр  “Азатлық  туўралы”, “Тегинхорларға”, 

“Мəмлекетлик  дума”  сыяқлы  дəслепки  қосықларында  жəмийет 

турмысындағы  түрли  жаман  ислерди  сынап  минеди.  Олардан 

“Тегинхорлар”  деп  аталған  қосығында  ол  жəмийеттеги  жумыс 

ислемей ишип-жейтуғын топардағы ҳарам тамақларды қаралады, 

оларға жеркениш пенен қарады. Оның бул шығармасы өзи оқып 

үйренген  Күншығыс  поэзиясының  ғəззел  жанры  усылында 

жазылған еди. 

Тегинхор ақ сүйек затлар, қарыны жуўан кəсапатлар, 

Тойдым демес, аш апатлар, əжеп ҳай-ҳай, əжеп ҳай-ҳай, 

Халық өлсе де пəрўасы жоқ, болса болды қурсағы тоқ, 

Аўызлары қурдым қудық, нəрсең болса “Дай сюда, дай” 

Абдулла  Толқайдың  “Шурали”, “Пишен  базары  ямаса  жаңа 

кесик  бас”  аталған  поэмаларында  да  еркинлик  азатлық  идеясы 

жырланған. Бул поэмаларда динди бетине перде етип алған, алға 

қарай раўажланыўға тосқынлық қылып атырған руўҳанийлардың 

үстинен  ашшы,  зəҳəрли  күлки  менен  күлиў  бар.  Шайыр  ҳаял-

қызлардың  азатлығы,  туўралы  “Татар  қызларына”, “Хорланған 

татар  қызлары”, “Халықтың  əрманы”  қосықларында  жазған  еди. 

Тоқай 1911-1912-жылларда  Россияның  көп  жерлеринде  саяхатта 

болды.  Сол  саяхатлардан  алған  тəсирлери  негизинде  “Пышыққа 

не  керек”, “Зулым”, “Гүз  шамаллары”  сыяқлы  күшли 

топалаңшылық  руўҳындағы  қосықларын  жазды.  Ол  жүдə  қысқа 



22 

 

өмир көрди, 23 жыл ғана жасады. Сол қысқа өмиринде жаңа татар 



əдебиятының  тийкарын  салыўшы  сыпатында  тарийхта  қалды. 

Оның шығармалары көп шет тиллерине аўдарылды. 

Татар  ҳəм  башқурт  əдебиятының  ири  ўəкили  Мажит 

“афурий  дөретиўшилигинде  гражданлық  лирика  жоқары 

дəрежеге  көтерилди.  Оның “1903-жылдың  жуўабы”, “Азатлық 

ушын  гүрес”  усаған  шығармалары  топалаңшы,  революциялық 

руўҳтағы шығарма сыпатында кеңнен белгили болды. 

Драматургия 

тараўында 



“алиасқар 

Камалдың 

шығармалары  халықтың  дыққатын  өзине  қаратты.  Оның 

“Биринши  демонстрация”, “Банкрот”, “Қаламыздың  сырлары” 

пьесалары  Николай  Ваисльевич  Гоголь  драматургиясының 

тəсиринде  жазылған  болып,  оларда  жəмийеттиң  түрли  иллет-

кеселликлери күлкиге алынып əшкара қылынды. 



Г.Қулмуҳаммедовтың 

“Еки 


пикир”, “Жас 

өмир” 


драмаларында топарлар, класслар ортасындағы иедологиялық ой-

пикир  гүрес  сүўретленген.  ХХ  əсирдиң  басындағы  түрли 

тарийхый  ўақиялар  татар  əдебиятында  өзиниң  сəўлелениўин 

тапты. 1920-жылы  Татарстан  автоном  руспублика  болып 

жəрияланды. Жигирмаланшы жылларда Қ.Нажмий, Муса Жалил, 

Ҳадий  Тоқташ,  Я.Карим  сыяқлы  талантлы  жазыўшылар  татар 

əдебиятының  тарийхына  үлкен  үлес  қосты.  Сол  дəўирде  болып 

өткен  тарийхый  ўақиялар  туўралы  А.Ибраҳимов  “Қызыл 

гүллер”, “Жаңа  адамлар”, “Саҳра  қызы”, “Терең  тамырлар”  деп 

аталған шығармаларын жазды. 



А.Ибраҳимов (1993-1939) жаңа  татар  əдебиятының 

өркенлеўине  үлкен  үлес  қосты.  Ол  Уфадағы  “Ғалия” 

медресесинде  оқыған,  күншығыс  ҳəм  күнбатыс  əдебиятының 

традицияларын  жақсы  өзлестирип  алған  жазыўшы.  Ол  жүдə  көп 

қырлы  дөретиўши  еди.  Əдебиятшы,  тарийхшы,  педагог 

сыпатында  да  үлкен  жумыслар  ислеген  алым  болды.  Оның 

биринши гүрриңи “Шакир Закийдиң медреседен қуўылыўы” деп 

аталып, 1903-жылда жəрияланды. Кейин ол “Уры молла”, ““арры 

батрак”, “Татар ҳаялының тағдири” усаған гүрриң ҳəм повестьлер 

жазды. 1912-жылы  А.Ибраҳимовтың  “Жас  жүреклер”  романы 

басылып шықты. ə9əң-жылда “Бизиң күнлер”, 1926-жылы “Терең 

тамырлар”  романлары  жарық  көрди. “Шолпан”  деп  аталған 

газетаға  редакторлық  қылды.  Бирақ  оның  көплеген  қолжазба 

шығармалары  жоғалған,  сақланбаған.  Оның  “Терең  тамырлар”, 

“Қазақ” қызы деп аталған шығармалары өзбек, қазақ ҳəм басқа да 

тиллерге аўдарылған еди.   

Татар 

əдебияты 



тарийхында 

Ҳадий 

Тоқташтың 

дөретиўшилиги де үлкен орынды ийелейди. Ол советлик дүзимди 

қыйыншылық  пенен  қабыллаған  жазыўшы  деп  есапланған. 


23 

 

Шынында да, Ҳ.Тоқташ большевиклерге қарсы қосықлар жазған 



ҳəм түркий миллетлердиң бирлесиўине арнап шығармалар жазды. 

Оның  “Əсирлер  ҳəм  минутлар”  деп  аталған  шығармасы  жүдə 

кеңнен  мəлим  болған. “Муҳаббат  ол  өзи  ески  нəрсе,  бирақ  ҳəр 

бир  жүрек  оны  қайтадан,  жаңадан  ашады”  деген  көпке  мəлим 

ҳикметли ибара Ҳ.Тоқташқа тийисли. Оның “Камил” деп аталған 

пьесасы əдеўир кең танылған. 

30-жылларда  татар  əдебиятында  бир  қанша  күшли 

шығармалар  пайда  болды.  Қ.Нажимийдиң  “Жарқын  соқпақ”, 

А.Қутийдиң “Жиберилмеген хатлар”, А.Аширдиң “Ақ Едил” ҳəм 

“Бизиң 


аўыл”, 

Ш.Камалдың 

“Гөззəлликтиң 

туўылыўы”, 

Ф.Каримниң “Жетинши пеш” деп аталған роман ҳəм повестьлери 

сол дəўирде жазылды. 

Екинши 

дүнья 


жүзилик 

урыс 


жылларында 

татар 


əдебиятында жаўынгерлик урыс темасы жетекши орында болды. 

Муса  Жалил,  Қ.Иляс,  А.Қутий  усаған  дөретиўшилер  урыста 

набыт болды. Айрықша Муса Жалилдиң “Моабит дəптери” атлы 

қосықлар цикли халықлар арасында жүдə кеңнен таралып мəлим 

болды. М.Жалил ə90ү-жылы Оренбург губерниясында туўылған. 

Дəслеп 


медреседе 

оқыды, 


соң 

Москва 


мəмлекетлик 

университетиниң филология факультетин оқып питкерди. Газета 

ҳəм  журналларда  иследи,  Жазыўшылар  аўқамында  хаткер 

(секретарь)  болып  иследи.  Фашистлерге  қарсы  Ўатандарлық 

урысқа  шақырылып  фронтта  болды,  саўашларда  жарадар  болып 

немислерге  тутқынға  түскен. 1944-жылда  немислер  оны 

концлагерде  азаплап  өлтирди.  Оның  дəслепки  қосықлары 1919-

жылдан  шыға  баслаған.  Ўатан,  миллет,  дослық  темалары 

шайырдың  дөретиўшилигинде  баслы  темалардан  болды.  Ол 

тутқында  жатып  немислерге  қарсы  уйым  дүзди.  Тутқынлықта 

жазған  қосықлары  тутқындағы  швед  офицери  тəрепинен 

жасырып  сақлап  қалынған,  олар  кейин  советлер  ҳүкиметине 

қайтып  берилип  китап  болып  басып  шығарылған.  Ондағы 

“Қылыш”, “Ерк”, “Кешир  журтым”, “Адам  өлтириўшиге”, 

“Инанба”  усаған  қосықлары  идеялық-көркемлик  жағынан  жүдə 

жетилискен 

шығармалар 

болды. 


Муса 

Жалилдиң 

бул 

шығармалары  көплеген  шет  тиллерине  аўдарылды,  шайыр 



туўралы,  көркем  шығармалар  жазылды,  көркем  фильм 

шығарылды,  ол  қаҳарманлық,  ерлик  үлгиси  болып  тарийхта 

қалды. 

Татар  əдебиятшылары  жазған  ең  жақсы  шығармалардан 



Г.Башировтың  “Намыс”,  И.”азийдың  “Умытылмас  жыллар”, 

“Жай  адамлар”,  Қаўий  Нажмийдиң  “Бəҳəр  шамаллары”, 

А.Абсаламовтың ““азинур”  романлары,  Ф.Ҳусайнның  “Аўыл 


24 

 

үстиндеги  жулдызлар”,  С.Ҳакимниң  “Саҳра  қосығы”  поэмалары 



көп тиллерге аўдарылды. 

Кейинги  жылларда  Қ.Нажмийдиң  “Жаз  желлери”,  Амирхан 

Еникеевтиң  “Биз  де  солдат  болғанбыз”, “Севаш”,  Гумер 

Башировтың  “Нафийса”,  Шамил  Бекчуринниң  “Ерки  полат 

адамлар”,  Шайх  Макнурдың  “Муса  Жалил”  сыяқлы  роман  ҳəм 

повестлери жазылды. 

Буннан  соңғы  дəўирлерде  татар  поэзиясында  Ҳасан  Топан, 

Сибғат  Ҳаким,  Сажида  Сулайманова,  Ренат  Харисов,  Равил 

Файдуллин, 

Раҳим 


Герей 

усаған 


талантлы 

шайырлар 

дөретиўшилик  пенен  бəнт  болды.  Поэзияда  еркин  қосық 

формасында көбирек шығармалар жазылды. 

Аяз  Гилязовтың  “Жоғалған  күн”,  Ҳай  Вахиттың  “Биринши 

муҳаббат”,  Ғ.Юзеевтың  “Қарлығашлар  ушып  келди”  усаған 

драмалары  кейинги  жыллардағы  татар  əдебиятында  күшли 

шығармалар сыпатында баҳаланды. 

Татар  əдебияты  үлкен  мəдений  мийрасқа  ийе.  Ол  өзбек, 

қазақ, қарақалпақ ҳəм басқа да түркий халықлар əдебияты менен 

бирдейине  байланыста  болып  келген.  Əсиресе,  ХIX  əсирдиң 

екинши  ярымында  ол  жерде  “Азия  типографиясы”  ашылғаннан 

кейин  бул  байланыслар  жəне  де  күшейди.  Өзбек  жазыўшы, 

шайырларынан Абдулла Қадирий, Чулпан, Ҳамза сыяқлы көркем 

сөз ийелери Қазанда оқыған. Қазақтың уллы ақынларынан Абай, 

Алтынсаринлар  да  татар  əдебияты  менен  тығыз  байланыста 

болған,  Абайдың  өлеңлери  биринши  ирет  Татарстанда  басып 

шығарылған.  Татарстанда  басылып  шыққан  илимий,  əдебий, 

диний 

китаплар 



ҳəзирги 

Қарақалпақстанға 

Октябрь 

революциясынан көп бурын жүдə көп таралған еди. 



Башқурт əдебияты татар əдебияты менен тығыз байланыста 

раўажланған  əдебият.  Башқурт  халқы  өзиниң  жазыўына  ХХ 

əсирде  ғана  ийе  болды.  Оның  əдебияты  тарийхый  фольклордан 

ибарат.  Жазба  əдебияттың  қəлиплесиўинде  Сесенлер  деп 

аталатуғын башқурт халық шайырының роли үлкен болған. Олар 

ҳəр  түрли  жанрларда  өз  шығармаларын  дөреткен,  ондай 

шығармалардың  арасында  тарийхый  қосықлар,  бəйитлер,  ертек 

ҳəм  рəўиятлар,  аңыз-дəстанлар  көп  болған.  Башқурт  əдебий 

тилиниң  қəлиплесиўи  өткен  əсирдиң 20-жылларына  туўры 

келеди.  Бирақ  халық  бақсылары  бурыннан  əдебиятты 

раўажландырып келген. 

ХIХ əсирде жасаған шайыр Ақмолла ҳəм татар, ҳəм башқурт 

тилинде  шығармалар  дөреткен.  Емельян  Пугачевтың  жақын 

жəрдемшиси  болған,  Россиядағы  патшаға  қарсы  дийқанлар 

көтерилисиниң актив қатнасыўшысы башқурт Салаўат Юлаев та 

талантлы шайыр болған екен. 



25 

 

ХХ  əсирге  дейин  татар  тили  башқуртлар  ушын  əдебий  тил 



болған.  Соның  ушын  татар  тилиндеги  көркем  əдебият 

башқуртлардың  да  əдебий  мийрасы  есапланады.  Башқурт 

əдебиятының  тийкарын,  негизин  салыўшы  Мажид  Ғафурий, 

биринши  Башқурт  жазыўшылары  Сайфий  Қудаш,  А.Тагиров, 

Д.Юлтийлар  да  өзлериниң  шығармаларын  дəслеп  татар  тилинде 

жазып  шығарған.  Башқурт  əдебиятының  раўажланыўына, 

өркенлеўине  үлес  үлкен  болған  Мажид  Ғафурий  “Гедейликте 

өткен өмир”, “Кəмбағаллар”, “Базарда” усаған шығармаларын рус 

жазыўшыларынан, əсиресе, Некрасовтан үйренип жазған. 

1919-жылы 

Башқуртстан 

автоном 


республика 

деп 


жəрияланды.  Башқурт  театры  шөлкемлестирилди.  Ҳ.Ибрагимов 

“Башмағым” (“Аяқ  кийимим”)  деп  аталған  биринши  башқурт 

драмасын  жазды. 20-30-жылларда  башқурт  əдебиятында  да 

поэзия  жетекши  жанр  болды.  Дəўир  ҳəм  оның  жаңалықлары 

туўралы онлап қосықлар топламы, бир неше поэмалар дөретилди. 

Солар  менен  бирге  А.Тагировтың  “Дəн  фабрикасы”, 

А.Карнайдың  “Саҳрадағы  шыралар”,  Насырийдиң  “Сибай” 

повестлери  жазылды.  Булар  биринши  башқурт  прозасының 

шығармалары болды. Кейинирек А.Тагиров “Солдатлар”, Юлтий 

“Қан”, Насырий “Ҳүжим” деп аталған романларын жазды. Солай 

етип,  башқурт  жазба  əдебияты  қəлиплести,  буған  ағартыўшы 

жазыўшы М.Ғафурийдиң қосқан үлеси жүдə үлкен. 



Мəжид  Ғафурий 1990-жылы  Башқуртстанда  оқытыўшы 

семьясында  туўылған.  Жаслығында  ата-анасынан  жетим  қалып, 

аўыр  турмысты  басынан  кеширген.  Ол  күн  шығыс  классикалық 

поэзиясын  ҳəм  башқурт  аўыз  əдебиятының  мийрасын  терең 

үйренди.  Олардан  дөретиўшилик  пенен  пайдаланып,  өзиниң 

дəслепки  “Жас  өмирим”, “Миллетке  муҳаббат”  усаған  қосық 

топламларын 

жəриялады. 

Бул 

топламлардағы 



айырым 

қосықларында  Патша  Россиясының  колонизаторлық  сиясатын 

критикалаған  еди.  Соның  ушын  шайыр  патша  ҳəкимлери 

тəрепинен  қуўдалаўға  алынды.  Кейинирек  ол  “Кəмбағаллықта 

өткен  өмир”, “Сибирь  темир  жолы”  сыяқлы  қосық  ҳəм 

поэмаларында  халықтың  азатлығын  жырлады. “Мен  ҳəм 

халқым”, “Жылаў”, “Тақдир” усаған қосықларында да халықтың 

еркин болыўға умтылған ой-пикири жырланды. Ол 20-жылларда 

“Жумысшы”  деп  аталған  поэма, “Турмыс  басқышлары”, 

“Хорланғанлар”  деп  аталған  повестлерин  жазды.  Шайыр  “Ол 

ким”  деп  аталған  қосығында  империалистлик  урысларды 

қаралады.  Бийгүна  адамлардың  өлип  кетип  атырғанының 

себепшиси  мəмлекеттиң  басшылары  деп  көрсетти.  Соның  ушын 

ол  солдатларға  қарата  бир-бириңизди  өлтирмеңлер  деген 



26 

 

шақырық 



таслады. 

Нəтийжеде, 

М.”афурий 

өзиниң 


дөретиўшилиги менен башқурт əдебиятына тийкар салды. 

Екинши дүнья жүзилик урыс жыллары башқурт əдебиятында 

публицистикалық  жаўынгер  поэзия  өркенледи.  С.Қудаштың 

“Мениң  аўылласым”,  Мустай  Каримниң  “Өлмесбай”  атлы 

поэмалары  да  урыс  жыллары  жазылды.  Бекбайдың  “Бир  əкениң 

балалары”,  Мубарековтың  “Ҳаялжан”,  К.Мергенниң  “Урыс” 

пьесалары  сол  дəўирдиң  шығармалары  болды.  Урыстан  кейинги 

дəўир  башқурт  əдебиятының  толық  қəлиплескен  дəўири  болды. 

Əдебияттың  түрли  жанрларында  күшли  шығармалар  пайда  бола 

баслады.  Сайфы  Қудаштың  “Бəҳəрди  қутлықлап”,  Гумердиң 

“Толқынлар  үстиндеги  қала”,  Ҳ.Давлетшинниң  “Ырғыз”  романы 

усындай  шығармалар  болды.  Бул  дəўирде  И.Абдушинниң  “Биз 

жəне  ушырасамыз”  драмасы, “Бажалар”  комедиясы,  Мустай 

Каримниң  “Жекке  қайың”, “Қыздың  урланыўы”, “Айтылмаған 

қосық” пьесалары дөретилди. 

80-90-жылларда  башқурт  əдебиятында  көплеп  прозалық 

шығармалар 

пайда 


болды. 

Исанғуловтың 

“Масақ”, 

Я.Ҳамматовтың “Алтын қыйқымлап жыйналады”, Бекчентаевтың 

“Саған  жəннет  ўəде  қыла  алмайман”  деп  аталған  романлары  да 

бүгинги  күнлердиң  зəрүр  мəселелерине  арналған.  Бул  жылларда 

башқурт  əдебиятында  бир  қатар  талантлы  жазыўшылар  жетисип 

шықты.  Солардың  арасында  Сайфы  Қудаштың  дөретиўшилиги 

айрықша орынға ийе. Ол дəслепки шығармаларын татар тилинде 

жазды.  А.Тоқайдың  дөретиўшилигине  ерип  шығармалар  жазды. 

Кейин  ол  өзиниң  ана  тилинде  көплеп  прозалық  ҳəм  поэзиялық 

шығармалар  шығарды.  Ол  “Бахыт  заңы”, “Ушырасыў”, 

“Муҳаббат  ҳəм  ашыў”  поэмалары  менен  ҳəзирги  заман 

поэзиясының  өркенлеўине  үлкен  үлес  қосты.  Оның  “Күтип 

алыўға шыққанда” деген повести тарийхый темаға жазылды. Бул 

шығармада А.Тоқай, Э.Маъруфий сыяқлы тарийхый шахслардың 

образлары  сүўретленген.  Оның  “Есте  қалған  минутлар”, 

“Жаслықтың  излерин  бойлап”  усаған  автобиографиялық 

шығармалары да бар.        

Башқурт  əдебиятының  ири  ўəкиллериниң  бири  Мустай 



Карим  есапланады,  ол 1919-жылы  туўылған  еди.  Оның 

дөртиўшилиги  урыстың  алдында  басланған  еди.  Шайыр  заман 

менен  бир  жан,  бир  тəн  болып  қосықлар  жазды.  Оның  “Бəҳəр 

сеслери”, “Мениң  тулпарым”, “Қайтыў”, “Европа-Азия”  сыяқлы 

дəслепки  қосық  топламлары  жүдə  кеңнен  танылды.  Кейнирек 

“Айдын  жол”, “Тас  үстиндеги  гүллер”  усаған  китаплары  ушын 

үлкен 

сыйлықларға 



миясар 

болды. 


М.Карим 

башқурт 


əдебиятында  драматургия  жанрына  да  үлкен  үлес  қосты.  Оның 

“Той  даўам  етеди”, “Жалғыз  қайың”, “Айтылмаған  қосық”, “Ай 



27 

 

тутылған  түнде”, “Айгүлдиң  ўатаны”  пьесалары  башқурт 



əдебиятының  жүдə  көркем  үлгилери  болды.  Соңғы  жылларда 

М.Карим  “Отты  таслама,  Прометей”  деп  аталған  драмалық 

поэмасын  жазып  үлкен  табысқа  еристи.  Онда  шайыр  əййемги 

грек  мифологияларындағы  Прометейдиң  ерлигин  бүгинги  дүнья 

мəселелери менен байланыстырып жүдə жақсы сюжет дөретти. 

Чуваш  əдебияты  да  жас  əдебиятлардың  бири.  Чуваш 

халқының  жазба  əдебияты  тийкарынан  ХХ  əсирде  пайда  болды. 

Чуваш  халқы  да  түркий  халықларына  киреди.  Бул  халық 

мусылман  динине  емес,  ал  христиан  динине  сыйынатуғынына 

байланыслы  оның  əдебиятында  Күншығыс  əдебиятының  тəсири 

көп сезилмейди. Чувашлардың үлкен фольклорлық əдебияты бар. 

Булар  қосық,  ертек  ҳəм  дəстан  жанрларына  қатнаслы 

материаллар.  Чуваш  тилинде  дəслеп  Яковлев,  Иванов,  Федоров, 

Акимов, Семенов усаған жазыўшылар шығармалар жазған. Кейин 

Н.Шубассини  “Яндрак  Яндраве”, “Перельмей”  поэмаларын 

чуваш  тилинде  жазды.  К.Иванов  жəмийеттеги  теңсизликти 

қаралап “Еки қыз”, “Тул ҳаял” қосықларын жазды. “Шайтанның 

қулы”  трагедиясын, “Нарспи”  поэмаларын  жазды.  Октябрь 

революциясынан  кейин  чуваш  халқына  автономия  берилди,  ғ0-

жыллары чуваш əдебиятында əсте-ақырын прозалық шығармалар 

пайда бола баслады. С.Фоминниң “Балалық” повести, “Еки күш”, 

“?ақытсыз  өлим”  гүрриңлери,  М.Дамидов-Чалдунниң  “Штурм” 

повестлери  биринши  чуваш  прозалық  шығармалары  еди.  Булар 

халық турмысын реал сəўлелендирген шығармалар еди. 

Биринши  чуваш  драмалары  да  усы  дəўирде  жазылды. 

П.Осипов өзиниң “Кужар”, “Нəлетленген əўлад”, “Айдар”, “Өмир 

симфрониясы”  шығармалары  менен  драматургия  жанрын  баслап 

берди. 

30-жыллар  чуваш  əдебиятының  өркенлеў  дəўири  болды. 



Көплеген  талантлы  дөретиўшилер  жетисип  шықты. ?атанға 

муҳаббат  темасы  бул  дəўирде  жетекши  идеяға  айланды. 

Я.Усҳайдың  “Той”,  Хузанғайдың  “Магнит  таўы”  поэмалары, 

Алгердиң “Урыс күнлери”, “Таң атарда” повести ҳəм романлары, 

Трубунаның  “Мучар”  повести,  Максимов-Кошкинскийдиң 

“Садур  ҳəм  Идем”  драмалары  усы  темаларға  арналған  ең  жақсы 

шығармалар болды. 

Чуваш  əдебиятының  тийкарын  салыўшылардың  бири 




Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет