Иб. Юсупов куншығыс жолаушысына



Pdf көрінісі
бет1/5
Дата03.03.2017
өлшемі1,06 Mb.
#5427
  1   2   3   4   5

 

 

 



 

Иб. ЮСУПОВ 

 

 

 

КУНШЫҒЫС 

ЖОЛАУШЫСЫНА 

 

 

ҚАРАҚАЛПАҚ

 

МАМЛЕКЕТ

 

БАСПАСЫ 

 

Нокис—1959 



2

 

 



 

 

На каракалпакском языке 

Ибрагим Юсупов 



ПУТНИКУ ВОСТОКА 

 

 



 

 

 



Редактор У. Хожаниязов  

Худ. редактор К Бердимуратов  

Техредактор Н. Сагитов  

Корректор Т. Рамбергенова 

 

 

 



Теруге берилген уақты 10/II-1959-ж. Басуға рухсат 

етилген уақты 22/1У—1959-ж. РК 40079. Қағаз форматы 

70x108 1/32. Колеми 7,5 баспа табақ. 

5,14 шартли баспа табақ. 5,25 есап баспа табақ. Тиражы 

2000. Баҳасы 3 м. 20 т. Муқабасы 75 т. 

 

 

 

ҚАРАКАЛПАК МАМЛЕКЕТ БАСПАСЫ  

 

Нокис қаласы, Карл Маркс кошеси, 3. 



 

*

    



*

     


 

ҚҚАССР МАДЕНИЯТ МИНИСТРЛИГИ  



 

Нокис Полиграфкомбинаты. Заказ №57 

 


3

 

 



 

 

ТАЛЛЫ ЖАҒЫС – ТУҒАН МАКАНЫМ 



 

 


4

 

 



 

КУНШЫҒЫС ЖОЛАУШЫСЫНА 

 

Онгиринде шайқалған жас қара тал,  



Амударья суларынан нарь алып,—  

Қубласында шоккен нардай Қара тау,  

Аркасында ақ сазанлы Аралы...  

Озь елингнинг бул муйешин аралап,  

Журегингде мангги сақлап кетуге,—  

Куншығысқа сапар шеккен азамат,  

Асық достым бзинг жаққа жетуге. 

 

Коктен келсенг ушқыр сунгқар змырап,  



Аэропортқа жуйрик «ЗИМ»-лер сырғанар.  

Жерден келсенг, жолынг— «Чаржоу-Қонграт»,  

«Хош келдинг» деп бағ-бақшалар ырғалар.  

Бизде созь бар: миман—ырыс, берекет,  

Қонақ куту—зинети ҳарь адамнынг.  

Егер уйге бес кун миман келмесе,  

Шайы қонбас менинг байғус анамнынг.  

Тандыр жапқан женггейлерден бар мират,  

Руқсат жоқ ауз тимей отуге.  

Куншығысқа сапар шеккен азамат,  

Асық достым бзинг жаққа жетуге.  

Бунда дослық салтына жан суйинер,  

Жатырқамай араласанг егер сен.  

Ҳарь шаҳарли, ҳарь диқаннынг уйинен,  

Озь уйингнинг жыллы лебин сезерсенг.  

Бунда оскен пахтанынг ҳарь талшығы,  

Шын дослықтынг беккем алтын жбиндей.  

Жайлауларға қурдай қаплап мал шғып,  

Кенг далалар донер сурдынг тугиндей.  

Оқыранар қайшы қулақ қаназат,  

Желдей жуйткип сени алып кетуге.  

Мингинг келсе ушқыр тулпар азамат,  

Асығагор бзинг жаққа жетуге. 

 


5

 

 



 

Бунда ҳарбир пахтакештинг енгбеги,  

Бир солдаттай қорғар Уатан намысын.  

Бул топырақта ҳарь шгиттинг онгени —  

Омир ушын, бахыт ушын, нан ушын.  

Бунда ҳарбир қунарлы жер қатбары  

Енгбек етсенг, есап берер: бри—бес.  

Тунь ишинде пахта завод отлары  

Аспанынгнынг жулдызынан кем емес.  

Бул заводлар—патли ылғал кушпенен  

Қалалардынг соғып турған журеги.  

Шашыраған кенг глемнинг устине,  

Гауҳар тастай жас қалалар донеди. 

 

Бзинг Нокис—бесжыллықтынг перзенти,  



Республика мақтанышы, жас қала.  

Қубласында жан ағасы Ташкенти,  

Арқасында ақсақалы Москва.  

Қарағашлар желпип мыстай кошесин,  

Кварталын сулу жайлар кернеген. 

Қызкеткенде жулдыз тунеп кешеси,  

Комбинатлар тным таппай гурлеген.  

Ҳарь калада озинше корк, салтанат,  

Нокислилер қаласын бағ етуде.  

Куншығысқа сапар шеккен азамат,  

Асық достым усы бағқа жетуге. 

 

Бунда омир қауынындай Шаббаздынг  



Толып тасар тил уйиргиш шреге.  

Бунда Пушкин, Науайы ҳамь Аббаздынг  

Қосықларын ҳамме яддан бледи.  

Бунда ҳарь ким есигининг тубинде  

Осип турған ақ сокиттинг жанынан  

Балтик яки Муз тенгизге деинги  

Аралыкты Уатаным деп таныған.  

Мейли Киев, тундра я Арарат...  

Уллы журттынг турсанг-да қай шетинде,—  


6

 

 



 

Бул жер сени огейсимес, кормес жат,  

Асық достым усы жерге жетуге. 

 

Ленин ели басшы болып қуралған,  



Мол дослығы беккемликтинг греуи,—  

Октябрьдинг қуяшынан нур алған  

Алпыс гауҳар шоқ жулдыздынг бреуи —  

Қарақалпак, алтын ойпат, халқы шад,  

Коммунизм шнгына сапар етуде.  

Мейли қал сен, мейли туслен, мейли жат,  

Журегингде мангги сақлап кетуге. 

 

Нокис, 1956-жыл. 

  

ҚАРА ТАЛ 

 

Суў бойында шайқатылған, жаным қара тал,  



Маған бәлзам, сен тымықта шақырған самал. 

 

Маған туўысқан ҳәр шыбығын ҳәм бүртиклериң, 



Сениң астың — киндигимнен қан тамған жерим. 

 

Анам саған байлап мениң әткӛншегимди, 



Тербеткенде ырғалғансаң ҳайялап сен де. 

 

Сениң үниң, турсаң гүўлеп алдында тамның, 



Жаныма үнлес ертегиндей әзийз анамның. 

 

Кешки иңирде жуғырласқан шоқ шымшықларың  



Берген маған шоқ минезин, шоқ қылықларын. 

 

Самал турса, сен бир тегис ырғалып ойшаң, 



Салдамлырақ ой ойлаўды үйреттиң маған.  

 

Астыңда оқып қосықларын Пушкин, Бердақтың,  



Салқынында ӛстим ҳәм де муҳаббет таптым. 

7

 

 



 

 

Сонда ылай суў бойында, сениң саяңда  



Туўған жерге туңғыш -сезим менде оянған. 

 

Гә шежиресин баслайтуғын ғаррыдай үнсиз,  



Гә романтик жас қыялдай шуўлап тынымсыз. 

 

Қулағымнан кетпес еле, туўысқан талым,  



«Шайыр бол» деп маған талай сыбырлағаның. 

 

Билим қуўып мен калаға сапар шеккенде,   



Ҳақ жол тилеп, анам менен узаттың сен де. 

 

Суў бойында қалды, сӛйтип, тентек балалық,  



Мен ержеттим сеннен шыққан нарттай буралып. 

 

Айдыныңда ақ шабақтай жүздим билимнин,  



Кӛп жерлерин араладым пайтаух елимниң. 

 

Ала таўдың аршаларын, Волга қайыңын,  



Араладым тоғайларын Кавказ сайының. 

 

Сәрўи кӛрдим Қара теңиз шалқыған жақта,  



Пальмалардың саясында болдым қонақта... 

 

Сонда сениң қарақалпақша айтқан қосығың,  



Қыялымда олар менен турар қосып үн. 

 

Қуўанаман ойлап сонда туўған жеримди,  



Сени ҳәм де сениң шадлы, жас тәғдириңди. 

 

Кӛз алдымда, сонда, жаным, кӛкирек кересен,  



Еркин мийнет ерлерине ләззет бересең. 

 

Бахыт, дослык урқан атар ғыр айланаңда,  



Туўған аўылым ғурғынласып ӛсер-саяңда. 

8

 

 



 

 

Гүллене бер таллы жағыс, пахталы далам,  



Мен — сениң бир нарт шыбығың, мен — сениң балаң. 

 

                                                    Хоста, 1955 жыл. 



 

КОРСЕНГ СОНДАЙ БИР ЖАҒЫСТЫ... 

 

Дуньяда енг қатты ағыслы  



Дарьялардынг бреуининг бойында  

Корсенг сондай бир жағысты:  

Пахта ырғалған қры менен ойында

 

Ширин жузим солқымлары  



Жолбойында козди тартып сырғыса,  

Тенгизининг толқынларын  

Қақ айырып бекирелер ырғыса; 

 

Женгил туяқ бедеулери  



Дубирлетсе коллерининг бойларын,  

Зер қырпықлы ҳасыл тери  

Қамар тукли қозы туса қойлары; 

 

Тал саясы жанға ысық, 



Ылай сулар сынгқ-сынгқ кулсе жапларда, 

Қаунларын шре қсып, 

Жонгышқалығы донсе усап макбалға; 

 

Ақ алтыннынг маманлары  



Еткен исин коргенде жан суйинип, 

 «Ҳарма» десенг ҳаяллары 

«Бар болғайсанг қайним» десе киылып; 

 

Қонақ келсе қорғалаған,  



Мимандослық салтына кир жуытпай.  

Бес-алты кун болған адам  



9

 

 



 

Омиринше мақтап журсе умытпай; 

 

Шгит сеуип, алтын алған,  



Минет суйгиш, қарапайым халқы бар.  

Несибеси татлы палдан,  

Азатлықтынг аясында шалқыған,— 

 

«Бахытымыз Москвадан 



Устимизге танг нурындай тараған, 

Дослығы мол державадан 

Боламыз» деп жуап берсе харь адам,— 

 

Сол жер—менинг туған жерим,  



Қарақалпақстан дейди атағын.  

Уатанласым, ол-да сенинг  

Тумасанг-да туған жердей маканынг. 

                                             

                                                1957-жыл. 

  

ТУЫСҚАН ПАРТИЯМЫЗ, РАҲМЕТ САҒАН 

 

Журекте бир сезим бар,—енг кушли сезим,  



Гуреске қулшындырып, толқытқан қанды.  

Ол—саған арналған садықлық бзинг.  

Себеби, шын бахтияр еттинг адамды,  

Туысқан партиямыз, раҳмет саған. 

 

Сенинг салған жолынг—миллионлар жолы,  



Ленинизм нурынан жайнап турады.  

Ол—таза, ол мудам халқпенен толы,  

Ол коммунизмге алып барады,  

Жолбасшымыз озингсенг, раҳмет саған. 

 

Кун нуры жетпеген тунек жерлерди  



Жақтырттынг, ысыттынг нурынгды шашып.  

Апьтабтан қураған шолдеги еллерге  



10

 

 



 

Су ҳамь сая бердинг талайын ашып.  

Мирибан нартиямыз, раҳмет саған. 

 

Журекте сенинг атынг—Лениннинг аты,  



Кишкене халқ кеулинде кенг муҳаббет бар.  

Қарақалпақ диқаны, туба араты

1

,  


Саған озь бахтынан шексиз миннетдар,  

Сен халқ ғамхорысанг, раҳмет саған. 

 

Капитализмнинг шрик тырнағын  



Азатлық толқынлары жемирип барар.  

Планета устинде сенинг байрағынг  

Халқлар бахыты ушын манггиге турар,  

Туысқан партиямыз, раҳмет саған. 

 

Халқ—тенгиз, мен —тамшы. Демек, тенгиздинг  



Манисин баянлауға тамшысы ҳақылы:  

Сен—сап ҳужданысанг дауримиздинг,  

Ар намысы менен ошбес ақылы,  

Туысқан партиямыз, раҳмет саған! 



 

                                       1955-жыл. 

 

 



ҚОБЫЗ 

 

(Қурбанбай жыраўға) 



 

Жаңла қобыз, әсирлердиң гүўасы,  

Қарақалпақ сазларының сағасы.  

Қайтқан ғаздай ғанқылдаған үниңе  

Шадлық қуйған жаңа турмыс дүньясы. 

                                                 

1

 Губа араты—тубалы шаруа. 



 

11

 

 



 

 

Кемсеңлетип ғаррылардың ийегин,  



«Посқан ел» ди толғап ӛткен Жийениң. 

Әсирлердиң аўыр шерин аркалап,  

Туқылы ашып, жаўыр болған тийегиң.  

 

Келте зибан» гүрмеўиңе келмеди,  



«Уллы зибан» бахыт таппай шӛлледи. 

«Жортыўлыда» елдиң жоғын жоклаған  

Батырлардық ат туяғын серледим.  

 

«Шербейитиң» шерли жандай аҳ урып,  



«Кӛз айдының» қуўаныщқа шақырып,  

Халық ғәзеби толқып тасса, сендағы —   

«Айға шаптың» арысландай ақырып.  

 

Сен дыйханның кулағынан шаң қақтың,  



Шопан менен Қызыл қумда қой бақтың.  

Сен баянлап келдиң әрман-тилегнн  

Хан ермеги болған қарақалпақтың.  

 

Саздан тулпар, тийегиннен ер еттиң,  



Кыялыңнан қас батырлар дӛреттиң.  

Халық бахыты ушын атландырып оларды,  

Саркоп пенен Байсын елин излеттиң.  

 

Күн астында Саркоп, Байсын кӛп еди,  



Бәринде де байлар ғана тоқ еди.  

Мийнеткеш халық бахыты ушын «боз торғай - 

Қой үстине аўнаған» ел жоқ еди.  

 

Уллы Октябрь таңы шашты нурларын,  



Сонда ғана иске асты бул әрманың.  

Сонда ийең тарлан даўысын дүзетип,  

Сен де сонда шадлық сазын қармадың.  

 


12

 

 



 

Мәңги бахыт орнап туўған елиңде,  

Таза лапыз алды үниң сениң де.  

Шадлық жырын толғап Қыяс, Қурбанбай,  

Жаңа турмыс сахнасында кӛринди.  

 

Халықтың алтын ғәзийнесин қолға алып,  



Ғарры жыраў қыя шӛлде толғанып,  

Алып шығып әсирлердиң шыңынан,  

Жаңа әўладқа мийрас етти қуўанып.  

 

Жаңла қобыз, сол тапсырған мийрасың —   



Халық ӛмириниң шежиреси, айнасы,  

Бүгин бизге жәрдемлесер жалықбай,  

Гүллентиўде жаңа турмыс дүньясын.  

 

                                        Нӛкис, 1956-жыл. 



Ескертиўлер: 

«Келте 


зибан», 

«Уллы 


зибан», 

«Жортулы»,  «Шербеит»,  «Кӛз  айдын»,  «Айға  шап»— 

қобыз намалары. И. Ю. 

 

 

КЕГЕЙЛИ 

 

Кеўлим кӛтериңки киргендей бағқа,  



Толқынласып ҳаллас урған Кегейли.  

Айдыныңда шоршыған ақ шабаққа  

Мен қызығып қарап турман, Кегейли.  

 

Жағаң желкилдейди қамыс, урықтан,  



Балалық гезимди ойлап турыппан...  

Суўыңда шашылған уўылдырықтан  

Ӛршиген бир шабағыңман, Кегейли.  

 

Жазда қайырыңда ойнап қырғалак,  



Кыста музларыңда тептик сырғанақ.  

Кекили гүзелген, мойны ырғанақ  



13

 

 



 

Қара бала ядыңда ма, Кегейли?  

 

Бәлки шығып кеткенменди есиңнен,  



Ӛйткени бир мен бе ӛршиген сеннен?  

Балалық ўақтында ӛтер ҳәр кимнен,  

Бәри есте қала бермес, Кегейли.  

 

Ыщқының бәҳәри жетип маған да,  



Жигитлик ҳәсери гезгенде қанда,  

Балалығым ойнап қалды жағаңда,  

Ӛмир ӛз жолынан ақты, Кегейли.  

 

Биз кӛп шабақ едик ӛршиген бирге,  



Үйретип анамыз, жүздирген ӛрге.  

Хызметке жарадық туўылған елге,  

Ӛмирдиң мақсети солдур, Кегейли.  

 

Бәлент ырашына мен миндим тағы,  



Қандай ысық туўған жердиң кушағы!  

Мунарланған терек, мийўалы бағы,  

Бахытлы аўылымның сәни, Кегейли.  

 

Куншығарың Тағжап, батысық Аршан,  



Ақ алтын мәканы қай жерге барсаң.  

Жүз жап, мың салмадан ҳағлап ағарсаң,  

Сонда да тартылмас суўың Кегейли.  

 

Сендей нәўпир болып ақпаса шайыр,  



Халықтың кеўлине жол таппаса шайыр,  

Шайырман деп ширенгеннен не қайыр?  

Ҳәзир соны ойлап турман, Кегейли. 

 

                                                  1956-жыл. 



 

 

 

14

 

 



 

БУЛАҚ ҲАҚҚЫНДА БАЛЛАДА 

 

(Аяпберген шайырға) 



 

Қара таўда кӛргеним бар бир булак,  

Тас аралап ағып жатар қулдырап.  

Бурқып ақкан Әмиўдәрья суўына  

Сол булақтың суўы келип қуйылар.  

Шопан екеўимиз жазда бир күни  

Сӛйлескенбиз сол булақта иркилип.  

Тӛбемизде қырғый канат қағады,  

Ал тӛменде дәрья гүрлеп ағады.  

Таң нурынан жайнар таўлардын басы,  

Етекте отлап жүр колхоз падасы.  

Сыңқылдаған мерўерт кӛзли булақта  

Сыбырлап турғандай бир үн қулакқа.  

Шопан достым усы булақ ҳаққында  

Кишкене бир ертек сӛйледи сонда:  

 

Әййемги заманда мынаў булақты  



Туншықтырып гәўмис жартас қулапты.  

Күн жүзин кӛреалмай, еркин ағалмай,  

Гүмис булақ кӛз жас тӛгип жылапты.  

Ярың мәнзилине атланған батыр,  

Тоқтап усы жерге тигипти шатыр.  

Ҳәм тас қуўысынан еситилген үнге  

Қулағын салыпты отырып түнде.  

«Үстимди аш аға, тасып толайын,  

Шӛллеген гезиңде суўсын болайын.  

Суўымнан ӛнетуғын шоқ гүллерим бар,  

Гүлсиз дүзде ушқан бүлбиллерим бар.  

Тасқа тамшылаған жасымды ая,  

Туншығып түнекте болмайын зая?».  

Буны еситип батыр үркип қашпады,  

Дәрҳал дәў жартасты жулып таслады.  

Жақты дүнья кӛрип қуўанған булақ,  



15

 

 



 

Гүмис күлки менен ақты сылдырап.  

Ӛсти кызғалдақлар айланасында,  

Жолаўшылар шӛлин басты тоқтап қасында.  

Ол ағар заўық пенен ойнап жазы-кыс  

Ҳәм мудам батырға айтады алғыс».  

 

Бахыт сазендеси, елдиң шешени,  



Сол гүмис булаққа мегзеттим сени.  

Сен бир булақ едиң кӛмиўли жатқан,  

Қайғының таслары кӛксиңе батқан.  

Қопарып үстиннен геўмис жартасты.  

Батыр коллы Ленин кӛзиңди ашты.  

Еркин заўлап ақтың, келдиң ҳуўшыңа,  

Сулыў саз арнадың қутқарыўшыңа.  

Дәрьяға қуйылған булақтың суўы —  

Жоғалмас. Жасайсаң сен қайта туўып.  

 

                              1956-жыл, Нӛкис. 



 

 

СЕНИНГ ҚОЛЛАРЫНГ 

 

Ер азамат минетти суйген  



Исименен куантар халқын.  

Қара жерден ғазине ондирген,  

Женгге, сенинг қолларынг алтын.  

Кенг далалар мақбалдай донер,  

Жасыл кесте ойсанг баҳарде.  

Бахыт гули жаудырап онер  

Жазда қолынг жантасса жерге.  

Асықтырып келер алтын гуз,  

Машинадай зулайды уақыт.  

Аспан узақ турса булытсыз,  

Пахтакешке не деген бахыт!  

Тил алғыш он саусақ жбырлап,.  

Таба қуып урғанда жауьлан,  


16

 

 



 

Ханалардан ақ мамық зырлап,  

Фартук семирип, қанарлар толған.  

Дыққат, жгер бирлесер дарьҳал,  

Илгир козлер қамасар аққа.  

Изде стырлар бос шангғалақлар,  

Алда кутер ашылған пахта.  

Сонда сенинг он бармағынгнан  

Он шабандоз ойын корсетер.  

Ис устинде табылған тынгнан 

Озық усыл табыс доретер.  

Хана, фартук, томеннен устке,  

Епшил қимыл, лып-лып ҳарекет.  

Сырғиды қол тағы-да пастке,  

Шаласын-да қосып тере кет!  

Қурақ жапырақ мамыққа қатса,  

Қағып таслар шапик ушь бармақ.  

Жарты хана ултанда жатса,  

Иле кетер жонекей қармап.  

Кокте барар куслар дизбеги,  

Бир қапталда машина жузер.  

Бикешинге қарап издеги  

Нақыл айтып, бересенг жгер.  

«Бармақ басқа, билек бир» деген,  

Нақылды халқ айтпаған босқа.  

Минет зауқы, ел мапи тенгнен  

Бул қолларды жоллар табысқа.  

Қолынг онер кани-ме дедим,  

Шаршаманг-да, кушке куш қосынг  

Мен-де усылай иелер-ме едим,  

Шаирлықтынг искусствосын!  

Айна алдында қонгыр тартса-да,  

Халқ алдында жузлеринг жарқын  

Пахта терип қарауытса-да,  

Женгге, сенинг қолларынг алтын! 

 

1955-жыл, Нокис. 


17

 

 



 

  

РЕВОЛЮЦИЯ СОЛДАТЫМЕНЕН УШЫРАСУ 

 

Боранлы кунлеринде басқан жолларын,  



Тағы журип отти ветеран солдат.  

Жаунгер жолдасларын, қаҳарли жылларын,  

Ядында трилтип корди атма-ат. 

 

Ол жанга баҳарден хабар акелген  



Бри еди тунгғыш қарлығашлардынг.  

Олар бахыт алып отти бул жерден,  

Бахытын қорланған ғариб, ашлардынг. 

 

Брақ, олар бунда қарлығаш болып,  



Женгил парьуазбенен ушып келмеди.  

Олар, журеклери ғазепке толып,  

Ҳарь карыс жер ушын кан берген еди. 

 

Қарангғы куншығысқа нур апарынг деп,  



Ильич оларды жберди бунда.  

Қзыл жулдызлары Шолпанға мегзеп,  

Қарангғыны қақ жарып, жол берди тангға. 

 

Коммунист солдаттынг бари ядында:  



Бул жолда қанша зор айқас болғаны;  

Торткул атирапында, Чимбай жолында  

Бахыт ушын кимлердинг козди жумғаны. 

 

Уатансыз Жунаид, тажькумар малай,  



Англичан мылтығын асынған жальлад,—  

Қзыл жулдызларға тотепки бере алмай,  

Қашқанын еслейди ветеран солдат. 

 

Тазғара тангы ушын жан бергенлердинг  



Естелигинде ол турды жалангбас.  

Революция антын такрарлап ерни,  



18

 

 



 

Ядлап жолдасларын, козге алды жас. 

 

Еки қабир жатар онынг алдында,  



Еки жгит: бир рус, бир қарақалпақ.  

Екеуи қатар жатып уйықлайды бунда,  

Терек тур зор жасыл ескерткиш қусап... 

 

Революция антын такрарлап ерни,  



Ол қарар агирапқа, қуанар бирден.  

Себеби, шешек атқан ҳарбир қадеми  

Ози бир гезлери тазартқан жердинг. 

 

Саулатлы тас жоллар,—бахыт жоллары,  



Оны озь устинде алып ушады.  

Бахтияр қарақалпақ жерлери оған  

«Кел, қутқарушым» деп қушақ ашады. 

 

Қарақалпақ Чапайынынг саулығы ушын  



Биз тост котергенде озинге арнап,  

Унсиз бурип услап столдынг мушын,  

Неге толқып кеттинг, ветеран солдат? 

 

                                        1956-жыл, Нокис. 

 

АЛЬ-БИРУНИ ТУЫЛҒАН ЖЕР 

 

Корер еди трилсе егерде  



Ата журтын, оскен жағаны:  

Аму еле бурқып ағады,  

Желлер еле уйтқып шабады,  

Аль-Бируни туылған жерде.  

 

Брақ, асау судай омир-де  



Коп озгертер озининг арнасын;  

Дегиш алып Африга тасын,  

Отти асирлер қуып арбасын  


19

 

 



 

Аль-Бируни туылған жерде.  

 

Сезе алды-ма жаслық кунлерде  



Мынг жыл бурын сол қара бала:  

Қираса-да не улкен қала,  

Олмеслигин ол бротала  

Аль-Бируни туылған жерде?  

 

Бала соны сира сезер-ме!  



Тек мунгайып туған қышлаққа,  

Кете берди Ургенч жаққа.  

Жоллар узақ еди ол уақта  

Аль-Бируни туылған жерде. 

 

Кеули толы ышкы ҳамь зерде.  



Туслик жаққа сап тартқан қуслар. 

«Уш бала» деп оған дауслар.  

Усылай илим ҳасасын услар  

Жас Бируни туылған жерде. 

 

Кетти жаяу. Ол узақ журди.  



Тар соқпақлар шықты гузарға.  

Ийне менен қудық қазар-ма?  

Қазды ҳамь-де ағызды арна  

Аль-Бируни туылған жерде.  

 

Шек жоқ еди қара тунлерде,  



Қуйын шабар ангындай дуздинг...  

Бри болып жети жулдыздынг,  

Жарқ етти-де тунь баурын сызды,  

Аль-Бируни туылған жерде! 

 

Озь еркинше адам тислер-ме  



Сум ажелдинг ащы алмасын  

Исенди, брақ, қашан болмасын  

Шғады деп ығбал қуяшын,  


20

 

 



 

Аль-Бируни туылған жерде.  

 

Корер еди трилсе егерде:  



Ҳиндистаннан қайтқан ғаз-қулар  

Дослық, бахыт десип «ғу-ғу»лар»  

Жер жолдасы когинде зулар  

Аль-Бирунн туылған жердинг. 

 

Мақтанаман халқпенен бирге,  



«Бахтиярмыз» дескеним ушын,  

Ерик булағын ишкеним ушын  

Ҳамь туылып оскеним ушын  

Аль-Бируни туылған жерде. 



   

                                  1957-жыл. 

 


Достарыңызбен бөлісу:
  1   2   3   4   5




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет