Университети



Pdf көрінісі
бет7/10
Дата27.03.2017
өлшемі0,6 Mb.
#10446
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10

Молда 

Қилич 

“Жер 


силкиниў”, 

“Қырғызлардың қысқаша тарийхы” деп аталған шығармаларында 

қырғыз  халқының  тарийхына  қатнаслы  көп  ўақияларды 

сүўретлеген.  Бирақ  бул  шығармалар  совет  дəўиринде  зиянлы 

шығарма деп жарияланып оларды оқыў қадаған етилди. ХХ əсир 

қырғыз  жазба  əдебиятының  қəлиплесиў  дəўири  болды.  Бул 

əсирдиң  ғ0-қ0-жылларынан  баслап  прозалық  ҳəм  драмалық 

шығармалар  пайда  бола  баслады.  Қ.Баяминовтың  қырғыз  ҳаял-

қызларының 

өтмишине 

бағышланған 

“Ҳожар” 


повести, 

М.Тоқамбаевтың  “Какей”,  К.Жанташевтың  “Қара  шаш”, “Алым 

ҳəм Мария” пьесалары қырғыз реалистлик əдебиятының дəслепки 

үлгилеринен 

еди. 

қ0-жылларда 



қырғыз 

əдебиятына 

Т.Сыдықбеков,  А.Османов,  Т.:мметалиев,  А.Тоқтамишевлардай 

жас  дөретиўшилер  кирип  келди.  Т.:мметалиевтың  “Айсулыў”, 

А.Османовтың “Толубай” дəстанлары сол дəўирдеги ўақияларды 


59 

 

сүўретлеўге  арналған  еди.  Дəслепки  қырғыз  драмалық 



шығармаларының  көпшилиги  тарийхый  темаларға  қурылды. 

ə9əү-жылғы  мəрдикарлыққа  яғный  биринши  дүнья  жүзилик 

урыста урысып атырған Россия əскерлериниң тылында жер қазып 

қара  жумысларды  ислеў  ушын  орыс  емес  халықлар  адамларды 

алыўға 

қарсы 


көтерилген 

қозғалаң 

көрсетилген 

еди. 


А.Тоқамбаевтың  “Қанлы  жыллар”,  М.Елибаевтың  “Узақ  жол”, 

Ж.Турусбековтың “Өлим емес, өмир” шығармалары жазылды. 



Аалы  Тоқамбаев  (ə90ң-) “Қырғызстан”  шығармасының 

негизги  табийғаты  публицистикалық,  философиялық  изленислер 

болды.  Оның  “Қанлы  жыллар”  шығармасы  өлең-қосық  пенен 

жазылған  роман,  онда  қырғыз  халқының  азатлық  ушын  гүресин 

баянлады.  ə9əү-жылғы  зобалаң,  ақ  патшаға  қарсы  гүрес,  қанға 

боялған  гүрес  қурбанлары,  ҳүкиметтиң  қуўдалаўынан  қашып 

азаплы  жан  саўғалаў,  Қытайға  қашып  өтиў  жолларындағы  ала-

сапыран  ўақиялар  терең  жан  кеширимлери  сезими  менен 

жырланады.  Роман  терең  мазмунға  ийе  болып  жүдə  жуғымлы, 

тəсирли  тил  менен  жазылған.  А.Тоқамбаев  соның  менен  бирге 

əдебият  изертлеўши  алым. “Манас”  эпосына,  Тоқтағул 

Сатылғановтың  творчествосына  арналған  илимий  жумыслардың 

авторы, кең арналы шайыр ҳəм жəмийетлик ғайраткер тулға. 

Түгелбай Сыдықбеков (ə9əғ-) өзиниң гүреслер менен толы 

өмирин  қырғыз  бенен  қазақтың  ҳəм  теги  түркий  халықлардың 

тутаслығы менен еркинлигине арнаған көрнекли жазыўшы. Оның 

“Мен  бир  жан  өртке  кирген  жалаң  аяқ”  қосықлар  цикли, “Таў 

ишинде”  атлы  романында  жоқарыда  айтылған  жағдайлар  терең 

сезим менен баянланған. “Таў ишинде” романы қырғыз халқының 

өмириниң понорамасы яғный оғада үлкен картинасы болды. Онда 

халық  тағдирине  тиккелей  қатнаслы  мəселелер  батыл  қойылып, 

коллективлестириў, 

халықты 


колхозларға 

бирлестириў 

компаниясы  қырғыз  халқының  басына  бир  нəўбет  екенлиги, 

тəреплерге  бөлинген  күшлердиң  бетпе-бет  гүрес,  Сапарбай, 

Самтыр,  Бүбүш,  Сəке  қусаған  ўақия  қатнасшыларының 

ҳəрекетлери,  Ыманбай  усаған  қаҳарманның  ултлық,  миллий 

өзгешеликлерди  өз  бойына  жыйнап  журтқа  өрнек  болған  тулға 

екенлиги исенимли сүўретленген. Романда Қырғызстанның халық 

жазыўшысы,  көрнекли  жəмийет  ғайраткери,  дослық  жыршысы 

Түгелбай  Сыдықбеков  халықтың  дəстүрлерин,  əдет-үрпин,  салт-

санасын  жүдə  орынлы,  татымлы  етип  бере  алған.  Образ 

жасаўдағы шеберлиги, тилиниң көркемлиги өз ўақытында өзиниң 

жоқары  баҳасын  алған  еди.  Түгелбай  Сыдықбековтың  “Манас 

ҳəм  Алматбет”,  Аалы  Тоқамбаевтың  “Манас”,  Қ.Жантишевтың 

“Қурманбек”,  Ж.Бақанбаевтың  “Алтын  қыз”  шығармалары  да 

өткендеги тарийхый ўақияларға арналған шығармалар болды. 



60 

 

қ0-жылларда  қырғыз  əдебиятында  ең  жемисли,  өнимли 



жыллар  болды.  Бул  дəўирде  жүдə  көп  прозалық  ҳəм  драмалық 

шығармалар  пайда  болды.  Т.Сыдықбековтың  “Кен  суў”  ҳəм 

“Темир”  романлары  менен  қырғыз  əдебиятында  романшылыққа 

негиз  салынды.  Бул  шығармаларда  социалистлик  идеяны 

пропаганда  қылыў  күшли  болса  да, 20-30-жыллардағы 

Қырғызстанда  болған  жəмийетлик-сиясий  ўақиялар  кеңнен 

сүўретленген еди. 

Урыс  ҳəм  урыстан  кейинги  жыллардағы  қырғыз  əдебияты 

бурынғы  СССРдағы  барлық  халықлардың  əдебияты  сыяқлы 

раўажланыў  басқышын  өтти. “Вульгар  (турпайы,  бурмаланған) 

социализм”, “Конфликтсизлик  теориясы”  сыяқлы  зиянлы 

ағымлардың  қырғыз  əдебиятына  да  унамсыз  тəсири  болғаны 

белгили. 

Урыстан  кейинги  жыллардағы  қырғыз  əдебиятында 

тынышлық,  дослық,  мийнет  темасында  көплеп  қосықлар 

жазылды. Аалы Тоқамбаевтың “Жаўынгер пахтакеш”, “Өз көзим 

менен көргеним”, Т.:мметалиевтың “Ақ алтын қосығы”, “Шопан 

туўралы  повесть”,  Қ.Мəликбаевтың  “Қадир  аға”  усаған 

шығармалары сол дəўирдеги қырғыз поэзиясының көркем, сулыў 

үлгилери болды. 

Урыстан 

кейинги 


жыллардағы 

қырғыз 


поэзиясына 

Р.Шүкүрбеков,  С.Ералиев,  С.Жусуев,  М.Жангазиевтай  жаслар 

кирип келди. Проза тараўында Ч.Айтматов, Н.Байтемировлардың 

дөретиўшилиги жүдə кеңнен мəлим болды. 

ə9ңө-жылда 

жазылған 

Түгелбай 

Сыдықбековтың 

“Заманымыздың  адамлары”  романы  мəмлекетлик  сыйлыққа 

ылайық  болды.  Оннан  кейин  жазыўшы  өзиниң  “Кен  суў” 

романын  қайта  ислеп, “Таў  балалары”  деп  атап  баспадан 

шығарды. 



Байтемиров 

урыс-жылларындағы 

ўақияларға 

арнап 


“Азамат”  деп  аталған  повесть  жазды.  Ол  ушыўшылардың  урыс 

жылларында көрсеткен ерликлерине арналған еди. Жазыўшының 

“Соңғы патрон” романы да урыс темасында жазылды. Жазыўшы 

“Салтанат”, “Жулдызхан”  романларында  урыстан  кейинги 

қырғыз 

аўылларындағы 



ўақиялар 

сүўретленген. 

Бул 

шығармалардың 



мазмунын 

қураған 


ўақиялар 

өзбек 


əдебиятындағы  Ҳамид  Алымжанның  “Зийнеп  ҳəм  Аман” 

поэмасының  мазмунын  еске  салады.  Жулдызхан  да  Зейнепке 

қусаған  жетим  қыз.  Оны  тəрбиялаған  Таттыбек  ескилик 

қалдығынан  қутылмаған.  Жулдызды  оқыўға  жибермейди. 

Жулдыз  өзиниң  мийнеткешлиги  менен  колхозда  абырайға 

ериседи.  Таттыбек  оны  турмысқа  бермекши  болғанында  қыз 

өзиниң  сүйген  жигити  бар  екенин  айтады.  Ахыр-соңында 


61 

 

Жулдызхан  жаслар  менен  биргелесип  ескиликтиң,  наданлықтың 



үстинен жеңиске ериседи. Қыз шығарманың финалында Жоқары 

кеңес депутаты болады. 

Кейинги 

жыллары 


қырғыз 

драматургиясының 

раўажланыўына  Т.Абдумуминов  “Тар  таў  өткели”, “Қумлақ 

төбешик”,  К.Мəликов  “Бəлент  жерде”  пьесалары  менен  үлкен 

үлес  қосты.  М.Байшеевтың  “Тартысыў”,  Ш.Айтматовтың  “Ана 

жер”  пьесалары  өзбек,  қазақ,  рус  сахналарында  да  қойылды  ҳəм 

үлкен қызығыўшылық оятты. 

Соңғы  он  жыллықларда  қырғыз  əдебиятында  көплеген 

талантлы  жазыўшылар  дөреиўшилик  пенен  шуғыллланды.  Бул 

дəўирде  Түгелбай  Сыдықбековтың  “Ҳаяллар”  трилогиясы, 

Қасымбековтың 

“Сынған 


қылыш” 

тарийхый 

романы 

көпшиликтиң  дыққатын  тартты.  Е.Мансуровтың  “Ақ  кийик”, 



А.Даникеевтиң  “Қызыл  жартас”,  Ш.Бейшеналиевтиң  “Аманат” 

повестлери де жақсы шығармалар сыпатында баҳаланды. “Алтын 

таў”  романы,  С.Жусуеевтың  “Күнлеў”  усаған  поэмалары, 

А.Султанов,  Ш.Абдуҳалиқов,  Ж.Садықовлардың  қосықлар 

топламлары  кейинги  жыллардағы  қырғыз  поэзиясының  көзге 

көринген шығармалары болды. 

Драматургияда  Т.Абдумуминов  “Кеширилмес  гүналар”, 

Б.Жакиев  “Ата  тақдири”,  М.Тажибаев  “Москвалы  келин”, “Ҳақ 

жол” усаған шығармалары менен белгили болды. 

Солай  етип,  қырғыз  əдебияты  заман  менен  үнлес  тəризде 

раўажланып  атыр.  Даңқлы  жазыўшы  Шыңғыс  Айтматовтың 

тиккелей  инициаторлығы  менен  “Ыссық  көл  форумы”  усаған 

бирлеспелер  дүзилди.  Бул  уйымның  негизги  шақырығы, 

лозунгиси  тынышлық,  халықлардың  ортасындағы  дослықты 

беккемеў ҳəм əдалатлықты тиклеў болды. 

 

Сораўлар ҳəм тапсырмалар: 

1. Қырғыз халық аўызеки творчесвтосының үлгилери. 

2.“Манас”  эпосы,  мансшылар,  эпоста  халық  тарийхының 

картиналары. 

3. Қырғыз жазба əдебиятының пайда болыўы. 

4. ХХ əсирдеги қырғыз əдебияты. 

5.  Аалы  Тоқамбаев,  Түгелбай  Сыдықбековлардың  қырғыз 

əдебиятын раўажландырыўдағы хызметлери. 

 

Əдебиятлар: 

1. История киргизской литературы. Москва, 1970. 

2. Муқимов Р. Қардош халқлар адабиети. Тошкент, 1980. 

3. “Манас” (дəстан). Алматы, 1961. 

4. Аалы Тоқамбаев, Өлеңдер жыйнағы. Алматы, 1961. 


62 

 

5.  Түгелбай  Сыдықбеков.  Таў  ишинде  (роман).  Алматы, 



1961. 

6.  Ч.Айтматов,  М.Шоханов.  Чўққида  қолган  овчининг  оҳу-

зори. Тошкент, 1998. 

7. А.Туқимбаев. Тонг алдида. Шеърий роман. Тошкент, 1985. 

 

 

8-Тема. Шыңғыс Айтматовтың творчесвтосы. 



План: 

 

1. Ҳəзирги қырғыз əдебияты туўралы. 



2. Шыңғыс Айтматов - дүнья əдебиятының үлкен ўəкили. 

3. Шыңғыс Айтматовтың повестлери. 

4. Шыңғыс Айтматовтың “Əсирге барабар күн” романы. 

5. Шыңғыс Айтматовтың “Қиямет” романы. 

 

Таяныш  сөзлер,  ибаралар:  əдебиятқа  келиў,  жəмийетлик 

искерлиги, “Ыссық  көл  форумы”, “Жəмийла”  повести,  образлар, 

“Ана жер”, “Ақ кеме”, экология, адамгершилик. 

ХХ  əссирдиң  дүнья  жүзи  əдебиятының  ири  тулғаларының 

бири  Шыңғыс  Айтматов  қырғыз  əдебиятының  даңқын  пүткил 

дүньяға  жайды.  Оның  дөретиўшилиги  дүнья  əдебиятының  ең 

жақсы  традициялары  менен  қырғыздың    миллий  əдебиятының 

дəстүрлериниң  қосылыўынан  ибарат  болды.  Ол  дөреткен 

шығармалар  дүньяның  дерлик  барлық  тиллерине  аўдарылған. 

1983-жылдағы  мағлыўмат  бойынша  оның  шығармалары 40 

миллион нусқада басып шығарылған. 

Əне  сондай  уллы  жазыўшы 1928-жылы  Қырғызстанның 

Талас алабында дүньяға келди. Оның атасы Төреқул Айтматов өз 

дəўириниң  алдынғы  қатардағы  адамларынан  болып,  үлкен 

мəмлекетлик  ғайраткер  ҳəм  алым  адам  болған. 1937-жылы  оған 

халық  душпаны  деген  айып  тағылып  репрессия  қурбаны  болды. 

Ш.Айтматов рус мектебинде оқыды. Кейин Жамбул қаласындағы 

зооветеринария  техникумын  питкерип,  институтқа  кирди. 

Аўылхожалық  институтының  зоотехника факультетин питкерип, 

бираз  жыллар  сол  қəнигелик  бойынша  жумыс  ислеген.  Бирақ 

əдебиятқа  қызығып  кейин  ол  Москвадағы  еки  жыллық  əдебият 

институтында оқыды. 

Кейин  Ш.Айтматов  бир  неше  жыллар  бойы  “Правда” 

газетасының  Қырғызстандағы  хабаршысы  ҳəм  “Қырғызстан” 

журналының  редакторы  болып  иследи.  Жазыўшы  көркем 

дөретиўшилик  пенен  биргеликте  жəмийетлик  ҳəм  мəмлекетлик 

жумысларды  да  орынлап  келмекте.  Қырғызстан  жазыўшылар 

уйымының  баслығы, “Иностранная  литература”  журналының 



63 

 

редакторы,  Россияның  Люксембург  мəмлекетиндеги  елшиси, 



“Ыссық  көл”  форумының  баслығы  ўазыйпаларында  иследи. 

Ҳəзир  “Түркстан  ортақ  үйимиз”  деп  аталған  Орайлық  Азия 

Жазыўшылары  шөлкеминиң  баслығы  сыпатында  хызмет  ислеп 

атыр.   


Шыңғыс  Айтматовтың  көркем  əдебиятқа  болған  қызығыўы 

дəслеп  семья,  үй  жағдайында  пайда  болған.  Өзиниң  жазыўы 

бойынша,  үлкен  кемипир  апасы  жүдə  көп  халық  ертеклерин 

билген  адам  екен.  Кейин  жазыўшы  балалық  гезлеринде-ақ  рус 

жазыўшыларының шығармаларын көп оқыған. 

Шыңғыс  Айтматов  еки  тилде - рус  ҳəм  қырғыз  тиллеринде 

шығармаларын жазған жазыўшы. Оның дөретиўшилиги кишкене 

гүрриңлер  жазыў  менен  басланған.  Жазыўшыға  даңқ  келтирген 

шығарма  оның  “Жəмийла”  повести  болды.  Ол  тез  арада  аты 

дүньяға  жайылған  даңққа  ийе  болды.  Оны  атақлы  француз 

жазыўшысы  Луи  Арагон  француз  тилине  аўдарды.  Аўдармаға 

Луи  Арагонның  өзи  сөз  басы  жазып,  бул  повестти: “Муҳаббат 

туўралы жазылған дүньядағы ең əжайып повесть” деп баҳа берди. 

Еки жылдың ишинде бул шығарма қ0 шет тиллерине аўдарылды. 

Дүнья əдебияты тарийхында бундай ўақия биринши ирет болыўы 

еди.  Шығарманың  ўақиялары  екинши  дүнья  жүзилик  урыс 

дəўиринде  болып  өтеди.  Урыстан  жарадар  болып  қайтып келген 

Данияр  менен  күйеўи  урысқа  кеткен  келиншек  Жəмийла 

ортасындағы  муҳаббат  үлкен  шеберлик  пенен  берилген.  Отлы 

муҳаббатқа  ерисиў  ушын  жүдə  күшли  ерк  керек  екенлиги  бул 

шығармада жүдə тəсирли етип берилген. Шын муҳаббат жолында 

ҳəр  қандай  үрп-əдетлердиң  рəсмий,  диний  дəстүрлердиң 

ҳешқандай  иркиў  бола  алмайтуғынын  Жəмийла  менен 

Даниярдың муҳаббаты арқалы көрсетип берген. 

Шыңғыс Айтматовтың шығармаларының ҳəр бири оригинал 

шығарма  болып  дөретилди.  Оның  бир  шығармадан  екинши 

шығармаға өткен сайын шеберлиги артып отырды. Жазыўшының 

“Ана  Жер”, “Бетпе-бет”, “Биринши  муғаллим”, “Суў  жағалап 

жуўырып  баратырған  шубар  ийт”, “Ақ  кеме”, “Хош  бол, 

Гүлсары”  шығармаларының  ҳəр  бири  уллы                  талантының 

жемиси болды. 

Жазыўшы  “Ана  Жер” (“Қус  жолы”)  повестинде  Толғанай 

исмли  ҳаялдың  басына  түскен    сумлық  аўыр  ўақияларын 

сүўретлейди.  Адамның  басы  тастан  қатты  екенлигин,  ол  ҳəр 

қандай  мүсийбетлерге  шыдаўы  ушын  үлкен  ерк  ийеси  болыўы 

кереклигин  сүўретлейди.  Урыс  себепли  ери  ҳəм  үш  улынан 

айрылған  Толғанай  бирден  бир  сүйениши,  перзентиниң  орнына 

перзент болып қалған келиннен де айрылады. Тақдир, сен маған 

тағы  да  нелер  ислей  аласаң  деп  датлайды,  зарланады.  Бирақ 


64 

 

кеўили 



жығылмайды, 

жатып 


қалмайды, 

жəне 


өмирге 

тиришиликке  қарай  умтылады.  Енди  жас  нəресте  ақлығын 

тəрбиялап,  үлкейтиў,  ер  жеттириў  оның  бирден-бир  үмити. 

Толғанай  Жер  анаға  саўал,  сораў  береди,  жер  де  тири  адамдай 

болып  жуўап  береди.  Сол  саўал-жуўап  арқалы  жүдə  үлкен 

философиялық проблемалар туўралы пикир жүритиледи. 

Шығарманың  ахырында  Толғанай  қуяшқа,  булытларға, 

жерге  мүражат  қылып  олардан  өзиниң  қайғы-муңын  басқаларға 

жеткериңлер  деп  өтиниш  қылады.  Сонда  олар: “Жоқ,  Толғанай, 

сен  ҳаялсаң,  сен  инсансаң,  сен  ҳəммемизден  уллы  болып 

жаратылғансаң”  деп  жуўап  береди.  Буның  менен  жазыўшы 

инсанның  жеңилмейтуғын  руўҳына,  гүресшең  өмирине  силтеў 

береди.  Бул  сөзлер  атақлы  жазыўшы  Горькийдиң: “Адам  деген 

сөз  мақтанышлы  жаңлайды”,  яки  Америка  жазыўшысы 

Хэмингуэйдиң ““арры  ҳəм  теңиз”  шығармасындағы  “Адамды 

жеңип  болмайды”  деген  пикарлери  менен  үнлеслиги  көринеди. 

Жазыўшының  “Хош  бол,  Гүлсары”  повести  де  жүдə  белгили 

шығарма  болды.  Повестиң  бас  қаҳарманы  Танабай  кеселленип 

өлейин  деп  атырған  аты  Гүлсарының  басында  турып  барлық 

өткен өмирин еске алады. Бунда бир тəрептен адамлардағы бир-

бирине  меҳрийбанлықтың  жоғалып  баратырғанын,  екинши 

тəрептен,  адам  ҳəм  тəбият  ортасындағы  қатнастың  бузылып 

баратырғанлығы əңгиме етиледи. Ш.Айматовтың бул повестинде 

де  экология  мəселеси,  тəбиятты,  ҳайўанат  дүньясын  қорғаў, 

əўлад-урпақларға  саў  ҳəм  түпки  ҳалында  жеткизиў  мəселеси 

избе-излик пенен баянланады. 

Бул  мəселе,  əсиресе,  жазыўшының  “Ақ  кеме” (“Ертектен 

соң”) повестинде жəне де ашығырақ көзге түседи. Повестеги жас 

бала, Мумин ғарры образлары жүдə жақсы берилген. Повесть сол 

ғарры ҳəм оның ақлықларының тағдирине арналған. Шығармада 

тийкарынан еки ертек дөгерегинде ой-пикир жүритиледи. Биреўи 

баланың  өзи  яддан  шығарған  Ақ  кеме  жөниндеги  ертек, 

екиншиси бабасы Мумин ғарры айтып берген Шақлы  ана суўын 

туўралы 


ертек, 

Санташ 


таў 

 

өткелиндеги 



тоғайдың 

қараўылларының  турмысы  бир  қарағанда  үлкен  дүньядан 

бөлинип  қалған  адамлардың  турмысы  сүўретленгендей  болып 

көринеди. Бирақ мəселеге тереңирек итибар берилсе, сол узақ таў 

арасындағы  үш  семьяның  тағдири  ҳəзирги  пүткил  дүньяның 

тағдири  менен  ажыралмас  түрде  тығыз  байланыслы.  Бул 

дəўирдеги ерисилген табыслар ҳəм трагедиялар усы адамлардың 

образлары  арқалы  шеберлик  пенен  берилген.  Баланың  ишки 

дүньясы, ой-пикирлери жазыўшы тəрепинен жүдə усталық пенен 

сүўретленеди.  Ол  “Ақ  кеме”  шығармасында  барлық  нəрсе  бар, 



65 

 

баланы таслап кеткен əкеси де, анасы да усы жерде жасайды деп 



ойлайды. Бирақ сол кеме деп бала набыт болады. 

Мумин ғарры болса қызық, ерси, жеңил минезли адам. Оны 

адамдар  Мумин    епшил  дейтуғын  еди.  Ол  қай  жерге  барса  да 

бирдейине жумысқа араласып кете береди. Жазыўшы Муминниң 

характерин 

ҳəрекет-қыймылларын 

былайша 

сүўретлейди: 

«Мумин  епшил,  шаққан,  болып  туўылған.  Оның  бирден-бир 

басқалардан  үстинлиги,  апзаллығы  сол-ол  қандай  болып 

отырдым,  билип  сөйледим  бе,  қандай  жуўып  бердим,  қалай 

күлдим,  орынлыма,  орынсызба  деп  ойланбайды,  басын 

аўыртпайды,  адамлардың  абырайы  төгилер  деп  сескенбейди. 

Мумин  сол  мəнисте,  өзи  сезбеген  ҳалда  жүдə  сийрек 

ушырасатуғын  бахытлы  адам  еди.  Көп  адамларды  кеселлик, 

аўырыў-сырқаў  емес,  ал  өзиниң  нəзеринде,  өзиниң  ойлаўында 

өзин өзиниң барынан үлкен, жоқары қойыў қусаған өзимшиллик, 

өкпелеўшилик,  кекшиллике  бəлеси  ишлей  кемирип  қуртады. 

(Дана,  билгиш,  абырайлы,  сулыў,  көрикли,  оған  қоса  қатты  қол, 

əдалатлы, ер жүрек деген ат шығарыўды ким қəлемейди дейсиз). 

Мумин ғарры бундай емес». 

Повесттеги Оразқул образы да өзине тəн көриниске ийе. Ол 

унамсыз  образ  сыпатында  сўретленген  болса  да,  гейде  оқыўшы 

оның  тақдирине,  өмирине  қыйланады,  ашынады.  Оразқул 

перзентсизликтен қатты күйинеди. Оған тəбият бир тырнақты да 

бермеген. Ол бир өзи жалғыз қалған ўақытларында, əсиресе ишип 

мəс болғанда өзиниң тағдиринен шағынып зарланады, ҳешкимге 

билдирмей  жылайды.  Ол  өзиниң  сум  тағдирине  ашыўланып 

ҳаялын  сабайды,  баланы  жаман  көретуғын  болады,  Мумин 

ғаррыға азап береди. 

“Суў  жағалап  жуўырған  шубар  ийт”  повестинде  қайықтағы 

турмыс  сүўртленеди.  Бунда  “Ақ  кеме”  повести  менен  мəнилик 

байланыс  бардай  сезиледи. “Қызыл  шалғышлы  сəрўи  бойлым” 

повестинде  турмыстың  соншелли  шийеленискен ўақиялар менен 

толы  болатуғыны  сүўретленген.  Айырым  жаслар  бирин  бир 

сүйип  жақсы  көриседи,  турмыс  қурады.  Кейин  турмысы 

бузылады,  ажырасады.  Ҳəзирги  ўақытта  сондай  жаслар  көп 

ушырайды.  Олар  бир-бирин  жақсы  билместен  турып  турмыс 

қурыўға асығады, көп ўақыт өтпей-ақ минез-қулқы, пейил-апқалы 

бир-бирине  сай  келмей  қалады.  Бул  повестте  усы  ойларымды 

билдириўге умтылдым дейди, автор. 

“Қызыл  шалғышлы  сəрўи  бойлым”  повестиниң  бас 

қаҳарманы  Иляс  өз  муҳаббаты  ушын  гүреседи,  сүйгенине 

қосылыўға  ериседи.  Кейин  өжет  минезли,  ғырс,  алды-артын 

ойламай  ис  қылатуғын  Иляс  аўыр  қəтеликлерге  жол  қояды.  Бул 

қəтеликлер  дүзетип  болмайтуғын  қəтеликлер  еди.  Ахырында  өз 



66 

 

бахытынан  айырылады.  Айыплы  өзи  еди.  Ол  өзиниң  қəтелерине 



түсинеди,  өкинеди,  бирақ  кеш  түсинеди.  Шығармадағы 

көрсетилген тийкарғы драматиклик қəтеликлер усылардан ибарат 

еди. Ш.Айтматовтың повестьлеринде ўақияны баянлаў усылы да 

өзине  тəн  өзиншеликке  ийе.  Жазыўшының  көпшилик 

повестьлеринде ўақиялар бас қаҳарманлардың тили менен əңгиме 

етиледи.  Бул  усыл  Ш.Айтматовтың  өзи  жақсы  көрген 

усылларының бири. Жазыўшы оны шеберлик пенен қолланады. 

Шыңғыс  Айтматов  өзиниң  повестлери  менен  дүньяда 

белгили  болды.  Əдебият  тараўындағы  үлкен  халықаралық 

сыйлықларды алды. Жазыўшы кейинирек көлеми жағынан үлкен 

роман  жанрында  да  қəлемин  сынап  көрди.  Бул  жанрда  дөреткен 

шығармалар  да  жазыўшыға  үлкен  даңқ  келтирди.  Жазыўшыға 

көркем жанрлар тек ғана бир қурал хызметин ислейди, ең негизги 

нəрсе оның ўақияларды баянлаў усылы менен байланыслы. 

Ш.Айтматовтың “Əсирге татырлық күн” деп аталған романы 

өткен  ХХ  əсирдиң  ҳ0-жыллардың  басларында  жазылды.  Бул 

дəўирде  жəмийетлик  турмыста  турғынлық,  раўажланыў  тоқтап 

бир  орында  турып  қалған  жағдай  үстемлик  етти.  Жазыўшы  усы 

дүзимге  өзиниң  наразылығын  сол  романында  билдирген  еди. 

Роман  көп  планлы  шығарма,  бир  неше  сюжетлик  бағдарларына 

ийе.  Бул  сюжетлик  линияларынан  тийкарынан  үшеўи 

шығарманың 

идеялық 

мазмунын 

қурайды. 

Шығарма 


қаҳарманлары  мийнеткеш  адамлардың  ўəкиллери.  Олар  поезд 

жолындағы  бир  станцияның  хызметкер  жумысшылары.  Поезд 

Күнбатыстан  Күншығысқа,  Күншығыстан  Күнбатысқа  өтип 

туратуғын  “Боранлы”  деген  станциядағы төрт-бес жумысшының 

тағдири арқалы жазыўшы жүдə үлкен турмыслық проблемаларды 

қозғайды. “арры  жумысшы  қайтыс  болған  Қазанқапты  жерлеў 

мəресими 

менен 


байланыслы 

ўақиялардың 

картинасы 

шығарманың  тийкарғы  сюжет  линиясы  болған.  Марҳумның 

досты Едигей Қазанқапты ата-бабалардың қойымшылығы болған 

“Ана  Бейит”  ке  жерлеў  ушын  ҳəрекет  етеди.  Ол  совхоздан 

трактор  сорап  алады.  Бирақ  бул  қойымшылық  космодромның 

шегарасында  болып,  тикенли  сымлар  менен  орап  алынған, 

қоршалған  еди.  Ҳəр  түрли  рəсмий,  басқарыўшы  орынлар  ҳəм 

əскерий мəкемелер марҳумды ата-бабаларының қойымшылығына 

жерлеўге  рухсет  бермейди.  Едигей  оларды  манқуртлар  деп 

атайды.  Ахырында  Қазанқапты  басқа  орынға  жерлеўге  мəжбүр 

болады.  Едигей  əне  сол  жерлеў  мəресиминде  басынан  өткен 

барлық ўақияларды еслейди. Бул дерлик бир əсирлик тарийх еди. 

Соның  ушын  шығарманың  аты  “Əсирге  татырлық  күн”  деп 

аталған.  Бунда  қазақ  халқының  жүдə  көп  əсирлик  тарийхына  да 

дыққат қаратылған еди. Екинши дүнья жүзилик урысы ҳəм оннан 


67 

 

кейинги  жылларда  жəмийетлик  турмыста  болып  өткен  түрли 



ўақиялар  шығармада  көркем  сəўлелениўин  тапқан.  Қазанқаптың 

баласы  Сəбитжан  ҳəзирги  заман  манқуртларынан,  ол  өзиниң 

əкесин  көмиўге  де  үстиртин,  жүзеки  қарайды.  Станцияның 

дөгерегиндеги дус келген жерге көмиў керек дейди. Космодромда 

хызмет  қылған  қазақ  лейтенанты  да  манқурт.  Ол  марҳумды 

қойымшылыққа көмиўге рухсат бермейди. Əне сонда Едигейдиң 

кеўилинде  жасырынып  жатқан  шын  адамшылық,  бəлент,  кең 

пейлиллик,  теги  ҳасыллық  барлық  уллы  көриниси  менен 

көринеди.  Мол  ўақиялар  барысында  өз  халқының  тарийхынан, 

оның  жақсы  дəстүрлеринен  айрылыў  ҳақийқый  адамшылықты 

жоғалтыў  менен  тең  екенлиги  анық  ашылады.  Автор  манқурт 

арқалы халық тарийхынан, үрп-əдетлеринен, өткен заманлардағы 

трагедиялық ўақиялардан мысаллар келтириў менен түсиник бере 

алған. 


Шығармада  адамзаттың  келешеги  де  фантастикалық  сюжет 

бағдарында  бериледи. “Паритет”  космослық  кемелериниң  басқа 

дүнья менен байланысы, сол планетадағы өмир туўралы пикирлер 

Жер  планетасының  келешегине  туўры  келеди.  Ҳəмме  бир  тилде 

сөйлеседи,  адамлардың  бойлары  ғқ0-ғө0  сантиметр,  рəңлери 

қарапəрең. 

Көплеген  ҳайўан  түрлериниң  жер  бетинен  жоғалып 

баратырғанлығы  шығармада  Қаранар  образы  арқалы  берилген. 

Сталин  дəўириниң  репрессиясы  Əбүўталыб  сыяқлы  ўатаншыл 

патриот  адамларды  жоқ  қылып  жибергени  де  тəсирли  қылып 

берилген.  Бул  роман  да  жазыўшыға  көп  үлкен  табыслыр 

келтирди.  

Жазыўшының  екинши  романы  “Плаха” (узб.”Қиямет”,  қаз. 

“Жанпида”)  деп  аталған.  Бул  шығарманың  да  даңқы  кең 

жайылды.  Шығармада  бүгинги  адамзатты  тынышсызландырып 

турған  глобал  мəселелер  көтерилген.  Бул  шығармада  бир  неше 

сюжет 

линиялары 



бар. 

Адамлардағы 

бир-бирине 

мийирманлықтың  азайып  таўсылып  баратырғанлығы  туўралы 

тəшўишли 

пикирлер 

Бостан 

ҳəм 


Базарбай 

образлары 

ортасындағы конфликтте көрсетиледи. 

Авдий 


Каллистартов 

пенен 


Кандалов 

ортасындағы 

гүреслердиң  сүўретлениўинде  Кандалов  ҳəзирги  дəўирде  жүдə 

маңызлы  мəселелердиң  бири  болған  нəшебентлик-наркоманлық 

туўралы  айтылады.  Авдий  дəл  Ийса  пайғамбар  сыяқлы 

адамларды 

жаман 

жолдан 


қайтармақшы, 

инсапқа, 

адамгершиликке  шақырмақшы  болады  ҳəм  усы  жолда  өзи  де 

набыт  болып  өлип  кетеди.  Шығармада  “Библия”  китабынан 

алынған  сюжетлер  де  бүгинги  дүнья  ушын  жүдə  əҳмийетли, 

үлкен  маңызға  ийе.  Бул  атақлы  жазыўшы  М.Балгаковтың 



68 

 

“Мастер  ҳəм  Маргарита”  шығармасында  да  берилген  еди. 



Ш.Айтматов та ол традицияны өзине тəн тəризде даўам еттирди. 

Акбара  ҳəм  Тасшайнар  атлы  қасқырлар  образы  арқалы 

экология  мəселелери  айтылады.  Тəбият  ҳəм  адам  ортасындағы 

қатнаслардың  бүгинги  дəўиримизде  жүдə  қəўипли  жағдайға 

келип қалғанлығы сөз етиледи. 

Бостан  ҳəм  Базарбай  ортасындағы  қарама-қарсылықлар 

шығармада айрықша қызығарлы етип берилген. Бостан ҳадал, ҳақ 

кеўил  адам,  ол  шопанлық  арқалы  атақ,  абырайға  ериседи. 

Жоқарғы Совет депутаты болады. Ол сол даңқ, абырай арқасында 

жақсы  күн  кешириўи  мүмкин  еди.  Бирақ  ол  басқа  жолды 

таңлайды.  Бостан  миннетлемешиликке,  лозунгишиликке,  көз 

бояўшылыққа 

қарсы 

болады, 


бул 

жолдағы 


өтирикти, 

жасамалылықты  қаралайды.  Колхоздағы  газета-журналларда 

басылған  «жалған  мол-көлликтен,  абадан  турмыстан»  жаны 

жəбир  шегеди.  Ол  тəбияттың  өзгерип  баратырғанынан  тынышы 

кетеди. 

Базарбай  образы  Бостан  образының  кериси.  Ол  өз 

пайдасының жолында ҳəр қандай жеркенишли ислерди ислеўден 

қайтпайды.  Оның  ушын  кəйпи-сапа,  ўақты-хошлық  болса 

болғаны. Ол тəбиятты, адамға тəн меҳрийбанлықты менсинбейди. 

Ол өте сараң, сықмар кимсе. Бостанның ерискен табысларын көре 

алмайды.  Сондайлығынан  қасқырдың  балаларын  Бостанның 

үйиниң  үсти  менен  алып  келеди.  Балаларының  ийисин  билип 

излеп  келген  қасқырлар  келип  Бостанның  қойларын  қырады. 

Қасқырлар  ең  кейнинде  Бостанның  үш  жасар  баласын  алып 

қашады.  Бөрини  атаман  деп  Бостан  өзиниң  балсын  атып  қояды. 

Кейин ол Базарбайдың өзин де атады. Шығарма егер сен тəбиятқа 

зиян  тийгизсең  бир  күни  ол  сени  де  жазалайды  деген  пикирди 

пайда  етеди.  Вертолет  пенен  Мойынқумда  аўға  шыққанлар 

кийиклерди  аяўсыз  қырады.  Бундай  пайытларда  қасқырлар  да, 

кийиклер де қосылып бирге өлимнен қашады. 

Тəбият  өзиниң  заң-нызамлары  менен  жасайды.  Оған 

адамның  араласыўы,  оны  зорлап  өзгертиўлер  трагедия,  қайғылы 

жағдай  менен  тамам  болатуғыны  шығармада  мысаллар  менен 

дəлилленген. 

Шығарманың  “Плаха” (Плаха-жазалы  болған  адамның 

мойынын үстине қойып басын шабатуғын ағаш) деп аталыўы да 

соннан келип шыққан. Шыңғыс Айтматов бул шығармасында да 

əййемги  миф,  əпсана-аңызлардан  көп  пайдаланған.  Соның 

ишинде  диний  раўаятлардың  көплеп  келтирилиўи  шығарманың 

сюжетиниң жүдə қызықлы болыўына хызмет еткен. 

Шыңғыс  Айтматов  ҳəзирги  заман  дүнья  əдебиятының  даңқлы 

тулғасы. 

Кейинги 

жылларда 

жазыўшының 

бир 


неше 

69 

 

шығармалары  жарыққа  шықты.  Олар  да  идеялық-көркемлик 



жағынан  жоқары  дəрежедеги  шығармалар  сыпатында  баҳаланып 

атыр.  Булардан  басқа  жазыўшының  бүгинги  дүнья  көлеминдеги 

актуал 

проблемаларға 



арналған 

көп 


публицистикалық 

мақалалары  да  жарияланбақта.  Жазыўшының  шығармаларының 

көпшилиги  туўысқан  түркий  тиллерине,  солардан  өзбек,  қаазқ, 

қарақалпақ  тиллерине  аўдарылды,  олар  ҳəмме  сүйип  оқыйтуғын 

шығармалары болып қалды 



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5   6   7   8   9   10




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет