Международный научно-образовательный электронный журнал «образование и наука в XXI веке»



Pdf көрінісі
бет28/328
Дата19.01.2023
өлшемі12,18 Mb.
#61977
түріСборник
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   328
Байланысты:
Зарина мақола 722 бет

 
Пайдаланған әдебиятлар 
 
1. 
Гусейнов А.А. Средства массовой информации в общественно-политической 
жизни Турции / Главная редакция восточной литературы. Москва, 1981. 
2. Ozgen Hilmi. Tanmda sosyalizm. Ankara, 1964.


111 
ФИО автора: Кемалова Арайлым 
ҚМУ, журналистика қәнигелиги студенти 
Название публикации: «АВТОР КОЛОНКАСЫ: ЖАҢАША ФОРМА, 
ЖАҢАША СТИЛЬ» 
Аннотация: Автор мақалада заманагөй журналистикада жаңа форма сыпатында 
қәлиплесип атырған колонканың өзгешеликлерин анализге тартқан. 
 
Гилт сөзлер: Автор стили, колонка, жаңа форма, журналистлик жанрлар. 
 
Автор колонкаси: янгича шакл, янгича услуб 
Кемалова Арайлым 
ҚДУ, журналистика мутахассислиги талабаси 
 
Аннотация: Муаллиф мақолада замонавий журналистикада янги шакл 
сифатида шаклланиб келаётган колонканинг хусусиятларини таҳлил қилган. 
 
Калт сўзлар: Муаллиф колонкаси, колонка, янги шакл, журналистик 
жанрлар. 
 
Ҳәзирги дәўиримизге келип болса колумнистлердиң текстлери (колонканы 
алып барыўшы автор батыс европада усылай атама менен атала баслады) 
басылымның арнаўлы орнында яғный көлеми 200 қатар әтирапында болатуғын 
материалларды түсиниўимизге болады.
Колумнистика негизинен сапалы басылымның бир белгиси болып 
табылады. Сапалы басылым жәмийетте өз атақ-абырайына, өз пикирин 
жәмийетшиликке өткере алатуғын жәмийетшилик топарына өткере алады. 
Колонка – бул барлық ўақытта аудитория менен туўрыдан-туўры диалог 
болып табылады. Егер комментарийде публицист пенен аудиторияның 
байланыслы шәрт болмаса ал колонкада шәрт есапланады. Колонка 
публицисттиң ўақыя яки фактлерге баҳа бериўдиң эмоционаллық формасы.


112 
Жанр формасында колонка өз ишине эссе (колонканың тийкарғы талабы – 
жеке автордың көз-қарасы сәўлеленеди), фелъетонның элементлерин өз ишине 
алады[1].
Колонканың предмети конкрет жағдай бойынша жеке ҳалда пикир ой-
пикири. «Колонкада – адам өзин толғандырып жүрген нәрсе ҳаққында сөз 
етеди», футбол комментаторы ҳәм бир неше спорт газеталарының колумнисти 
Василий Уткин. Колонканың жазылыўы ушын информациялық сыпатында 
төмендегилерди атап өтиўге болады. Жеке факт, ўақыя, жеке тәғдир турады, 
лекин тийкарғы орында колумнисттиң ўақыяны қалай түсиниўи, көриўи турады. 
Яғный колонканың изертлеў предмети сыпатында субъекттиң ой-пикири, оның 
талкылаў процеси болып табылады. 
«Колонка» термини журналистлик практикада үш мәнисте қолланылады. 
Бириншиден, бул газета полосасындағы арнаўлы бөлим яғный онда 
информациялық материаллар, статистикалық мағлыўматлар яки цитаталар 
бериледи. 
Екинши мәнисте колонка автор рубрикасы. Бунда колонка стратегиялық 
ўазыйпаны атқарады. Газета бетине аудиторияның итибарын өзине тартатуғын 
автордың аты фамилиясы шығады. Бундай колонканың тийкарғы мақсети 
аудиторияның бир бөлиминиң кызығыўшылығын автордың арнаўлы 
информация дереги сыпатындағы ролине итибар қаратыў. 
Үшинши мазмуны – айрықша жанр яғный конкрет ўақыя бойынша 
автордың жеке көз-қараслары жыйындысы[2]. 
Бүгинги күни журналистлик текстлер ишинде айрықша орынға ийе. Басқа 
аналитикалық жанрлар сыяқлы баспасөздиң актуал мәселелерге итибар 
қаратыўға түртки береди. Колумнист актуал ўақыяға оператив түрде өз пикирин 
билдиреди. Жанр аналитикалық жанрдан анализ басым екенлиги менен 
өзгешеленип турады. Шолыў, мақала, аналитикалық жанрлар есапланған 
корреспонденциядан айырмашылығы бул жанрда бурын басқа басылым яки 
теле-радиоканалларда көрип шығылған ўақыя талқылатуғынлығы болып 
табылады.


113 
Колонка жанрының тийкарғы өзгешеликлери бойынша Россиялы бир 
қатар алымлар тартыслы пикирлерди ортаға таслаған еди. Профессор 
С.Г.Корконосенко бул жанрға мынадай түсиник береди: Колонка – бул барлық 
ўақытта аудитория менен жанлы байланысты болыўды талап етеди. Яғный 
жанлы образлы сөз, оқыўшыларда пикир оятыў есапланады[3]. 
Россия колонкасына1920-жыллары баспасөзде берилген фельетон-
комментарийлери тийкар болып хызмет етеди. Бул дәўирлерде М.Кольцовлар, 
В.Катаев, М.Булгаков ҳәм басқалар усы жанрда дөретиўшилик алып барған еди. 
Соның менен бирге заманагөй колонка ески аўқам дәўириндеги бас мақала 
менен генетикалық жақтан байланысды. Бул ҳаққында заманагөй аналитикалық 
информациялық жанрлары теориясын изертлеген М.Василенко былайынша атап 
өтеди: «Тоталитар дүзиў ўағында бас мақала методикалық исленбе, тәжирийбели 
кеңесгөй, киши-мағлыўматнама хызметин атқарып берди ҳәм оның жәрдеминде 
партия үгит-нәсиятлаўшысы шығып сөйлеўге таярланған еди»[4]. 
Колонка өзинде бир нешше жанрлар яғный рецензия, комментарий, шолыў 
жанрының элементлерин жәмлеген. Солай етип колонка жанрын жыйынды жанр 
сыпатында да атап өтиўге болады. Мария Иисус Касальс Карроның атап өтиўине 
қарағанда «бурыңғы аўқам публицистикасында автордың позициясын 
көринбеди, мәмлекет барлық ўақытта биринши турды. Ҳәзирги ўақытта 
журналистлердиң өз жеке блогы, интернет-сайтларын алып барғаны өзлериниң 
жеке пикирлерин билдириўге тийкар жаратып берди. Информациялық 
орталықтың раўажланыўы автор колонкасының журналистлик жанр сыпатында 
раўажланыўына тийкар жаратып берди»[5]. 
 
Колонканы жаңалық есапланбаған машқала ҳәм ўақыя қызықтырады, және 
бир жағдайда информациялық орталықта онша актуал деп есапланбаған бирақ 
индивидуал амзмуны менен қызықлы болған дереклер әҳмийетли есапланады.
Бүгинги күни журналистлердиң тийкарғы типлери арасында автор 
колонкасы әҳмийетли орынға ийе. Басқа аналитикалық жанрлар киби колонка 
жәмийетте болып атырған процесслерге еркин түрде қатнас жасай алады. 
Колумнист актуал болған ўақыяға оператив түрде өз қатнасын билдире алады. 


114 
Информациялық жанрлардан колонка анализдиң болатуғынлығы менен 
өзгешеленип турады. Мақала, шолыў ҳәм басқа аналитикалық жанрлардан 
айырмашылығы, онда бурын газета бетлеринде, теле-радио каналларда сөз 
етилген қубылыс ҳаққында сөз етиледи.


Достарыңызбен бөлісу:
1   ...   24   25   26   27   28   29   30   31   ...   328




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет