Иб. Юсупов куншығыс жолаушысына



Pdf көрінісі
бет3/5
Дата03.03.2017
өлшемі1,06 Mb.
#5427
1   2   3   4   5

ҲАФИЗГЕ 

 

(Гётеден) 

 

О, сен Ҳафиз! Сенингменен қай адам  



                            Таласа алар тенгликке. 

Зулар кеменг ушқан кустай қиядан,  

                            Қақ айрып кенгликти. 

 

Қорқынышсыз сунгип тенгиз торине,  



                            Желқомынг пать алады. 

Коксин керип кушли даул орине.  

                            Қайтпай жузип барады. 

 

Гейде қосығынг бир салқын леп таратып,  



                           Ағыс болып сарқырар. 

40

 

 



 

Жалын болып гейде ушқын боратып,  

                           Журегимди шарпыған. 

 

Шық жарқ етип мақтаныштынг шолпаны,  



                            Қуй денеме куш-дарьман. 

Туслериме енген Ҳафиз маканы,  

                           Мен-де саған қуштарман. 

 

ЗУЛЕЙХАҒА 



 

(Гётеден) 

 

Наз ҳамь жилуаменен жузь альуан донип,  



Бир сенинг кеулингди таба алмай сонша,—  

Ышкы азабында тынбай ортенип,  

Мезгилсиз солады есапсыз гунша. 

 

Бармақтай шишеге толтырып атир,  



Саған беру ушын озининг жупарын,—  

Қанша осимликлер олип баратыр,  

Сен ушын биншан тарк етип барин? 

 

Сергек напес алған қанша омирлер  



Сойтип, пида болды гул дидарынга.  

Сен деп албырасып ғошшақ булбиллер,  

Татлы унь излейди намаларына. 

 

Лекин, сен жлама, ышқы ҳукиминде  



Ким курбан болса, налымас оған.  

Темурланг патшанынг ғазебинен-де 

Биҳуда крылғанғой есапсыз адам. 

  

 

 

 

 


41

 

 



 

                    АЙ ҲАМЬ ҚОСЫҚ 

 

Аспандағы айемги ай,  



Ҳарь туғанда жангарады.  

«Ай туыпты-ау, жарқылығай  

Деп адамлар тангланады. 

 

Шын сулулық гонермейди,  



Отседағы дауир талай,  

Жылда жангадан гуллейди,-  

Табияттынг зангы солай. 

 

Шаир сенинг қосығынг-да  



Болсын мудам сол бир айдай  

Ҳарь қайталап оқылғанда  

«Жанга екен-десин-пай-пай». 

 

                                      1957-ж. 

 

*      *      *                

 

Шынтлап суйген кеул ҳаслан айнымас,  



Сен озингди бостан босқа қинадынг:  

Бизден коре ажарлырақ ҳамь-де жас  

Яр тапсам деп жат пкирди ойладынг. 

 

Дизгин берип манглайдағы қос козге,  



Журектеги қозди жумған қусайсанг.  

Ойтсенг, ангсат хателесу жас гезде,  

Брақ, изинен озинг жерсенг пушайман. 

 

Сатқын тлинг «суйемен» деп уялмай,  



Сбырлады, сойтип, бир жат қулаққа.  

Сонда тунгғыш муҳаббетин қиялмай,  

Ҳадал кеулинг менсиреди брақта. 

 


42

 

 



 

Маған сонгғы хатты жазып, албырап,  

Қорқақ қолынг почтаға акеп таслады.  

Менсиреген ҳадал кеулинг, ал брак,  

Мендей корип суйе алмады басқаны. 

 

Жгитке-де женгил емес айралық,  



Ышқы азабы малим бастан кешкенге.  

Талай туним отти уйқысыз қиланып.  

Сени ҳаслан қия алмадым ҳеш кимге. 

 

Жаслық омир саған менинг жанымды:  



Сырлы алтын жбименен ышқынынг—  

Тиккенлиги сонда ғана танылды.  

Узе алмадым умтылсам-да куш қлып, 

 

Етегинге ерген шоптей қалтырап,  



Кеулим саған ерди, раҳим етпединг.  

Бар сулулық нурынгменен жарқырап,  

Маккар кулкинг коз алдымнан кетпеди. 

 

Ышқы,—бодене емес, урккен уақтында-  



Безетуғын уя салған жеринен.  

Коп оқыдым ышқы, айралық ҳаққында,  

Сенинг дартинг отти, брақ, баринен. 

 

Уйқы орнына сен жайластынг козиме,  



Айыплауға тлим, брақ, баспады.  

Не шара бар, ушқалақ қыз озине,  

Ҳамир етсе суйесенг деп басқаны? 

 

Журдик сойтип, ал неболды кейнинде:  



Мне, алдыма келип турсанг айланып.  

Қалай екен шынтлап суйген кеулге,  

Қалай, қошшым, ангсат-па екен айралық 

 

Мен ошь алар едим ҳазир, егерде,  



43

 

 



 

Сендей корип суйе алсам озгени  

Лекин, адам озь бахтына тебер-ме,  

Озь бахытымды жек коруге тозбедим. 

 

Таза журек таза талим себеди,  



Муҳаббетти алдай алмас сайлы жас.  

Суйсек, усылай шын суйейик, себеби,  

Шынтлап суйген кеул ҳаслан айнымас. 

 

                                                              1955-ж. 

 

 

ТИСЛЕРИНГДЕ БАРМА МАРГИЯНГ?... 

 

                  (Шаир Зульфаяға) 

 

Маргия атлы шопь бар емиш деп,  



Бала гезде еситкенбиз коп,  

Қайсы бир кус сол шопти тислеп,  

Сайрар екен... Айтшы сен, жанан,  

Сенингдағы бар-ма маргиянг? 

 

Макан етип жапырак арасын,  



Сайрағанда қус озь намасын,  

Жолаушылар онынг уясын,  

Излер екен шарқ урып, ҳайран,  

Барма деймен сондай маргиянг. 

 

Сен сойлесенг, сенинг тлингнен,  



Булбил даусын еситемен мен.  

Бир сынгқ етип кулген кулкингнен,  

Ишпей-жемей мен болдым пьян...  

Айтшы жаным, бар-ма маргиянг? 

 

Сен қасымнан журип откенде,  



Бир электр жантасар танге.  

44

 

 



 

Уйге келип дарьҳал қалемге  

Асыламан, йош келер маған...  

Барма деймен, сира маргиянг.  

 

Тартар мени сен сайраған жер,  



Брақ сени жасырар гуллер.  

Ояу болсанг, сайра, сен егер,  

Егер уйықлап жатырсанг, оян,  

Қурамасын тисте маргиянг. 

 

Алма, анарь, қатара талынг,  



Бағларынгнынг жапырағы қалынг,  

Даусынг келер, брақ маканынг 

Қайсы жапырақ астында уянг?  

Тартшы мени, болса маргиянг. 



 

                                          1958-ж. 

 

               ЕКИ АЙНЕК 

 

Кошемиз шырт уйқыда жатар  



Уйқылы коздей жай айнеклери.  

Текте еки уйде жақты бар,  

Бри — қонгсым, меники бри,  

Айна алдында ерик гулинен  

Сести келер бал ҳарресининг...  

Онда қонгсым, бул айнада мен.  

Атқарамыз биз минет тунин.  

Қарама қарсы айналарымыз,  

Қарсы емес брақ кеуллер.  

Еки журек ҳамь еки жумыс  

Бри-брин жгерлендирер.  

Қандай татлы минет уйқысы,  

Ҳазь таппақта кошелеслерим.  

Брақ, тунде-де еки қонгсы  

Дауам етер кундизги ислерин.  


45

 

 



 

Ислер бри: Нокисимизде  

Қайтсем жайлар жақсы болар деп:-  

Екиншиси жан берер созге,  

Халқ журеги лаззет алар деп.  

Ислер олар... Узамай мне,  

Бир сулу жай бос кварталдан  

Осип шғар ҳамь айнегинен  

Жанга қосық еситилер сағаи,. 

           

                                     1958-ж. 

  

                     ӘНАР ГҮЛЛЕДИ 

 

             (Торткулдеги Ленин атындағы 

колхоздынг бағманы Эгамберди атаға арнайман) 

 

Кел сүйиклим, бағ сейлине барайық.  



Бахыттың бағында әнар гүлледи,  

Басқа жемислердиң мийўасы байып,  

Гүл тӛккен ўағында әнар гүлледи. 

 

Сәрўи болсаң, бүлбил қонажақ саған,  



Мәлел бермес, бағманымыз жақсы адам.  

Еркин гүл үзейик бағы-бақшадан,  

Толысқан шағыңда әнар гүлледи. 

 

Ерик гүллегенде келмедиң ярым,  



Алма гүлин берсем, алмадың ярым,  

Басқа ағаштың гүли қалмады, ярым,  

Қырмызы тон кийип әнар гүлледи. 

 

Тоншыға таптырмас әнар послағы,  



Жаслық дәўранымыз ашықлық бағы,  

Жаз ӛтсе, гүз бар деп силтеме тағы,  

Жаздың жарасығы әнар гүлледи. 

 


46

 

 



 

                             1958-жыл, Төрткүл. 

 

 



 

      ГАЙ ВАЛЕРИЙ КАТУЛЛДАН 

 

Лесбияжан, сорайғойсанг сен меннен;  



Қанша суйсем тарқайды,—деп,—қумарынг?  

Айтар едим: Ливия ҳамь Киреннинг 

Есапла,—деп,—кошип журген қумларын.  

Ақшамлары ашықларды англысып,  

Жмынгласқан жулдызларды санап ал.  

Менинг мауқым басыларлық посанынг  

Есабы сол жулдызларға бара бар.  

Бул посаны есаплауға тил жетпес,  

Демек, жаным, посаменен ис питпес. 

  

 

                         БУЛАҚ 



 

                 (Ҳамид Ғуламнан) 

 

Тнықлықта мисли айна,  



Ширинликте—ярдынг лаби,  

Таушан козли тау булағы  

Тас артында жатар қайнап. 

 

Кунде келдим мен қасына,  



Бастым ишип ҳамь шолимди.  

Қарай бердим журегимди  

Жымбырлатқан жилуасына. 

 

Жрымды-да журт қумартып,  



Сусын қылса деймен сондай,  

Салқын сулы сол булақтай,  

Журегинде ҳауес артып. 


47

 

 



 

 

           ГУЛЗАР ҲАМЬ ЯР 

 

             (Шукурулладан) 

 

Баҳарь отер... Гулзардағы гул  



Жоғалтады ийсин, жаслығын.  

Оннан кеин қадирсиз деп бил,  

Себеп қадири коркинде онынг. 

 

Жыллар отер... Жан жолдасынгнынг,  



Сумбил шашын аралайды ақ.  

Перзент корип, қалем қасынынг  

Ажим басар атирапын, брақ,— 

 

Яр-гул емес.  



Солған гулзарды—  

Егу мумкин жылда жангадан.  

Суйген кеул шрай тангламас,  

Шрай ушын яр суймес адам. 



 

                                 1955-ж. 

 

ШӨГИРМЕ 

 

(Халық шайыры Аббаз Дабыловқа 



оның алпыс жыллық тойында шӛгирме кийгизилгенде) 

 

Турмысымыз таза болған соң енди, 



Кийимлер-де кӛшкен жаңаша түрге... 

Айтсам сен туўралы еситкенимди, 

Бабалардың бас кийими шӛгирме. 

 

Бир атың телпекдур, бир атың кураш, 



Заманында кийим болғаның ырас.  

Түрли баслар менен сен болып сырлас, 



48

 

 



 

Талай асыўларды астың шӛгирме. 

 

Әўел пайда болдың кимниң басында,  



Арал теңиз я Днепр қасында?  

Он әсирлик рус жылнамасында  

Қуўандым атыңды оқып шӛгирме. 

 

Бабам пана излеп Россиядан,  



Петербургқа жол тартқанда қыядан, 

Ҳүрмет кӛрип Мәскеў, Макариядан,  

Кӛп жерлерди аралаған шӛгирме. 

 

Ҳәмел ушып Айдос арын сатқанда,  



Бегис, Мыржық қаны саған қатқан-ба? 

Ерназарды жаў арқадан атқанда  

Сен қанға боялып жаттың шӛгирме. 

 

Әреби, шыйразы байларда болды,  



Сени кийип олар тойларда болды.  

Мурны асланда, кеўли айларда болды, 

Дәўири шым-шытырық болған шӛгирме. 

 

Күниң бар-ма жазда күйе түспеген?  



Ӛрде турсаң ығыңнан жел еспеген.  

Ӛттиң талай телпек дирилдеспеден,  

Басына кӛп ғаўға түскен шегирме. 

 

Алдыңнан қарасам артың аўықтай, 



Капталдан қарасам түриң ғаўықтай,  

Кыста сәўирлеген түйетаўықтай  

Самал қақса ҳәңкийесең шӛгирме. 

 

Қара үйге кирсе ким сени кийип,  



Келдиң ергенекке сен зорға сыйып.  

Пүтин тери зая болмасын дийип,  

Бабам байғус үйе салған шӛгирме... 


49

 

 



 

 

Жаңа заман қолға қызыл туў алып,  



Келди мийнеткешке бахыт, суў алып. 

«Жасасын Ленин!» деп сонда қуўанып, 

Халқым кӛкке атты сени, шӛгирме. 

 

Октябрь куўантып бизди күлгизди,  



Азат етип кӛп езилген ул-қызды. 

Маңлайыңа қадап қызыл жулдызды, 

Халқым зор айқасқа кирди, шӛгирме. 

 

Байлар қашты телпеклери дирилдеп,  



Қызыл күшке бардаш бермей зирилдеп. 

Айбатланып дигирмандай гүрилдеп,  

Жамай жаўарына тийдиң шӛгирме… 

 

Еркен қанат қақты азатлық қусы,  



Кетти ӛмиримиздиң қәҳәрли қысы,  

Ҳәр заманның ӛз кийим, ӛз модасы,  

«Жаңа турмыс ӛссин» дедиң шӛгирме. 

 

Гедейлик қысмети кӛп түсип басқа,  



Қолым тиймеди деп ҳеш қолаң шашқа, 

Телпек киймедим деп бир шалқып жаста, 

Аббаз шайыр әрман еткен щӛгирме. 

 

                      Январь, 1959-жыл 



 

 


50

 

 



 

 

 



РОССИЯ - ҚУЯШ ЕЛИ 

 

«Россия,—қуяш ели, сонбес нурдынг дереги,  

Бахытымыз-да, еркимиз-де қушағынгда дореди.  

Камал тапқан жақты алып сенинг туған кунингнен,  

Салем саған шғыстағы қарақалпақ инингнен.  

Дос семья ақылгойи, жан ағамыз сен озинг,  

Уллы байрам той кунинде тамадамыз сен озинг. 

 

Ленинизм—мангги қуяш, сенсенг онынг уатаны,  



Сол қуяштынг нурларынан омир шешек атады.  

Бахыт жолын шын кеулден излеген халқ дуньяда, 

Суйеди ҳарь жулдызынгды кокте куннен зияда.  


51

 

 



 

Уллы жолдынг дарбентинде сен келешек маягы,  

Уллы умитлер шынлық тлеп саған қушақ жаяды. 

 

Ақ қайынглар саясында дослық лебин тербеген,  



Москваны бир коргеннинг ой-санасы орлеген. 

Ильичтинг изи тускен ҳарбир коше, ҳарбир тас  

Ҳақ ниетли адамзатқа озь жериндей баурлас.  

Кшипейл ашық кеулинг жаз тангындай жарқырар,  

Айбатынгнан душпанларынг жапырақтай қалтырар. 

 

Россия, —қуяш ели, сонбес нурдынг дереги,  



Уллы Русь шынлығынынг кушин дунья бледи.  

Қарақалиақтынг халқ атағын шғарып сен қолбердинг 

Кун шғыстан тунди серпип, сен тангға жол апердинг  

Бахыт қуяшын тудырған ел, жан ағамыз, бол аман  

Уллы семья ақсақалы, тамадамыз, бол аман! 

 

                                                                 1957-ж. 

  

*        *        * 

 

Шексиз туысқанлык муҳаббетпенен  



Сен мени суйдинг баурынга қсып,  

Перзент козименен қарай бердим мен  

Жузинге анамнынг жузиндей ысық.  

Мирибан саусақларынг басымнан сипап.  

Турдың кенарында биз улкен жолдынг,  

— «Улым, ось, еркеле, бари сен ушын,  

Бари сен ушын» деп турғандай болдынг.  

Сонда сенинг кундей нурлы жузингнен  

Кордим жаҳандай кенг туған уатанды.  

«Сенинг бахытынгбыз» деп нурға оранып,  

Москва устинде жулдызлар жанды. 

                                     

                                    1954 жыл, Москва. 

 


52

 

 



 

 

                  САҒАН АСЫҒЫП… 

 

Ғазлар коллерине, булбил гулине,  



Сунгқар асқар тауға, киик шолине,  

Ҳарре уясына, мал жайлауына,  

Дарьялар асығар қуяр жерине.  

Ал, мен асығаман сени коруге,  

Москва, Москва, бахытымды ашқан!  

Озинг берген полат жуйрикти мнип,  

Сенинг сапарынга шықтым шғыстан.  

Шықтым: асау Аму бурқып ойнаған  

Ақ алтын улкесинен, бахтияр елден;  

Янтарь жузимлери, алма бағлары  

Саған алғыс айтып ырғалған жерден.  

Жоллар узақ дейди. Сол-да соз-бе екен?  

Журекке жақын жерге жол болмас алыс.  

Сен туралы болған сағынышқа шекем  

Кеулде оятар ышқы, қуаныш.  

Саған асығар жолда уатанласларым,  

Бари-де мендей иштен сени ойлаған.  

Полат жолларменен алқынып шауып,  

Минген поездым-да асығар саған.  

Ҳарь куни жер, коктен ямаса судан,  

Я Берлин, я Пекин, я Варшавадан...  

Саған асығады адамлар ҳамь-де  

Барлық жоллар алып келеди саған.  

Шаир йошына, саз қаридарына,  

Перзент анасына, қыз суйгенине,  

Жгит сағынышлы ашық ярына,  

Ал, мен асығаман сени коруге...  

Журекте яд етип сенинг атынгды,  

Коппенен келемен мен улкен жолда.  

Алмастырмас едим асирге, жылға  

Сенде откен ҳарь кун, ҳарь саатымды,  

Салем, келдим мне, саған Москва! 



53

 

 



 

 

                                               1954-жыл, Москва. 

 

О СИЗ, АРҚАНЫНГ МАРТЬ ЖОЛАУШЫЛАРЫ… 

 

Кавказдағы қойын даптерден 

 

Ҳарбри озь тусында бул жерден откен,  



О сиз, арқанынг марть жолаушылары,  

Сзинг жолынгызга кун шығыс беттен,

  

Дангқ излеп келгеним жоқ, гаптинг ҳадалы. 



 

Маған озлерингиз сбырлап жаста,  

Шақырған жерингизде болсам деп келдим,  

Сизлердинг изингиз тускен ҳарь тасты.  

Козлериме сурме қылсам деп келдим. 

 

Келдим, гул тоселген бул жралардынг  



Қойнында қуунап деп алып кетпеге:  

Алтын ойпатлардынг, алмас шынглардынг  

Суретин кеулиме салып кетпеге. 

 

Сизлер тағдирменен қайтпай таласып,  



Бул жолдан ойға шомип журип оттингиз.

 

 



Брақ, ҳарбрингиз бир соқпақ ашып,  

Тасларға ошпес из салып кеттингиз. 

 

Тау бултларындағы жасындай жайнап,  



Сизлер титреттинглер ипласлық тахтын,  

Заққым жуыртылған, оқларға байлап,  

Сизди атты жауы, ерк, даналықынг 

 

Брингиз Байрондай ерк ышқысында,  



Керип коксингизди тау боранына,  

Патша сургининде, занг қысқысында,  

Қанша жабир келди Пушкин жанына!  


54

 

 



 

 

Тегеран жанжелининг қурбаны болып,



  

Бринг жат манзилде солды наҳақтан.  

Брингиз Машукта кеттингиз олип,  

Жаралы барыстай жауына шапқан... 

 

Брақ, журегингиз бойынсунған жоқ,  



Кузғынлар қауимине, жауыз ҳамирге,  

Шынлык майысса-да путкил сынған жоқ, 

Турды сиз қаласқан гранит ирге. 

 

Ҳазир сиз ангсаған, битаныс аулад,—  



Жанга ауладынгыз жасайды бунда.  

Дослық шаменлери оспекте ғаулап,  

Сизлер из қалдырған туслик тауында. 

 

Кишкене қарақалпақ шаирыман мен,  



Маған қайда сиз минген шынгларға минбек! 

Брақ, гражданман тек бахытты билген,  

Маған жат: ериксизлик, мезгилсиз сонбек... 

 

О сиз, арқанынг марть жолаушылары,  



Дангқ аулап жургеним жоқ бул жағалардан.  

Сиз басқан жоллардынг корип гузарын,  

Изингизди суйгеним — зор бахыт маған. 

 

                                 1953-жыл, Пятигорск. 

 

 

             РУС ТЕНГИЗИНЕ 

 

Салем саған кудиретли тенгиз,  



Кок толқынын аспанға атқан!  

Шексиз, асау коркинг журекте  

Қызғынлы йош, ойлар оятқан.  

Сен адамнынг акылын-есин  



55

 

 



 

Ҳа дегеннен бийлеп аласанг. 

Асирлердинг дангқ—шежиресин  

Жырлайсанг-да, еске саласанг:  

Қанша аш коз жау саған суқланып,  

Жутынбады жат жағаларда?  

Келеринде барабан қағып,  

Кетеринде зар болды салға;  

Даурық салған қаншама залым  

Озь дангқына гор тапты сеннен;  

Шошанглатып қисық қлышларын,  

Султанлар-да жағанга тонген;  

Жоллап кеше бунда флотын,  

Гитлер атлы мақтаншақ «дарға»,  

Урлеймен деп сенде урыс отын,  

Кулки болды шағалаларға.  

Себеби сол: сенинг қолынгды  

Уллы Русь қудиретли еткен.  

Тарихынгды, дангқлы жолынгды 

От ишинде ози дореткен.  

Онынг шексиз қаҳар-ғазеби  

Секиргенде тоғызыншы баллға,  

Искенжедей толқынлар себи 

Қара кушти женшер қамалда.  

 

*        *       * 



 

Жазғы тангда жадырап кеул,  

Мне, жар тас устинде турман.  

Толқынсақлар шашып гумис гул,  

Гранитли жағаға урған.  

Ақ шағала шапатлап суды,  

Ақ қағаздай желбирер минсиз.  

Сенсиз оған омир жоқ жерде,  

Қуаныш жоқ ол ушын сенсиз.  

Сол сияқлы, шаир-да озин  

Тусине алмас уатаннан болек.  


56

 

 



 

Онынг йошы—сол уллы сезим,  

Олсыз соқбас геудеде журек.  

Сен гурлейсенг йош урып тынбай,  

Бойынг ысық, айдынынг-да кенг.  

Даусынг сенинг уатан шақырығындай  

Қудиретлн, таныс, қадирдан екен.  

Алыс Арал бойында жургенде  

Саған қызғын муҳаббет сақладым.  

Умытпаспан сенингменен енди  

Жас жанымнынг интимақларын.  

Сени мангги суйип отермен  

Ҳамь шауқымлы кушли намангды;  

Ойға батып Уатан ышқыменен  

Уллы Пушкин журген жағангды. 

Сенинг басқан дангқлы жолынгды  

Баса алмаған ҳешбир океан.  

Дангқ, мақтаныш саған орынлы,  

Айқыр тенгиз, шауқым сал, қуан!  

Қадимгише арғы жағаларға  

Алып барсын толқынынг сенинг:  

Қонгыр салқын муҳаббет сазыменен  

Дослық, жгер, азатлық лебин. 

 

                                   Хоста, 1955-жыл. 

 

Қара тенгиз жатар аймалап,  

Қара козли Кавказ аруын.  

Гумис толқын жартасты жалап,  

Жангыратады муҳаббет сазын. 

 

Жанарынан сол қара коздинг,  



Суйген ярым елеслеп турар.  

Қарындасы Қара тенгиздинг  

Еске тусер ҳамь ақ сазан Арал. 

 

                                           1951-ж. Сочи. 


57

 

 



 

 



Достарыңызбен бөлісу:
1   2   3   4   5




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет