Университети



Pdf көрінісі
бет10/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

 

 

Əдебиятлар: 

1.  Қарақалпақ  аўызеки халық дөретпелери. Нөкис, 1990. 

2.  Қарақалпақ əдебияты тарийхы. Нөкис, 1983. 

3.  История каракалпакской литературы. Ташкент, 1994. 

4.  Қарақалпақ  совет  əдебияты  тарийхының  очерклери. 

Ташкент-Самарқанд 1968. 

5.  Қарақалпақ совет əдебияты, Нөкис, 1979. 

6.  XX as’rdegi’ qaraqalpaq a’debiyati. No’kis, 2006.  

 

 

 



 

 

 



11-Тема:   Өзбек əдебияты. 

 

1. Өзбек халық аўызеки дөретиўшилиги. 



2. ХВ əсирге дейинги жазба естеликлер. 

3. ХВ əсирдеги өзбек əдебияты. 

4. Низамаддин Əлийшер Наўайы. 

5. ХII-ХIII əсирлердеги өзбек əдебияты. 

6. ХVIII-ХIХ əсирлердеги өзбек əдебияты. 

7. ХIХ əсирдиң екинши ярымы ХХ əсирдиң басындағы өзбек 

əдебияты. 

8. ХХ əсирдеги өзбек əдебияты. 

 

Таяныш  сөзлер:  “Алпамыс”, “Гөруғлы”, “Юсип-Аҳмед”, 



“Зийўархан”, “Күнтуғмыш”, “Малийке-Диларам”,Орхон-Енисей 

естеликлери, Маҳмуд Қашғарий, Наўайы заманласлары, Наўайы, 

Муҳаммед  Салих,  Машраб,  Бабур,  Сайқалий,  Надира,  Увайсий, 

Мунис, Агаҳий, Муқимий, Фурқат, Айний, поэзия, проза, Хамза, 



87 

 

Қадирий, “афур “улам, Айбек, Қаҳҳар, Хамид Алимжан, Зулфия, 



Арипов т.б. 

Өзбек  əдебияты  дүньядағы  ең  бай  əдебиятлардың  қатарына 

киреди. Түркий халықларының ишинде өзбек халқының тарийхы 

ҳəм  мəденияты  жүдə  əййемги  заманлардан  басланады.  Өзбек 

халқы  түркий  текли  қəўимлери  менен  Ийран  халықларының 

ўəкиллериниң  араласыўы  негизинде  пайда  болған  ҳəм 

қəлиплескен  ҳəм  Орайлық  Азияда  дүнья  цивлизациясына  үлкен 

үлес  қосқан  мəденияттың  тиккелей  мийрасхоры  есапланады. 

Соның  нəтийжесинде  өзбек  аўызеки  халық  творчесвтосында 

Ийран ҳəм түркий халықларына тийисли фольклорлық қатламлар 

басқа түркий халықларға қарағанда жүдə кең орын алған. 

Орта  Азия  бурыннан-ақ  дəстанлардың  бесиги  болған,  бул 

регионда,  соның  ишинде  ҳəзирги  Өзбекстан  жеринде  аўызеки 

дөретилген ҳəм халық дəстанына айланған көширип тарқатылған 

дəстанлар, қыссалар, жырлар усы күнге дейин дөретилип келген. 

Бул  дəстанларды  жыйнаў,  оларды  изертлеў,  басып  шығарыў 

жумыслары,  негизинен,  ғ0-əсирде  қолға  алынды.  Ҳəзирги 

ўақытта  өзбек  фольклоршылары  тəрепинен  жыраў-бақсыларда 

еки жүзден көбирк дəстан текстлери жазып алынған ҳəм көплеген 

дəстанлар  китап  етип  басып  шығарылды.  Басқа  түркий 

халықларындағыдай 

өзбек 


халқы 

арасында 

“Алпамыс”, 

“Гөруғлы”, “Юсип-Ахмет”, “Зийўархан”, “Күнтуғмыш”, 

“Шийрин-Шекер”, “Мəлийке-Диларам”  усаған  дəстанлар  кеңнен 

тараған. Сондай-ақ халық арасында кеңнен мəлим болған “Лəйли-

Мəжнүн”, “Гүл  Санаўбар”, “Бахрам-Гүландам”  усаған  дəстанлар 

араб  ҳəм  парсы  тиллериндеги  классикалық  əдебиятлар  арқалы 

кирип келип фольклорға айланған. 

“Алпамыс”- қаҳарманлық, батырлық дəстан, ол өзбек, қазақ, 

қарақалпақ  халықларында  өз  версияларына,  вариантларына  ийе. 

Бул  дəстан  жыраў  Эргаш  Жуманбүлбүл  улынан  азып  алынған, 

мазмуны, композициясы жағынан қарақалпақлардағы вариантына 

жүдə  жақын. “Гөруғлы”  циклиндеги  дəстанның  өзбек 

фольклорында  қырық  (ң0)  тан  аслам  түри  бар.  Бул  дəстан 

көбинше  өзбек,  қарақалпақ,  түркмен,  азербайжан  халықларында 

кең  таралған.  Усындай  дəстанлардың  бири  “Юсип-Ахмет” 

дəстаны,  ол  Хорезмде  пайда  болған.  Онда  өзбек  ҳəм  түркмен 

халықларының  зулымлыққа  қарсы  гүреси  сүўретленген. 

Жоқарыда 

аталған 

“Зийўархан”, “Рүстемхан 

батыр”, 

“Күнтуғмыш”, “Шийрин-Шекер”, “Арзыгүл”, “Мəлийке-

Диларам”  ҳəм  басқа  да  дəстанлар  күншығыс  əдебиятларының 

тəсиринде пайда болған дəстанлар. 

Өзбек  əдебиятының  сағалары,  басқа  түркий  халықларының 

əдебияты  сыяқлы,  əййемги  түркий  жазба  естеликлерине  барып 



88 

 

тақалады. Бизиң күнлеримизге шекем сақланып жетип келген ең 



қəдимги  жазба  естеликлер  шəртли  түрде  еки  топарға  бөлинеди: 

тарийхый-этникалық  мазмундағы,  руникалық  жазыўындағы 

жазылған жазба естеликлер ҳəм этика-дидактикалық мазмундағы, 

уйғыр жазыўындағы жазылған жазба естеликлер. 

Биринши топарға киретуғын руникалық ямаса орхон-енисей 

жазба  естеликлери  түркий  қəўимлер  жайлаған  ҳəртүрли 

территорияларда  дөрелген  болып,  олар  бир-биринен  онша 

айтарлықтай  болмаған  диалектлик  өзгешеликлерге  ийе  болған. 

Бул  факт  сол  дəўирлерде  бирден-бир,  жалпы  түркий  əдебий 

тилдиң  өмир  сүргени  туўралы  болжаў  айтыўға  тийкар  береди. 

Бул  естеликлерге  олардың  стилиниң  белгили  дəрежеде 

жайдарылығы,  түсиниклилиги  характерли,  соның  ушын  да  бир 

қатар 

изетлеўшилер 



олардың 

стилин 


халық 

поэзиясы 

дөретпелериниң  стили  менен  салыстырып  қарайды.  Бир  қатар 

алымлар,  мəселен,  П.М.Мелиоранский,  А.Н.Бернштамлар  сол  ең 

қəдимги  түркий  жазба  естеликлериниң  айырымларында  түркий 

халықлары  арасында  орын  алған  əпсана,  аңызлар  ҳəм  тарийхый 

əңгимелердиң стили сезилетуғынын айтады. 

Орхон-енисей  жазба  естеликлеринен  Күлтегин  естелиги, 

Билге  қаған  естелиги,  Тониқук  естелиги  ҳəм  басқа  да  бир  қатар 

жазбаларда  сондай  көркем  шығарма  белгилери  орын  алған, 

олардың  түркий  халықларының  аўызеки  ҳəм  жазба  дөретпелери 

менен  сағаласлығы  анықланған.  Əлбетте,  бул  өзбек  жазба 

əдебиятының пайда болыўындағы əййемги дəреклердиң бири. 

Жоқарыда 

айтылғанындай, 

əййемги 


түркий 

жазба 


естеликлердиң  екинши  топары  уйғыр  жазыўында  жазылған. 

Солардың  бири  “Болжаў  китабы”  деп  аталып,  онда  да  көркем 

əдебият элементлери кеңнен орын алған. 

Араб  жазыўында  сақланған  ески  жазба  естеликлерден  орта 

əсирлердеги  Маҳмуд  Қашғарийдиң  “Дийўан  луғат-ит-түрк” 

шығармасында келтирилген əййемги түркий поэзияның үлгилери 

басқа  түркий  халықлары  сыяқлы  өзбек  халқының  да  жазба 

əдебиятының  сағаларының  бири  есапланады.  Дидактикалық, 

яғный  үгит-нəсият  характериндеги  Юсип  Хас-Ҳажыбтың 

“Қутадғу билиг”, Аҳмед Югнакийдиң “Ҳиббатүл-ҳақайық”, Хожа 

Аҳмед  Яссаўийдиң  “Ҳикметлери”  өзбек  жазба  əдебиятының 

пайда  болыўында  ҳəм  қəлиплесиўинде  үлкен  орынға  ийе 

дəреклер. 

ХЫВ  əсирге  келип  шағатай  тилинде,  ҳəзирги  ўақытта  ески 

өзбек  тили  деп  атайды,  жазылған  көркем  əдебият  күшли 

раўажланады.  Бул  дəўирдеги  түркий  шайырлардың  көбиси  еки 

тилде - парсы ҳəм ески өзбек тиллеринде өз шығармаларын еркин 

жазған,  олар  кем-кемнен  тек  ғана  ески  өзбек  тилинде  жазыўға 



89 

 

өткен.  Яқиний,  Атаий,  Мирсаид,  Темур  Қабулий,  Гəдаий  усаған 



шайырлар өз шығармаларын ески өзбек тилинде жазды.  

ХЫВ  əсирдиң  екинши  ярымы  ҳəм  ХВ  əсирдиң  биринши 

ярымында  Наўайыға  дейинги  дəўирде  өзбек  жазба  əдебиятының 

негизин  салыўда  үлкен  орыны  бар  бир  қатар  атақлы  шайырлар 

болды.  Солардың  бири - Саккакий  əжайып  ғəзеллердиң  ҳəм 

мадҳия-мақтаў 

қосықларының 

авторы. 


Ол 

Темурийлер 

династиясынан  болған  көп  мəмлекетлик  басшыларды  мақтап 

ғəзеллер  жазды.  Усындай  шайырлардың  бири  шайыр  Гəдайий 

болды.  Бул  дəўирдеги  ески  өзбек  тилинде  өз  шығармаларын 

жазған  шайырлардың  ишинде  Лутфий  айрықша  орынға  ийе.  Ол 

шама  менен  əқүү-əқүў-жылларда  Ҳерат  қаласынан  қашық 

болмаған  Деҳи  Кəнап  аўылында  туўылып 99 жыл  өмир  көрген, 

жасаған.  Оның  дөретиўшилигинде  Темурий  династиясынан 

султан Искендерге арнап жазған “Гүл ҳəм Наўрыз” дəстаны өзбек 

жазба  əдебиятының  ири  шығармаларының  бири.  Лутфий 

дөретиўшилигиниң  тийкарын  оның  өмирди  ардақлаўшы 

қосықлары,  муҳаббат  поэзиясы,  дослыққа  садықлық,  кең 

пейиллик,  мəртлик,  ерлик  идеялары  қурайды.  Оның  “Гүл  ҳəм 

Наўрыз”  дəстанында  Наўрыз  деген  жигит  пенен  Гүл  исмли  қыз 

ортасындағы  бир-бири  ушын  қурбан  болыўға  тайын  отлы 

муҳаббат сүўретленген. 

Əлийшер Наўайы.Өзбек əдебиятының ҳəм өзбек əдебий тилиниң 

шын мəнисиндеги негизин салған Низамаддин Əлийшер Наўайы 

Ҳерат  қаласында  туўылған  ҳəм  Ҳерат  медреселеринде  билим 

алған.  Жаслайынан  поэзияға  қызыққан  Əлийшер 4 (төрт)  жасар 

гезинде-ақ  үйине  келген  мийманлардың  мəжлислеринде  белгили 

шайырлардың шығармаларын яддан оқып беретуғын болған. 15ө 

(он  бес)  жасында  өзиниң  парсы  ҳəм  түркий  тиллеринде  жазған 

ғəзеллери  менен  шайыр  сыпатында  танылған.  Усы  ўақытлардан 

баслап  Темурийлер  əўлады,  Ҳерат  қаласының  ҳəкими  Абуль-

Қасым  Бабурдың  сарайына  хызметке  киреди.  Ол  жерде 

Əлийшердиң  мектепте  бирге  оқыған  досты,  келешектеги  патша 

ҳəм шайыр султан Ҳүсейин Бақара да хызметте болған. 

1469-жылы Ҳүсейин Байқара патшалық тахтына отырғаннан 

кейин  Наўайы  оның  сарайына  мулазим,  яғный  патшаға  жақын 

сарай  хызметкери  болады.  Ойын-заўық,  байрам  кешелеринде  ол 

султан  Ҳүсейинди  мақтап  жазған  қосықларын  оқыйды  ҳəм 

мөҳирдар-патшаның  мөрин  сақлаўшы  атағын  алады. :ш  жылдан 

кейин  əңўғ-жылы  Наўайы  Əмийр  дəрежесин  алып,  ўəзир  болып 

тайынланады. 

Наўайы 

атақлы 


парсы-тəжик 

шайыры 


Абдурахман 

Джамийдиң  шəкирти  ҳəм  досты  болды.  Наўайы  өзиниң 

дөретиўшилик  өмиринде  жүдə  үлкен  мийрас  қалдырды.  Өзиниң 


90 

 

барлық  қосықларын  төрт  китапқа-дийўанға  жəмлестирип,  оны 



“Чардиван” деп атады. 

“Чардиванның”  бириншиси  “Ажайыбысығар”- 17 ҳəм 20 

жаслар аралығында жазған қосықларын киргизген. Екинши диван 

“Наўадирши-шабаб”- “Жаслықтың  таптырмас  сийрек  гезлери” 

деп аталып, онда шайырдың ғ0 ҳəм қө жаслар аралығында жазған 

қосықлары  жəмленген. :шинши  диван “”арайыбыл-кибар”- 

“Егеделиктиң  ерси  ҳаллары”  деп  аталып,  оған  қө  ҳəм  ңө  жслар 

арасында  жазылған  ғəзеллери  киргизилген.  Төртинши  диван - 

“”аррылықтың  пайдалы  кеңеслери”  деп  аталып,  онда  шайырдың 

ңө жастан ү0 жасқа дейинги жазған ғəзеллери жəмленген. Бул ең 

кейинги  төртинши  дийўанын  Наўайы  өзиниң  өлиминен  үш  жыл 

бурын дүзип, оған өзиниң ең жақсы шығармаларын киргизген. 

Шайырдың диванларына поэзия жанрларынан қасийдə (ода, 

мақтаў),  ғəзеллер-олар  алфавит  тəртибинде  жайластырылған, 

муҳаммес,  мусаддас,  рубайы,  қытъа  (бөлекшелер),  фəрд  (бир 

қатарлы  бəйитлерин  киргизген.  Бул  төрт  дийўанның  ҳəммесин 

бир  китапқа  жəмлеп,  оны  “Хазайиниүл-мааний”-“Ой-пикирлер 

хазийнеси”  деп  атаған,  ол  ң  (төрт)  мың  қатардан  ибарат  болған. 

Наўайы  лирикасының  негизин  адам  жөнинде  пикир  жүритиўлер 

қураған,  адамның  жақсы  ҳəм  жаман  тəбияты  жөнинде  пикир 

жүриткен. 

Наўайының  əдебий  мийрасының  ишинде  оның  “Хамса” 

шығармасы  айрықшы  орынға  ийе.  Ол  бул  шығармасын  ХII 

əсирдеги азербайжан шайыры Низамийдиң “Пəнжи гəнж” -  “Бес 

байлық” деп аталған шығармасына еликлеп, бирақ ол традицияны 

өзинше  байытып  жазған.  Наўайының  бул  “Хамса”-  “Беслик” 

шығармасы  бес  бөлимнен  турады. 1) “Ҳайратүл-əбрар”-  

“Жақсылардың  ҳайран  болыўы”, 2) “Лəйли  ҳəм  Мəжнүн”, 3) 

“Фарҳад  ҳəм  Шийрин”, 4) “Ҳəфти  пəйкəр”- “Жети  жулдыз”, 5) 

“Сəдди Искəндəр”-“Искендер дийўалы” деп аталған бөлимлерден 

ибарат. 

Өмириниң  соңғы  жылларында  Наўайы  мəмлекетлик 

ислерден  шетлеп,  əдебий  ҳəм  илимий  жумыслар  менен 

шуғылланады.  əңҳҳ-жылдан  өмириниң  ахырына  шекем  ол  тоғыз 

шығарма  китап  жазды.  Солардан  “Ийран  патшаларының 

тарийхы”,  ең  қунлы  шығармаларынан  “Мəжалис  əн-нəфайис”-  

“Нəзик тəбиятлы адамлардың мəжилислери”, “Мийзан əл-əўзан”-

“Өлшемлердиң  тəрезиси”, “Лисан  əт-тайр”-  “Қуслардың  тили”, 

“Муҳакамəт  əл-луғатайн”-  “Еки  тилдиң  бəсекилесиўи”  усаған 

ҳəм басқа да шығармаларын жазады. 

Наўайының  дөретиўшилиги  əллеқашан пүткил инсанияттың 

қымбат  баҳа  мүлкине  айланды.  Айрықша  ол  түркий  тиллердеги 



91 

 

əдебияттың  раўажланаўында  үлкен  роль  ойнады.  Ол  өзбек 



əдебиятын пүткил дүнья орбитасына алып шықты. 

ХII 


əсирден 

баслап 


өзбек 

əдебияты 

Наўайы 

традицияларының  изи  менен  раўажланыўын  даўам  етти.  Бул 



дəўирдиң  уллы  əдебий  тулғаларынан  Муҳаммад  Салиҳ    өзиниң 

“Шайбанийнама”, Заҳириддин Муҳаммад Бабур өзиниң поэзиясы 

ҳəм  автобиографиялық  “Бабурнама”  мийнети  менен,  Бабараҳим 

Мəшрəб  өзиниң  кескин  топалаңшы  ғəзеллери  менен  өзбек 

əдебиятының  буннан  былай  раўажланыўына  үлкен  үлеслерин 

қосты. Орта Азияда шығармалары халық дəстанларына айланған 

шайыр  Сайқалий  өзинен  кейин  үлкен  əдебий  мийрасларын 

қалдырды.  Оның  жазған  “Баҳрам  ҳəм  Гүландам”  дəстаны, 

“Қыссаи  Ибраҳим  ибн  Муҳаммад”, “Аҳтəм  саҳаба”, “Зəйнүл  -

араб”, “Ҳүрлиқа-Ҳəмра”  шын  мəнисинде  халық  дəстанлары 

болып  жазба  ҳəм  аўызша  түрлеринде  халық  арасында  кең 

тарқалған шығармалар. 

ХVIII-ХIХ  əсирлердеги  өзбек  əдебиятының  белгили 

ўəкиллеринен  Нишатий  Хорезмийдиң  “Ҳүснү  Дил”  дəстаны, 

Надира  Жаҳанатин  Уўайсий    Муҳаммед  Шарий  Гүлханий, 

Маҳмур сыяқлы шайыра ҳəм шайырлардың ғəзеллери, сатиралық 

шығармалары өзбек əдебиятындағы раўажланыў басқышларының 

бири  болды.  Усы  топарға  киретуғын  хорезмли  Мунис  Хорезмий 

Агаҳий өзбек əдебиятында шайыр ҳəм тарийхый шығармалардың 

авторлары сыпатында орынға ийе 

ХII-ХIII  əсирлерде  Орта  Азияда,  əсиресе  ҳəзирги  Өзбекстан 

территориясында үлкен тарийхый ўақиялар жүзеге келди. Бурын 

бир пүтин елдиң бөлшекленип ханлықларға бөлинип бир-бирине 

қарсы қырғын урыслар көбейген еди. Бөлиниўшилик ҳəрекетлери 

ақыбетинде  Бухара  ханлығы  ҳəм  Хийўа  ханлығы  ҳəрқайсысы  өз 

алдына  мəмлекет  болып  бөлинип  шықты,  ал  Қоқан  ханлығы 

бөлинип шықты. Солай етип, ел бир-бирине душпан үш ханлыққа 

бөлинди.  Соның  менен  бир  ўақытта  бул  ханлықларға  Ийран 

шаҳы Надиршаҳтың топылыслары болып турды. 

Бул  дəўирде  бурынғыдай  жазба  əдебий  дөретиўшиликтен 

көре  халықтың  аўызеки  дөретиўшилиги  көбирек  роль  ойнамаға 

қарады. 


Импровизатор 

бақсы-шайырлар 

халықтың 

ой-


пикирлерин,  өзара  қырғын  урыслардан  жəбир  шеккен  елдиң 

дəртин  баянлаған  дəстанларын  дөретти.  Сол  дəўирдеги  өзбек 

əдебиятында  дəстаншылық  пенен  бир  қатарда  рəсмий  əдебиятта 

айырым шайырлардың бурынғы традициялардан шетлеп конкрет 

турмыс  туўралы  жүргизген  реалистлик  шығармалар  жазыў 

ҳəрекетлери  көрине  баслады.  Бундай  тенденциялар  ХЫХ  əсирге 

келип өзбек əдебиятында кескин сезилди. 


92 

 

ХIХ əсирдиң орталарында Орта Азияны Россия жаўлап алып 



ҳəзирги  Өзбекстан  жерлери  Россияның  қоластына  кирди.  Бул 

ўақытлары  халықтың  турмысында  қосымша  қыйыншылықларды 

келтирип шығарыў менен бир қатарда прогрессив характерге ийе 

болды.  Халыққа  билим  бериўде  рус  ҳəм  Европа  халқының 

турмысына,  санасына,  əдебиятына  кем-кемнен  тəсирин  өткере 

баслады.  Усындай  тəсирлер  нəтийжесинде  ХIХ  əсирдиң  екинши 

ярымында  өзбек  əдебиятына  Муқимий,  Фурқат,  Заўқий,  Аўез 

Отар усаған шайырлар кирип келди. 

Муқимий  Муҳаммед  Əмин  Мырзахожа  улы  Қоқанда 

туўылған,  Ташкент  ҳəм  Бухара  медреселеринде  оқып  билим 

алған,  кейин  Қоқанд  медресесиниң  бир  өжиресинде  жасап 

китапларды  көширип  жазыў  менен  күн  кеширген.  Муқимий 

лирик  ҳəм  сатирик  шайыр  болған.  Оның  ҳақыйқый  новаторлық 

шығармалары 

сатиралық 

дөретпелери 

болды, 

бундай 


шығармаларында  шайыр  жəмийеттеги  нуқсан-кемшиликлерди 

ашық  сынға  алып  критикалады.  Ол  сатқын  чиновник-

ҳəмелдарларды,  орыслардың  колониаллық  басқарыўшылары 

менен  байланысларын,  өз  халқын  талаў  ушын  пайдаланған 

жергиликли  өзбек  байларын  қатты  əшкаралады.  Шайырдың 

“Танапшылар”, “Виктор  бай”  шығармалары  усындай  мазмунда 

жазылған. 

Фурқат  Закиржан  Халмуҳаммед  улы,  ол  да  Қоқанда 

туўылған,  мектепте,  медреседе  оқып  билим  алған,  медресени 

питкермей таслап кетип күн көриў ушын талап ислеп кетеди. Ол 

өзиниң  елиниң  Россияға  қосылыўын  унамлы  ўақия  деп  қарады 

ҳəм  рус  халқының  ўəкиллери  менен  таныс  болады.  əҳҳ9-əҳ9ə-

жыллары  Ташкентте  жасап  рус  əдебияты  менен  жақыннан   

танысады,  рус  тилин  үйрене  баслайды.  Рус  поэзиясынан 

тəсирленип 

өзиниң 


реалистлик 

шығармаларын 

жазды. 

“Гимназия”, “Театр  туўралы”, “Концерт  залында”, “Илим 



туўралы”, “Рояль”  ҳəм  басқа  да  шығармаларын  жазды.  Ол 

“Түркстан  ўəлаяты”  газетинде  хабаршы  болып  иследи  ҳəм  онда 

өзиниң  шығармаларын  жариялап  турды.  Ол  Шығыстың  ҳəм 

Батыстың  көп  еллеринде  болып  олар  туўралы  “Бомбейден  хат” 

сыяқлы  қосықларын  жазды.  Шайыр  өзиниң  шығармаларында 

поэзияны  реаль  шынлықты  сүўретлеўге  жақынластырып  өзбек 

əдебиятын əдеўир байытты. 

Усы  топарға  киретуғыр  қоқанлы  шайыр  Заўқий  ҳəм 

хорезмли  шайыр  Аўез  Отар  өз  дəўириниң  ҳəдийселерин  реал 

сүўретлеген  қəлемкешлердиң  қатарында  өзбек  əдебиятында 

өзлериниң орынлары бар шайырлар. 

Өзбек 


əдебиятының 

раўажланыўында 

Октябрь 

революциясынан  кейинги  дəўир  жүдə  үлкен  дəўир  болды.  Бул 



93 

 

дəўир  бурынғы  совет  мəмлекетиниң  қурамында  болған  басқа  да 



түркий  халықларының  əдебиятындағыдай, өзбек əдебиятында да 

жаңа дүзимниң талап етиўи менен бурынғы традиция рамкасынан 

шығып  жаңаша  бағдар  алды.  Совет  дүзимин  пропагандалаў  ҳəм 

бурынғы  ханлық  заманлардың  халық  басына  келтирген  жəбир-

зулымлықларын қаралаў бағдарындағы шығармалар жазыў талап 

етилди.  

ХХ  əсирдиң 20-жылларына  келип  өзбек  əдебияты  поэзиясы 

жанрында  Айбек, “афур  “улам,  Ҳамид  Алимжан,  Уйғын  усаған 

жас  шайырлар  əдебиятқа  кирип  келди.  Олар  традициялық 

поэзияның  қəлипке  айланған  нызамларын  сындырып,  жаңаша 

формаларда  ҳəм  мазмунда  өзлериниң  поэзиялық  шығармаларын 

дөретти.  ғ0-жылларда  өзбек  прозасы  көркем  пикирлеўдиң 

баслаўшы  формаларының  бирине  айланды.  Бул  гезлери 

Садриддин  Айний,  Абдулла  Қадирий  усаған  прозаиклердиң 

шығармалары пайда болды. Бул жыллардағы өзбек əдебиятының 

прозалық  шығармалары  келешекте  роман  ҳəм  повесть 

жанрларының  раўажланыўының  негизи  болып  хызмет  етти.  Бул 

жыллары 


өзбек 

əдебиятында 

драматургия 

тараўы 


да 

раўажланыўға  бет  алды.  Ҳамза  Ҳакимзада  Ниязий,  Маннан 

Уйғыр, Сабыр Абдулла ҳəм басқалардың драмалық шығармалары 

сахналарда көрсетилди. 

30-жыллардағы өзбек əдебиятында мийнет темасы тийкарғы 

орынды ийеледи. Абдулла Қаҳҳар, “афур “улам, Айбеклердиң изи 

менен  жас  прозаик  Ҳусейн  Шамс  өзиниң  мийнет  темасындағы 

“Ботабайдың  көзи  ашылды”  гүриңин, “Тракторшы  қыз” 

поэмасын жазды. 

Екинши  дүнья  жүзилик  урыс  жылларындағы  өзбек 

əдебиятында  поэзия  биринши  орында  болды.  Бул  жыллардың 

поэзиясы  публицистикалық  характерге  ийе  болып,  ўатанды 

қорғаўға  шақырық  тийкарғы  уран  болды.  Усы  жылларда 

жазылған  “афур  “уламның  “Сен  жетим  емессең”  қосығы  пүткил 

мəмлекекте  таралды.  Урыс  дəўири  прозасының  үлгилери 

сыпатында  жазыўшы  Ибрагим  Рахимның  “Шын  муҳаббат” 

романын,  Айдынның  “Отлы  жүреклер”,  Абдулла  Қаҳҳардың 

“Ҳаяллар”,  Саид  Аҳмадтың  “Мастан-баба”  гүрриңлерин  атап 

өтиўге болады. 

Урыстан  кейинги  дəўирдеги  өзбек  əдебияты  тематика 

жағынан  əдеўир  кеңейди,  жаңа  жанрлар  өзлестирилди.  Урыс 

жылларының ўақияларына арналған Айбектиң “Қуяш қараймас”, 

Шуҳраттың  “Шинелдеги  жыллар”,  Саид  Ахмадтың  “Горизонт” 

романлары,  сондай-ақ,  Ҳамид  “уламның,  Асқад  Мухтардың, 

Шараф  Рашидовтың,  Айбектиң  ҳəм  басқалардың  роман, 

повестлери  жазылды.  Бул  жыллардың  прозасында  тарийхый-



94 

 

революциялық  тема,  ҳаяллардың  ҳуқықы  темасы,  тың  жерлерди 



өзлестириў темасы ҳəм басқа да турмыс темаларына арналған ири 

шығармалар  дөретилди.  Буннан  кейинги  жыллардағы  өзбек 

əдебиятында  тарийхый-реовлюциялық  тема  əдеўир  орынды 

ийеледи.  Айбектиң  “Уллы  жол”  Мырза  Калан  Исмаилийдиң 

“Ферғана  таң  атқанша”  Жуманияз  Шариповтың  “Хорезм  ж.) 

усаған романлары жазылды. 

Ҳамза  Ҳакимзада  Ниязий  ХХ  əсирдеги  өзбек  əдебиятында 

өзиниң  реовлюциялық  мазмундағы  шығармалары  менен  из 

қалдырған  шайыр,  драматург  Ҳамза  Қоқанда  туўылған.  Ол 

билимди  көбинше  өз  бетинше  оқып  алған,  дəслеп  медресеге 

кирип оқыған, кейин оны таслап кеткен. Ол халықтың балаларын 

саўатландырыў  ушын  таза  усыл  менен  оқытылатуғын  өзиниң 

мектебин ашып оқытыўшылық қылған. Ол өзиниң оқыўлықларын 

жазған,  кем-кемнен  жəмийетлик  жумысларға  актив  араласа 

баслаған,  революциялық  ҳəрекетлерге  араласады,  өзиниң 

реовлюциялық  қосықларын  жазды.  Россиядағы  Февраль 

революциясына  байланыслы  “Азатлық  саўғасы”  деп  аталған 

қосықлар  топламын  шығарды.  Оның  “Оян”, “Жаса  Шура”, 

“Мийнеткеш”, “Оян  рабочий”, “Еркиңди  қолдан  берме” 

қосықлары  күшли  уран  болып  айтылды.  Хамза  Қоқанда  өзиниң 

театрын  шөлкемлестирип,  онда  өзи  жазған  пьесаларын  халыққа 

көрсетти. 

Хамзаның  творчествосының  тийкарғы  бөлегин  оның 

драмалық  шығармалары  қурайды.  Сол  заманның  жəмийетлик 

турмысындағы  əдалатсызлықты,  жаўызлықты  сүўретлеўши  “Бай 

ҳəм  хызметши”  пьесасы  пүткил  ел  бойлап  мəлим  болды.  Ол 

киноға  түсирилип,  көркем  фильм  совет  мəмлекетиниң  орайлық 

қалаларының  экранларынан  көрсетилди.  Бул  шығарманың  бас 

қаҳарманы - байдың  хызметшиси  “афурдың  келиншеги 

Жəмийланы бай сумлық-ҳийле менен тартып алған, Жəмийланың 

трагедиялы  набыт  болған  ўақиялары  көрсетилген.  Хамза  буннан 

басқа  “Пəренжиниң  сыры”, “Майсараның  қылығы”  драмаларын 

жазды. 

Абдулла  Қадирий  ХХ  əсирдеги  өзбек  əдебиятының 



қəлиплесиўинде  айрықша  орынға  ийе.  Ол  Ташкентте  бағманның 

семьясында дүньяға келген. Мектепте, жаңа усылдағы медреседе 

ҳəм рус-тузем мектебинде оқып билим алған. Орта Азияның ҳəм 

Ийранның классикалық əдебиятларын жақсы үйренген, халықтың 

аўызеки  дөретиўшилиги  менен  қызыққан.  ə9ə0-ə9əө-жылларда 

бир  байдың  мануфактура  дүканында  приказчик  болып  ислеген. 

Ол  жазыўшылықты  ерте  баслайды,  Түркстанда  шығып  турған 

газеталарда,  журналларда  өзиниң  мақалаларын,  қосықларын, 

гүрриңлерин шығарып турды. Кейинирек ол “Айна” журналында, 


95 

 

“Түркстан  ҳаўазы”, “Самарқанд”  газеталарында  хабаршы  болып 



хызмет  иследи.  Бунда  ол  “Суғанақ”  гүрриңин  “Бахытсыз 

күйеўдрамасын жариялады. 

Совет  ҳүкимети  орнағаннан  кейин  Абдулла  Қадирий  халық 

милициясы  органларында  иследи,  журналистлик  жумысларын 

даўам  етеди. “Азық-аўқат  ислери”-  “Продовольственные  дела”, 

“Қызыл  байрақ”  газеталарында  өзиниң  шығармаларын  жариялап 

турды. Рус тилин рус-тузем мектебинде оқып үйренгени оған көп 

пайда  берди,  мийнетин  жеңиллестирди.  Ол  сол  дəўирдиң  актуал 

мəселелерине 

арналған 

“Қымбатшылық 

шаяны”, “Базар 

сорамайды”, “Күлип  өлесең”, “Не  ушын”  сыяқлы  фельетон, 

очерк,  мақалаларын  жариялады.  Ол  “Ҳешким  билмесин”  деп 

аталған комедиясын жазып сахнаға қойды.  

Абдулла Қадирий ə9ғө-жылы Москваға оқыўға жибериледи, 

ол  В.Бирюсов  атындағы  əдебий-көркем  институтын  оқып 

питкереди.  Абдулла  Қадирий  өзбек  əдебияты  тарийхына  көркем 

прозаның тийкарын салған романист сыпатында кирди. Ол үлкен 

шығармалар  жазыўды  баслаған  еди. “Өткен  күнлер”  романының 

биринши  бөлими 1922-жылы  “Инқылаб”  журналында  басылып 

шықты, 1924-1925-жыллары  өз  алдына  бөлек    китап  болып 

шықты.  Бул  биринши  тарийхый  роман  Орта  Азияда  оның 

Россияға  қосылғаннан  соң  капиталистлик  қатнаслардың  пайда 

болыў  дəўирине  ҳəм  Қоқанд  ханлығының  ыдыраўы  дəўириниң 

ўақияларына  арналған.  Романда  ғайратлы,  жас  саўдагер 

Атабектиң  ханлықтағы  ески  тəртипти  өзгертип  миллеттиң 

аўҳалын  жақсылаўға  урыныўларының  босқа  кеткени  ҳəм  оның 

Гүмис  деген  қызға  үйленип  оның  ақыбети  трагедиялы  болған 

ўақиялары жүдə шеберлик пенен сүўретленеди. 

Абдулла  Қадирийдиң  екинши  романы  “Меҳрабтағы  шаян” 

1928-жылы жарыққа шығады. Мазмуны бойынша “Өткен күнлер” 

романына  бираз  уқсас, онда кəмбағал хожалықтан шықан Анвар 

деген  жигиттиң  Қоқанд  ханы  Худаяр  ханның  хаткери 

лаўазымына  ерисип  сарайдағы  хызметкерлердиң  күншиллик 

ҳəрекетлерине  жолыққаны  ҳəм  Рано  деген  қызға  болған 

муҳаббатының  қайғылы  ақыбетлери  сүўретлеп  көрсетилген. 

Жазыўшының 1944-жылы шыққан “Абид Кетмень” повести совет 

дəўириндеги колхоз турмысына арналған шығарма болды. 

Ғафур  Ғулам (1905-1966)  өзбек  əдебияты  тарийхына 

публицист,  гүресшең  шайыр  сыпатында  киреди.  Ол  кəмбағал 

семьяда туўылып ерте жетим қалады. Он жасында ҳ-Семенов рус 

-тузем оқыў орынына оқыўға кирип оқыйды, кейин типографияда 

ҳəрип  териўши,  оқытыўшылар  таярлайтуғын  курсты  питкерип 

баслаўыш  мектептиң  муғаллими  болып  ислейди.  Кейин  газета-

журналларда ислеп өзиниң қосықларын жариялайды. Ҳəм өзиниң 


96 

 

шайырлық өмир жолын табады. Оның творчествосының ҳəммеси 



совет  дəўириндеги  турмысты  сүўретлеўге  бағышланған. 

Шайырдың  “Өзбекстан”, “Түрксиб  жолларында”, “Туўылған 

жер”  усаған  қосықлары  усындай  шығармалардан  есапланады. 

Урыс дəўиринде жазған “Сен жетим емессең” (ə9ңғ), “Улым,сени 

күтемен” қосықлары халықлардың жүреклеринен кең орын алды. 

“Сен  жетим  емессең”  қосығы  усындай  атамадағы  көркем 

фильмниң жаратылыўына себеп болды. 

Айбек (1905-1968)  өзбек  əдебияты  тарийхындағы  ең  ири 

тулғалардың  бири.  Ол  да  Ташкентте  тоқыўшы  шаңарағында 

туўылып, дəслеп жергиликли диний мектепте, кейин 1918 жылы 

“Намуна”  деп  аталған  советлик  баслаўыш  мектепке  кирип  оқып 

билим  алған. 1921-жылы  Ташкент  педагогикалық  техникум-

интернатқа  кирип  оқыйды,  оннан  соңырақ  Орта  Азия 

мəмлекетлик  университетиниң  (САГУ)  жəмийетлик  илимлер 

факультетине  экономика  бөлимине  кирип  оқыйды.  Оннан  кейин 

1927-жылы Ленинград халық хожалық институтына кирип 1930-

жылы  питкереди, 1935-жылға  дейин  САГУдиң  экономика 

факультетинде  политэкономиядан  сабақ  береди.  Оннан  соң 

пүтинлей əдебий дөретиўшиликке өтеди. 

Айбек  өзиниң  əдебий  творчесвтосын  поэзиядан  баслаған. 

Қосықларында  тийкарынан  советлик  жаңа  дүзимниң  халықтың 

турмысына  енгизген  жаңалықларын  тəрийиплеў  басымырақ. 

Майда  лирикалық  қосықлары  менен  бир  қатарда  “Өш  алыў”, 

“Мениң  атам”, “Қызлар”  деп  аталған  поэмаларын  жазды.  Проза 

тараўында  Айбек  дəслеп  кишкене  гүрриңлерден  баслады,  ал 

ə9ң0-жылы оның ири прозалық шығармасы “Қутлық қан” романы 

жарыққа шықты. Онда революциядан алдыңғы дəўирде кəмбағал 

жалшы  болған  жигит  Юлчиның  реовлюцияға  келиў  жоллары, 

себеплери жүдə шеберлик пенен сүўретленген. 

“Қутлық  қан”  романынан  кейин  Айбек  урыс  жылларында 

өзиниң  творчествосындағы  ең  бийик  шоққы  болған  тарийхый 

“Наўайы”  романын  жазды,  ол  ə9ңң-жылы  китап  болып  басылып 

шықты.  Шығарма,  өзиниң  атынан  көринип  турғанындай,  ХI 

əсирдеги  уллы  өзбек  шайыры,  философ    алымы  Əлийшер 

Наўайының  өмирине,  оның  жасаған  заманының  ўақияларын 

көркем  сүўретлеўге  арналған.  Айбек  проза  тараўында  булардан 

басқа  урыстан  кейинги  дəўирде  ҳəзирги  заман  турмысынан 

“Алтын  алаптың  шамалы”, “Уллы  жол”  романларын, “Нур 

излеп”, “Балалық” 

повестлерин 

жазды. 


Өзиниң 

жеке 


шығармалары  менен  бир  қатарда  жазыўшы  А.С.Пушкинниң 

“Евгений 

Онегин”, 

М.Ю.Лермонтовтың 

“Маскарад” 

шығармаларын,  Гётениң  “Фауст”  шығармасынан,  Гомердиң 

“Илиада”сынан үзиндилерди өзбек тилине аўдарды. 


97 

 

ХХ  əсирдиң  өзбек  əдебиятының  көрнекли  ўəкиллериниң 



қатарында  Абдулла  Қаҳҳар (1907-1968), Ҳамид  Алимжан (1909-

1944),  Зулфия  ҳəм  басқа  да  бир  қатар  жазыўшы,  шайырларды 

атап  өтиўге  болады.  Абдулла  Қаҳҳар  тийкарынан  өзиниң 

сатиралық  фельетон,  гүрриңлери,  прозаның  ири  жанрындағы  

“Мираж” романы менен өзбек əдебияты тарийхынан орын алды. 

Хамид  Алимжан,  Зулфия  ҳəм  басқа  да  бир  қатар  шайырлардың 

нəзик  лирикалары  халықтың  жүрегинде  татлы  қосықлар  болып 

қалды. 


Өзбек  əдебияты  ХХ  əсирдиң  екинши  ярымында  ҳəм 

мустақыллық  жылларында  жаңа  шығармалар  менен  байыды. 

Еркин  Вахидов,  Абдулла  Арипов,  Халима  Худайбердиева, 

Муҳаммад  Юсип  сыяқлы  басқа  да  көп  шайырлар,  жазыўшылар 

өзбек  əдебиятының  буннан  былай  раўажланыўына  үлкен 

үлеслерин қосып киятыр. 

              

Сораўлар ҳəм тапсырмалар 

1. Өзбек фольклорының сыпаты ҳəм түрлери. 

2.  Өзбек  жазба  əдебиятының  сағалары  қандай  дəреклерден 

басланады? 

3.  Наўайыға  дейинги  қандай  өзбек  шайырларын  билесиз, 

олардың мийраслары? 

4. Наўайының мийрас нелерден ибарат? 

5. Наўайыдан кейинги əсирлердеги өзбек шайырлары. 

6. ХIХ əсирдеги өзбек шайырлары кимлер? 

7. ХХ əсирдеги өзбек əдебиятының ўəкиллери. 

8. Мустақыллық жылларындағы өзбек əдебияты. 

 

Əдебиятлар: 

 

1.  Ўзбек совет адабиети тарихи. Тошкент, 1967, 1971. 



2.  Маллаев  Н.  Ўзбек  адабиети  тарихи. (ХII  асргача). 

Тошкент, 1965. 

3.  Навоий  Алишер.  Мукаммал  асарлар  тўплами.  Тошкент, 

1989. 


4. Абдулла Қодирий. Ўтган кунлар. Тошкент,  

5. Ойбек. Навоий. Тошкент,  

6. Ҳамза Ҳ.Н. Тўла асарлар тўплами. Тошкент, 1980. 

7.  Кор-огли  Х.  Узбекская  литература.  Москва, 1976. 

 

 

 



 

 

 



98 

 

 



 

 

 



 

 

 




Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет