Университети



Pdf көрінісі
бет5/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

Азиз  Несин  тек  ғана  Күншығыс  əдебиятында  емес,  бəлки 

пүткил  дүнья  əдебиятындағы  сийрек  талант  ийелериниң  бири. 

Оның  шығармалары  жүдə  көп  шет  тиллерине  аўдрылған. 

Солардан  өзбек  тилине  “Муш  кетти”, “:шпелек  Əфəнди”, 

“Футбол  короли”, “Ерси  балалар”  сыяқлы  китаплары  ҳəм  бир 

неше  гүрриңлери  аўдарылған.  Жазыўшының  тийкарғы  аты 

Маҳмуд  Нусрат,  ал  Азиз  Несин  оның  əдебий  лақабы.  Ол  түрк 


38 

 

əдебиятына, айрықша оның сатирасының өркенлеўине үлкен үлес 



қосты. 

Азиз  Несин 1915-жылы  Истамбул  қаласына  жақын  аўылда 

туўылған.  Атасы  кəмбағал  дийқан  болғаны  ушын  баласына 

жақсы билим беретуғын мектеплерде оқыта алмаған. Ол əскерий 

мектепке  кирип,  офицер  болып  жетискен.  Бирақ  бул  тараў  оны 

қызықтырмайуғын  еди.  Ол  əдебиятқа  ықласлы  болды,  дəслеп 

қосықлар жаза баслады, кейинирек фельетон ҳəм түрли темаларда 

гүрриңлери  менен  газеталарға  шығып  турды.  Жазыўшы  “Таң”, 

“Ўатан”, “Ақшам”  атлы  газеталарда  иследи.  Атақлы  жазыўшы 

Сабаҳатдин  Алий  менен  “Марко  Паша”  ҳəптелик  журналын 

шығарды.  Бирақ  бул  басылымда  ҳəмедарлар  киритикаланғаны 

ушын ҳүкимет тəрепинен үлкен штраф салынып жабылып қалды. 

Азиз  Несин  əсиресе  əжўе-сатиралық  гүрриңлери  менен  үлкен 

даңққа  еристи.  Балалардың  көз-қарасларына,  түсинигине  тəн 

болған   ашық кеўил руўҳында жазылған “Футбол короли”, “Ерси 

балалар”  сыяқлы  шығармалары  пүткил  дүньяға  жайылды. 

Жазыўшының  “Демократия  суңқары”  деп  аталған  сатиралық 

гүрриңинде  тиккелей  Түркияның  мəмлекетлик  дүзимин,  оның 

цензурасын қатты критикалады. Шығармада бир жас журналист-

хабаршы  түрли  өтириклерди  жазады.  Ешек  қозы  туўды,  ҳаяллар 

қурбақа  туўды,  аспаннан  балық  жаўды  усаған  хабарлар  менен 

даңқы  шығады.  Бирақ  бир  күни  ол  халықтың  дəртин  яғный  рас 

гəпти жазғаны ушын полиция оны қамап таслайды. 

“Қорқынышлы  түс”  гүрриңинде  жазыўшы  түсинде  шет 

елдеги  бир  конференцияға  түсип  қалады.  Оннан  мəмлекет 

туўралы  сорайды.  Ол  ҳақыйқатты  айтқысы  келеди,  бирақ 

қорқады.  Кейин  ол  пүтинлей  өтирик  сөйлейди,  шынлықты 

айтпайды. Жалған, ядтан ойлап тапқан гəплер менен журтын тоқ, 

абатшылық,  еркин  қылып  көрсетеди.  Себеби  бул  жəмийетте 

шынлықты  айтсаңыз,  сизди  жынаятшы  деп  қамайды.  Ең  жақсы 

нəрсе,  өтирикши  болыў  керек,  өтирик  сөйлегенге  жаза  жоқ. 

Жақсылап  өтирик  сөйлесең  сыйлық  та  береди  деген  мəнини 

аңлатады  гүрриңниң  мазмуны. “Егер  мен  ҳаял  болғанымда”, 

“Кейин  ўақтыңыз  хош  болады”, “Мың  мəртебе  шүкир”  усаған 

сатиралары да үлкен шеберлик пенен жазылған. 

ХХ əсирдеги түрк əдебиятында Рашид Нурий Гүнтекинниң 

де хызметлери үлкен. Оның “Чали қусы” романы айрықша жүдə 

белгили,  даңқлы  болды.  Романда  түрк  халқының  турмысында 

жүдə  өтлескен  бир  дəўир  сүўретленген.  Түрк  прогрессив 

интеллигенциясының  түрли  наданлыққа,  артта  қалыўшылыққа 

қарсы гүреси шеберлик пенен көрсетилген. Романда муҳаббат та, 

ағартыўышлық  та,  ўатаншыллық-патриотлық  та  бир-бирине 

ушласқан ҳалда сүўретленген. 



39 

 

Ҳəзирги түрк əдебиятының даңқын дүньяға таратып атырған 



Мустапа  Сепитчи,  Эмийне  Ишансу,  Севинч  Чокум,  Куршат 

Қутлу, Ҳаким оғлы Исмайыл, Орхон Памук, Куршат Башарларды 

көрсетиўге  болады.  Барлығы  болып  қү  жыл  жасаған  Омар 

Сейфиддин  де  ХХ  əсирдеги  түрк  əдебиятының  мақтанышы 

болды.  Оның  əқү  гүрриңнен  ибарат  топламы  ҳəзирде  түрк 

оқыўшыларының  ең  сүйикли  китабы  болып  қалған.  Омар 

Сейфиддин əдебияттың жəмийетлик ўазыйпасы туўралы мынадай 

деген  еди: “Əдебиятқа  тек  ғана  искуство  деп  қараўларға  мен 

пүтинлей қарсыман. Жазыўшының миннети инсанның қəлбинде, 

жүрегинде жаўызлыққа қарсы жеркениш сезимин оятыў, инсанды 

ҳəр  түрли  пəскешликлерден,  иплас,  патас  ҳəрекетлерден  аман 

сақлаў болып есапланады”. 

Солай  етип,  ҳəзирги  түрк  поэзиясы,  жалпы  əдебияты 

жақсылық  ушын  хызмет  қылыўын  даўам  етпекте,  бул  əдебият 

түрли көркем жанрларда ҳəм түрли темаларда өсип    өркенлеўде. 

 

Сораўлар ҳəм тапсырмалар: 

1.Улыўма  түркий  жазба  естеликлер  ҳəм  османлы  түрк 

əдебияты. 

2.Османлы  түрклердиң  мəмлекет  болып  қəлиплесиўи  ҳəм 

олардың мəденияты. 

3.Түрклердиң  аўызеки  халық  дөретпелери,  олардың  басқа 

түркий халықлар фольклоры менен байланысы. 

4.Османлы 

түрк 


əдебиятында 

Жалалитдин 

Румий 

“Мəснəўий” лериниң орны. 



5.Османлы  түрклерде  Танзимат  дəўириниң  əдебияты,  оның 

өзгешелиги. 

6.Османлы 

түрк 


əдебиятында 

Европа 


əдебияты 

традицияларының тəсири. 

7.Кейинги  дəўирлердеги  түрк  əдебиятындағы  жөнелислер, 

бағдарлар. 

8.Сабахатдин Алий, Назым Ҳикмет, Азиз Несинлердиң түрк 

əдебиятын 

раўажландырыўдағы 

хызметлери, 

олардың 

шығармалары. 

9.Түрк  əдебияты  ўəкиллериниң  басқа  тиллерге  аўдарылған 

шығармалары. 



 

Əдебиятлар: 

1.Алкаева Р., Бабаев А. Турецкая литература. Москва, 1967.  

2.Туркия  дисиндаки  түрк  едебияты  антологиясы.  Анкара, 

1999. 


3.Измаил  Порлатар.  Янги  түрк  адабиети.  Жаҳон  адабиети 

журнали, 1999, 3 -сон. 



40 

 

4.Радий  Фиш.  Жалалиддин  Руми.  Тарихи-биографик  роман. 



Тошкент, 1996. 

5.Түрк дили Дил ва едебият дергиси. саyи (Нисан, 1996.) 

6. Меҳмед Эмин Юрдакул. Эй, түрк уйғон. Жаҳон адабиети. 

7. Назим Ҳикмет. Шеърлар ва поэма. Тошкент, 1992. 



 

5-Тема. Түркмен əдебияты. 

 

Планы: 



1. Түркмен халқының тарийхы туўралы. 

2. Түркмен халқының аўызеки дөретпеси. 

3. Түркмен жазба əдебиятының қəлиплесиўи. 

4. ХВЫЫЫ əсир түркмен əдебиятындағы бағдарлар. 

5. ХЫХ əсирдеги түркмен əдебияты. 

6. Жəмийетлик турмыс ҳəм əдебият. 

7. ХХ əсирдеги түркмен əдебиятының ўəкиллери. 

8. Түркмен драматургиясы. 

9. Түркмен əдебиятында прозаның қəлиплесиўи. 

10.ХХ 


əсирдеги 

түркмен 


əдебиятының 

тийкарғы 

өзгешеликлери.  

Таяныш  сөзлер,  ибаралар:  “Шəжəрə-и  тəрəкимə”, 

“Гөроғлы”,  анекдотлар,  Нəсиймий,  Бурханиддин  Севасий, 

дидактикалық  əдебият,  Андалиб,  Мақтымқулы,  сатиралық 

лирика,  ХХ  əсирдеги  Түркменистан,  Мискин  Қилич,  Байрам 

шайыр,  еркинлик  идеясы,  проза,  Берди  Кербабаев,  реалистлик 

метод,  драматургия,  Қилич  Қулиев, “Қара  кəрўан”,  Сапармурад 

Ниязов ҳəм түркмен əдебияты. 

Орта  Азияда  жасап  атырған  түркменлердиң  əдебияты  узақ 

тарийхқа  ҳəм  бай  мийрасқа  ийе.  Түркмен  халқының  тарийхы 

менен  байланыслы  болған  оның  мəдениятында  фольклордың 

роли жүдə үлкен. Түркмен фольклорында қосық, ертеклер менен 

бирге  “Юсип  ҳəм  Зүлəйҳа”, “Лəйли  ҳəм  Мəжнүн”, “Шаҳсəнем 

ҳəм  “əрип”, “Зуҳра  ҳəм  Таҳыр”, “Аслы  ҳəм  Кəрəм”  сыяқлы 

дəстанлар  Орта  Азияда  жасаўшы  басқа  да  түркий  халықлардың 

аўызеки  шығармаларында  да  ушырасады.  Əсиресе,  Гөруғлы 

циклиндеги  дəстанлардың  көпшилиги  өзбек,  азербайжан, 

қарақалпақ  халықларындағы  усындай  атамадағы  дəстанлардың 

вариантлары менен жүдə үнлес. 

“Шəмбил  мəмлекетиниң  ҳəкими  Жығалыбек  қартайған 

шағында  елди  басқарыўды  өзиниң  сүйикли  улы  Əлийбекке 

береди.  Əлийбектиң  еки  қабат  жүкли  ҳаялы  баласын  туўардан 

алдынырақ  қазаланады.  Тез  арада  Əлийбек  те  дүньядан  өтеди. 

Арадан  көп  өтпей  бир  шопан  Əлийбектиң  атасы  Жығалыбекке 

пададағы  ешкилердиң  биреўи  ҳəр  күни  қəбиристанға  барып,  ол 



41 

 

жердеги  бир  нəрсениң  баласын  емизип  қайтатуғынын  хабар 



қылады.  Тексерип  қараса,  Əлийбектиң  өлген  ҳаялының 

қəбиринде  бир  ул  баланы  ешки  емизип  қайтады  екен.  Гөрде 

туўылған бул балаға Гөруғлы деп ат қояды”. Жəне бир рəўəятта 

Гөруғлы  жас  ўақытында  бабасы  Жығалыбек  пенен  Ҳунқар 

патшасының 

хызметинде 

болады. 

Патша 


Жығалыбекти 

патшаның  минип  жүриўи  ушын  бир  жаман  атты  сайлап  бергени 

ушын  көзин  ойдырады.  Кейин  сол  жаман  атқа  өзин  мингизип 

патша  сарайынан  қуўып  жибереди.  Бул  ат  Гөруғлының  даңқлы 

тулпары  “ийрат  болады.  Соның  ушын  Жығалыбектиң  ақлығы 

Гөруғлы  яғный  көзи  гөр,  соқырдың  улы  деп  атаған.  Қысқасы 

Гөруғлы  аты  менен  байланыслы  көп  аңыз-əпсаналар  түркмен 

дəстаншылығында  орын  алған.  Гөруғлының  образы  ержүрек 

мəрт,  əдил,  дана  ел  басшысы  сыпатында  келтириледи,  бул 

дəстанның əдеўир бөлеги қара сөз, насыр менен дөретилген. 

Түркменниң  анекдот,  күлкили  əңгимелеринде  билгиш, 

ақыллы,  епшил,  ҳəр  қандай  қыйыншылықлардан  оңай  қутылып 

кететуғын  Кəмийнə  образы  орын  алған.  Бул  Насриддин  Əпəнди, 

Алдар  Көсе,  Муш  фиқий,  Өмирбек  лаққылардың  образларына 

уқсайды. 

Түркмен жазба əдебиятының басланыўы ХЫВ əсирге туўры 

келеди.  Хорезмде  туўылып  өскен,  бирақ  өмириниң  соңғы  көп 

жылларын  шет  еллерде  өткизген  Нəсимий,  Бурханиддин  Ахмед 

Сивасий  усаған  шайырлар  өзлериниң  шығармаларын  түркмен 

тилинде  жазған  еди.  Бабур  Ҳиндистанды  жаўлап  алыўда  көп 

түркмен  əскерлери  де  қатнасқан  еди.  Солардың  ишинде 

Байрамхан, Анийсий, Абдураҳим сыяқлы талантлы шайырлар да 

болған.  Булардың  жазған  қосықлары  тийкарынан  ышқы-

муҳаббат, əдеп, минез-қулық темаларындағы ғəззеллерден ибарат 

болған.  Олардың  дөретиўшилигинде  дəслепкилерден  болып 

диний  емес,  ал  усы  дүньядағы  ислерди  жырлаған  дүньялық 

(светский) əдебияттың үлгилери жаратылды. 

Классикалық түркмен əдебиятында дидактика, яғный пəнди-

нəсият, 

ақыл-үгит 

үлкен 

орынлы 


ийелейди. 

Азадий, 


Мақтымқулы, 

Молла 


Непес 

сыяқлы 


шайырлардың 

дөретиўшилигиниң  үлкен  бөлегин  укит-нəсият  темасындағы 

шығармалар  қурайды.  Түркмен  классикалық  əдебиятының 

раўажланған  дəўири  ХVIII-ХIХ  əсирлерге  туўры  келеди.  Бул 

дəўирде  шайыр  Шабандəлиниң  “Шаҳ  Баҳрам”, “Гүл-бүлбүл”, 

“Хожамберди”  сыяқлы  дəстанлары  ҳəм  көплеп  қосықлары, 

Маъруфийдың  “Сейфул-мүлүк”, “Мидҳал  шамал”, “Юсип-

Аҳмед”, “Дəўлетяр”  дəстанлары,  Шайдайының  “Санаўбар” 

дəстанлары халық арасында жүдə кең таралды.   


42 

 

Нурмуҳаммед  Андалибтың  дөретиўшилиги  түркмен 

əдебиятының раўажланыўында үлкен роль ойнайды. Ол көплеген 

қосықлар  ҳəм  “Лəйли-Мəжнүн”  дəстанын  жазды.  Бул  дəстан 

Наўайы шығармасының сюжетин сақласа да, онда ХVIII əсирдеги 

түркмен  халықларының  турмысындағы  ўақияларды  өзинде 

көркем  сəўлелендирген.  Ол  Наўайы  шығармасына  қарағанда 

бираз  ықшам,  жыйнақлы,  көплеген  эпизодлар  түсирип 

қалдырылған.  Бирақ  сонда  да  дəстанның  жалпы  сюжетине  зиян 

тийгизилмеген.  Лəйли  менен  Мəжнүн  ортасындағы  қосық  пенен 

айтылған  сөйлесиўлер,  диалоглар,  ғəзел  ҳəм  мəснəўийлер  бул 

дəстанда жүдə шеберлик пенен берилген. 

Андалибтың 

заманласы 

болған 

Азадий 

өзиниң 


қосықларында бир қатар жəмийетлик мəселелерди ортаға қояды. 

Бухара ҳəм Хийўа ханлықларының зулымынан шағынып, өзиниң 

қайғы-ғамларын айтып жазылған қосықлары, оның “?ағзы Азад” 

деп аталған шығармасында өз көринисин тапқан. 

Түркмен классикалық əдебиятының тийкарын салған шайыр 

Азадийдиң улы Мақтымқулы мəмлекетте Ийран шаҳлары ҳүким 

сүрип  турған  дəўирде  жасады.  Ол  Хийўада  Шерғазы  хан 

медресесинде  тəлим  алды.  Ийран  əскерлери  менен  болған 

урысларда тутқын болып түсип, бир неше ўақыт Иранда болған. 

Мақтымқулының 

дөретиўшилиги 

түркмен 


классикалық 

əдебиятының  бийик  шыңы  есапланады.  Турмыстың  ашшы-

душшусын  татқан  шайыр  көп  сапарларда  болды,  еллерди 

аралады.  Оның  көп  көргенлиги,  турмыс  тəжирийбеси,  өзбек  ҳəм 

парсы-тəжик  əдебиятын  жақсы  үйренгенлиги  себепли,  ол 

халықтың  кеўилине  жаққан  ғəзеллер,  рубайылар,  қытъаларды 

Фирағий 

əдебий 


лақабы 

менен 


жазған. 

Шайырдың 

дөретпелериниң жүдə кеңнен белгили болыў себеплериниң бири, 

онда  суфизм  поэзиясының  традицияларының  орын  алғанлығы 

болды. 

Себеби 


шайырдың 

қосықларында 

суфизм 

философиясының  идеялары  үкитленген,  нəсиятланған  еди.  Ол 



халықтың кеўилине жақын болған азатлық ҳəм еркинлик туўралы 

қосықлар  жазды. “Бахыт  қусы”, “Шақырық”  атлы  қосықлары 

түркмен  халқын  бирлесиўге,  оларды  ийран  басқыншыларына 

қарсы  гүреске  шақырды,  үндеди.  Шайырдың  көп  қосық 

қатарлары  даналық  маржанлары  дəрежесине  көтерилди.  Ол 

мийнеткеш  халықтың  наразылығын  аңлатқан  “Заманлар”, 

“Ахтарады” (Излейди  мəнисинде), “Көптиң  күни” (турмысы 

мəнисинде) 

атлы 

шығармаларын 



жазды. 

Мақтымқулы 

поэзиясының даңқы өзбек, қазақ, қарақалпақлар арасында да кең 

тарқалған. 



Мақтымқулы (1733-1772) өз  халқының  озық  ойлы 

данышпан  шайыры,  түркмен  классикалық  əдебиятының  бийик 



43 

 

шыңы  болып,  ол  батырлықты,  елдиң  бирлигин  шығармаларына 



арқаў  етти.  Ел  бийлеўдеги  əдалатсызлықты,  халықтың  аўыр 

турмысын ашып сүўретледи. “Дегейсең”, “Боларсаң”, “Айрылса” 

қосықлары  усындай  мазмундағы  шығармалары  еди.  Адамның 

жеке 


қəсийетлери, 

ийгилик, 

мийримлилик, 

əдиллик, 

парасатылылық  оның  “Сен”, “Гөзлер”  усаған  көп  қосықларында 

жырланады. Адамгершилик пенен ел бирлигин айрықша жырлаў 

арқалы  елдиң  дем  алысын-нəпесин  дүньяға  танытты.  Шайыр 

өзиниң  шығармаларында  сөзлерди  қолланыўдың  салыстырыў, 

тымсаллап  айтыў  қусаған  усылларын  қолланған.  Оның  көп 

шығармалары халық арасында  қосық болып айтылады. 

ХВЫЫЫ  əсирдиң  ахырында  ХЫХ  əсирдиң  басларында 

жасап  өз  шығармаларын  жазған  түркмен  шайырлары  Сейдий, 

Мискин  Қилич,  Залилий  усаған  шайырлар  Мақтымқулының 

традицияларын даўам еттирди. 

Түркмен  классик  шайырларының  жəне  бир  ири  ўəкили 

Молла  Непес (1810-1862) болды.  Ол  да  өз  шығармаларында 

тарқақ,  шашырап  жасап  атырған  түркмен  тайпаларын  биресиўге 

шақырды.  Ол  интимлик  яғный  адамлар,  қыз  бенен  жигит 

арасындағы  жақын  қатнасларды  сүўретлейтуғын  поэзиясында 

жəмийетлик мотивлерди сиңдирип əжайып ғəзеллер жазды. Оның 

тили əпиўайы, оқыўға жеңил болғанлығы ушын халық арасында 

тез  тарқалды. “Гелмишəм”, “Зуҳра-Таҳир”  атлы  дəстанлары 

халық   арасында кеңнен белгили болды. “Гелмишəм” дəстанында 

адамның  ең  қəдирли  туйғы-сезими  болған  муҳаббат  туйғысы 

барлық  нəрседен  жоқары  екенлиги  сүўретленген. “Зуҳра-Таҳир” 

дəстаны басқа халықлардағы усы атамадағы дəстанларға сюжети 

жағынан  уқсас  болыўы  менен  бирге  олардан  өзиниң 

оригиналлығы  менен  айырылып  турады.  Дəстанның  соңында 

Таҳир-Зуҳралар  Алланың  қудирети  менен  қайта  тирилип, 

душпанларға  қарсы  гүреседи  ҳəм  мақсетлерине  жетеди.  Бул 

эпизод арқалы шайыр пəк, таза, бул дүньядағы муҳаббат өлимди 

жеңгенин  көрсетпекши  болады.  Мақтымқулы  үлгисин,  дəстүрин 

жалғастырыўшы  ҳəм  шайыр,  ҳəм  сазенде-композитор  Молла 

Непес көп жағынан өзиншеллигине ийе. “Көзлериң”, “Сағыныў” 

т.б. 


қосықларында 

жəмийеттеги 

қарама-қарсылықлардың 

себеплерин  ашып  көрсетти. “Таҳир-Зуҳра”  дəстанында  Таҳир 

менен  Зуҳра  образын  сүўретлеў  арқалы  еркин  муҳаббатты, 

адамның  жан-дүньясының  пəклигин,  тазалығын,  жақсылықты 

жырлаў  менен  бас  бостанлығын,  жақсылықты  жырлаўдың 

образын жасады.   

Усы  дəўирде  жасаған  түркмен  шайырларының  бири 

Кəмийнə, əжайып лирикалық ҳəм сатиралық шығармалары менен 

түркмен  əдебиятында  елеўли  из  қалдырды.  Оның  қосықлары 



44 

 

халықтың арасына сондай сиңип кеткени, олар халықтың аўызеки 



дөретпесине  фольклорға  айланып  кетти.  Кəмийнəниң  аты 

Мəшрəб,  Насриддин  Əпəндилердиң  атларына  уқсап  ҳəр  түрли 

раўаятлардың,  легендалардың,  анекдотлардың  баслы  геройына 

айланған. Ол халық анекдотларында епшил, данышпан, қаҳарман 

батыр  сыпатында  тулғаланады.  Шайыр  өз  дəўириниң  түрли 

иллет-айыпларын,  парахор,  таўламашы,  адамлардың  мүтəжин 

питкермей  сүйреткиге  салыўшы  əмелдарларды,  жүзегөй  диншил 

руўҳанийларды  əшкаралайды.  Солай  етип,  түркмен  классикалық 

əдебияты өзиниң миллий өзгешелигине тəн тəризде раўажланды. 

Бул  əдебияттың  туўындыларында  жай,  қара  пуқара  түркмен 

халқының  аўыр,  жүдə  қыйын  турмысы  оқыўшының  көз  алдына 

келтириледи. 

ХЫХ  əсирдиң  ахырында  ХХ  əсирдиң  басларында  түркмен 

əдебиятының  раўажланыўында  демократиялық  жөнелистеги 

жазыўшылар  жетисти.  ХХ  əсирдиң  басларындағы  жəмийетлик-

тарийхый 

ўақиялар 

түркмен 


əдебиятшыларының 

да 


дөртиўшилигине  де  сезилерли  тəсир  жасаған  еди.  Бул  дəўир 

əдебиятының ири ўəкиллериниң қатарына Мискин Қилич, Байрам 

шайыр,  Көрмолла,  Молла  Мурт,  Дурды  Қиличларды  киргизиўге 

болады.  Бул  шайырлар  да  əсирлер  даўамында  езилип  киятырған 

түркмен  халқының  азатлығын  аңсады.  Соның  ушын  олар  түрли 

революцияларға,  аўдарыспақларға  үмит  көзлери  менен  қарады. 

Большевиклердиң  халыққа  берген  ўəделерине  инанды,  оларға 

арнап  қосықлар  жазды.  Бирақ  бул  дəўирдиң  поэзиясында  да 

түркмен  шайырлары  азатлық  ҳəм  еркин  турмысты  жырлады. 

Залым 


эксплуататорларды 

қаралап, 

оларға 

халықтың 



жеркенишин оятыўға умтылды. 

Дурды  Қылычтың  “Залымлар”, “Кəмбағаллар”,  Молла 

Мурттың  “Түркменистан  ушын  əзийзсең”, “Азатлық”  усаған 

шығармалары солардың қатарына киреди. 20-жыллардан түркмен 

əдебиятында  поэзия  жетекши  орынды  ийелеген  еди.  Себеби 

жəмийет  турмысындағы  болып  атырған  ўақияларды  шайырлар 

жан  сезимлери  менен  қабыл  етип,  оларға  тез  өзлериниң 

минəсибет-қатнасларын  билдиретуғын  еди.  Бундай  моментлерде 

дөретиўшилер,  шығармашылар  ушын  поэзия  жүдə  қолай  қурал 

болды. Түркмен əдебиятына жаңа буўын, жаңа əўлад шайырлары, 

жас  дөретиўшилер  кирип  келди.  Олар  түркмен  əдебиятының 

тарийхында 

биринши 

болып 


реалистлик 

искусствоны 

қəлиплестириўге қатнасты. 

Бул  дəўирде  дəслепки  түркмен  прозасына  тийкар  салынды. 

Берди Кербабаев ҳəм А. Дурдыевлар өзлериниң биринши гүрриң 

ҳəм  повестьлери  менен  проза  жанрына  үлкен  үлес  қосты. 

Аламишевтиң  “Сона”,  Б.Кербабаевтың  “Қызлар  дүньясы”, “:рп-


45 

 

əдет  қурбаны”  сыяқлы  дəстанлары  классикалық  əдебияттағы 



дəстанлардан 

реалистлик 

методта 

жазылғанлығы 

менен 

айырылатуғын еди. 



Усы  жылларда  жазыўшы  Ата  Кавшутовтың  “Закаспий 

фронты”  пьесасы  менен  түркмен  əдебиятында  драматургия 

жанрын  баслап  берди. 30-жыллар  əдебиятында  да  поэзия 

биринши  орында  турды.  Аман  Кекиловтың  аўыл  хожалығын 

коллективлестириўге  арналған  “Алға”,  Баки  Сейтаковтың 

Түркменистандағы  гражданлар  урысын  сүўретлеўши  “От 

ишинде”,  Р.Саидовтың  шет  ел  темасына  жазылған  “Революция 

жолында”  сыяқлы  дəстанлары  (поэмалары)  дықатқа  ылайық 

шығармалар болып қалды. 

Бул  дəўирде  жазылған  прозалық  шығармалар  да  түрли 

темаларға  қурылды.  Əсиресе,  сол  заман  темасында  жазылған, 

ескилик  пенен  жаңалық  оратсындағы  гүрести,  сүўретлеген 

шығармалар  көбирек  жəрия  қылынды.  Ағахан  Дүрдиевтың 

“Меред”, “Ер  усталары”, “Бахытлылар”  усаған  гүрриңлери 

Күнбатыс  əдебиятындағы  новелла  жанры  усылында  жазылған 

əжайып,  жүдə  жақсы  шығармалар  сыпатында  тарийхта  қалды. 

Бул  қысқа  ҳəм  мазмунлы  гүрриңлерде  түркмен  халқының 

турмысы  көркем  картиналарда  исенимли  етип  сүўретлеп 

берилген.  А.  Дурдиевтың  “Бəлли  молла”  гүрриңи  сатиралық 

шығарма  болып,  ол  өзбек  əдебиятындағы  Абдулла  Қадирийдиң 

“Пəмсиз мақсым” гүрриңин еске салады. 

Жазыўшы  Н.Сарыханов  өзиниң  дөретиўшилик  процессинде 

уллы  рус  жазыўшылары  А.Чехов,  М.Горький  шығармаларынан 

өнимли,  дөртиўшилик  пенен  пайдаланды.  Жазыўшының  “Арзу”, 

“Ақ  үй”, “Күйеў”, “Байдың  ғəзеби”  гүрриңлери  де  бəлент, 

жоқары  көркемлик  дəрежесинде  жазылған  шығармалар  болды. 

Бул гүрриңлер көлеми жағынан қысқа, ал көркемлиги тəрепинен 

писик  исленген,  оларда  қатнасқан  еки-үш  образ  кишкене  бир 

көркем  картина  арқалы  терең  мəнини  аңлатады.  Н.Сарыханов 

“Шүкир  бақсы”  повестинде  тарийхый  тема  сөз  етилип,  түркмен 

халқының 

басынан 


өткен 

аўыр 


тарийхый 

дəўирлер 

сəўлелендирилген. 

30-жылларда  түркмен  əдебиятында  реалистлик  прозаның 

қəлиплесиў  дəўири  болды.  Тарийхый  ҳəм  ҳəзирги  заман 

темасында  повесть  ҳəм  романлар  көплеп  пайда  болды.  Түркмен 

əдебиятының мақтанышы болған Берди Кербабаевтың “Айғытлы 

адым” (“Решающий шаг”) романы да сол дəўирде жазылды. Сол 

жылларда  түркмен  əдебиятында  драматургия  жанры  да 

қəлиплести. 

Бул 

дəўир 


драматургиясында 

агитациялық 

характерге  ийе  болған  темалар  көбирек  жазылды.  А.Қарлиевтың 

“Айна”,  А.Қавшутовтың  “Жума”,  Т.Эсеновтың  “Шамшат” 



46 

 

пьесаларында  жəмийетлик  турмыстағы  түрли  ўақиялардың 



көркем көринислери берилди. 

Урыс  жылларында  түркмен  əдебиятында  публицистикалық 

поэзия  жанрына  көбирек  шығармалар  жазылды.  Жазыўшылар 

фронтта ҳəм тылда болып атырған ўақияларға дыққатты қаратты. 

Б.Кербабаевтың  “Айлар”,  Я.Насырлының  “Лейтенанттың  улы”, 

Ш.  Кекиловтың  “Иван  аға”  усаған  шығармалары  да  тиккелей 

урыс темасына арналды. 

Урыстан  кейинги  дəўирде  түркмен  əдебиятында  проза 

жанры  жетекши  орынға  шықты.  Бул  дəўирде  Б.Кербабаевтың 

“Айғытлы адым”(“Решающий шаг”) романының екинши бөлими, 

“Небитдағ”,  А.Кавшутовтың  “Копетдағ  жанбаўырларында” 

романлары,  Б.Сейтаковтың  “Улдың  саўғасы”, “Заманласлар”, 

Ҳ.Исмаиловтың “Еки атаның улы” повестлери жазылды. 

ү0-ў0-жыллардағы  түркмен  əдебиятында  түрли  жанрларда 

көплеп  шығармалар  жазылды.  Бул  шығармалардың  көпшилиги 

коммунистлик  идеология  руўҳында  жазылған  еди.  Бир  қатар 

шығармаларда  түркмен  халқының  турмысы  объектив  туўры 

көрсетилди.  Б.Кербабаевтың  “Тамшыда  қуяштың  сəўлеси”, 

“Дəўир баласы”, Х.Деряевтың “Қысмет”, “Боран”, Б.Сейтаковтың 

“Шайыр”, “Бадиркент”, К.Кулиевтың “Қара кəрўан”, “Əмийрдиң 

елшиси” шығармалары өз дəўиринде үлкен даңққа ийе болды. 

Орта  Азияға  шет  еллердиң  интервенциясы  ҳəм  бул 

жерлердеги  гражданлар  урысы  туўралы  көплеп  шығармалар 

жазылғаны  мəлим.  Жазыўшы  Қылыч  Қулиевтың  “Қара  кəрўан” 

романы  бул  теманы  сəўлелендириўде  үлкен  үлес  болды.  Бул 

шығарма өзине тəн усылда жазылған шығарма болды. Онда ўақия 

биринши  шахс-англичан  разведчиги  Чарлз  Форстердиң  тилинен 

баян етилген. Бул адам инглис армиясының полковниги, ол Орта 

Азияда Англияның тəсирин тиклеў ушын жиберилген. Ол Бухара 

əмийрлиги  ҳəм  ақ  гвардияшылар  менен  аўқам  дүзиў  ушын  көп 

ҳəрекетлер ислейди. ?ақиялар раўажланып барған сайын Форстер 

ҳəм  оның  шериклериниң  ҳақийқый  келбети  ашылып  барады. 

Бирақ инглис миссиясының Орта Азия бойынша дүзген планлары 

үзилиске  түседи.  Шығармада  сол  ўақиялар  тарийхый  фактлер 

менен қызығарлы етип баянланады. Роман кең планда жазылған. 

Онда  түрли  темалар  шеберлик  пенен  көрсетилген  ҳəм  улыўма 

сюжеттиң  бағдарына  бирлестирилген.  Муҳаббат  темасы  да, 

хаылқтың 

үрп-əдетлери 

де 


романда 

шеберлик 

пенен 

сүўретленген. 



Кейинги  жыллардағы  түркмен  əдебиятында  Түркменистан 

президенти  Сапармурат  Ниязовты  көкке  көтерип  мақтаған 

шығармалар  көбейип  бармақта.  Оған  арналған  поэзиялық 

топламлар,  поэмалар,  ҳəттеки  романлар  жазылмақта.  Президент 



47 

 

Сапармурат 



түркменбашы 

деп 


аталатуғын 

болған. 


И.Бурхановтың “Таъзийм” деген шығармасы сол түркменбашыға 

арналған  қосықлардан  ибарат  шығармалардың  бири.  Соның 

менен бир қатарда Совет дəўиринде қараланған ҳəм репрессияға 

ушыраған  жазыўшылардың  шығармалары  да  қайтадан  басылып 

шығып атыр. 

Түркменистанның  қарассыз,  еркин  болыўы  менен  бирге 

оның  əдебияты  да  раўажланып  бармақта.  Жақында  баспадан 

шыққан  Н.Нурмамедовтың  “Дүньяны  суў  басқан  күн”  ҳəм 

Д.Ҳажымурадовтың  “Молла  Төре  ахун”  деп  аталған  тарийхый 

темадағы  романлары  критиклер  тəрепинен  жақсы  шығармалар 

сыпатында баҳаланды. 

ХХ  əсирде  түркмен  əдебияты  рəңбе-рəң  темаларда  көркем 

шығармаларды  оқыўшыларға  усынған  бай  əдебият  болып 

жетисти.  Онда  проза,  драматугия  жанрлары  толық  қəлиплести. 

Түркмен  əдебиятының  көп  үлгилери  көплеген  тиллерге 

аўдарылды. 




Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет