Збекстан республикасы



Pdf көрінісі
бет1/44
Дата13.08.2023
өлшемі371,64 Kb.
#105226
түріСтатья
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44


 
 
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ
КОНСТИТУЦИЯЛЫҚ НЫЗАМЫНЫҢ ЖОЙБАРЫ 
Өзбекстан Республикасының Конституциясы ҳаққында 
 
 
1-статья.
1992-жыл 8-декабрьде он екинши шақырық Өзбекстан 
Республикасы Олий Кенгашиниң он биринши сессиясында қабыл етилген 
Өзбекстан 
Республикасының 
Конституциясына
(Өзбекстан 
Республикасы Олий Кенгашиниң Ахборотномасы, 1993-жыл, № 1, 4-статья; 
1994-жыл, № 1, 5-статья; Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисининиң 
Ахборотномасы, 2003-жыл, № 3-4, 27-статья; Өзбекстан Республикасы 
Олий Мажлиси палаталарының Ахборотномасы, 2007-жыл, № 4, 162-статья; 
2008-жыл, № 12, 637-статья; 2011-жыл, № 4, 100-статья, № 12/1, 343-статья;
2014-жыл, № 4, 85-статья; 2017-жыл, № 4, 134-статья, № 5, 200-статья,
№ 8, 383-статья; 2018-жыл, № 10, 674-статья; 2019-жыл, № 2, 47-статья,
№ 3, 162-статья, № 9, 588-статья; 2021-жыл, № 2, 139, 140-статьялар) 
өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилип, оның төмендеги жаңа редакциясы 
тастыйықлансын: 
«
ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫНЫҢ КОНСТИТУЦИЯСЫ
АЛҒЫ СӨЗ 
Биз, Өзбекстанның бирден-бир халқы, 
инсан ҳуқық ҳәм еркинликлерине, миллий ҳәм улыўмаинсаныйлық 
қәдириятларға, мәмлекетлик суверенитет принциплерине садықлығымызды 
салтанатлы түрде жәриялап, 
демократия, еркинлик, теңлик, социаллық әдиллик ҳәм тилеклеслик 
идеяларына садықлығымызды көрсетип, 
инсан, оның өмири, еркинлиги, ар-намысы ҳәм қәдир-қымбаты 
жоқары қәдирият есапланатуғынын, инсаныйлық 
демократиялық 
мәмлекетти, ашық ҳәм әдил жәмийетти қурыў барысында ҳәзирги ҳәм 
келешек әўладлар алдындағы жоқары жуўапкершилигимизди сезе отырып, 
мәмлекетшилигимиз раўажланыўының үш мың жылдан артық 
тарийхый тәжирийбесине, сондай-ақ жәҳән цивилизациясына бийбаҳа үлес 



қосқан уллы бабаларымыздың илимий, мәдений ҳәм руўхый мийрасына 
сүйенип, 
мәмлектимиздиң бийбаҳа тәбийғый байлықларын көбейтиўге, 
ҳәзирги ҳәм келешек әўладлар ушын қәстерлеп абайлаўға, қоршаған 
орталықтың тазалығын сақлаўға жигерли түрде бел байлап, 
халықаралық ҳуқықтың ғалабалық тән алынған принцип ҳәм 
нормаларына тийкарланған ҳалда, 
Өзбекстанның жәҳән жәмийетшилиги, ең дәслеп, қоңсылас 
мәмлекетлер 
менен 
дослық 
қатнасықларын 
шериклик, 
өз-ара
қоллап-қуўатлаў, тынышлық ҳәм татыўлық тийкарында беккемлеў ҳәм
де раўажландырыўға умтылып, 
пуқаралардың ылайықлы турмыс кешириўин, миллетлераралық ҳәм 
конфессиялараралық 
татыўлықты, 
көп 
миллетли 
жанажан 
Өзбекстанымыздың пәраўанлығын ҳәм гүллеп-жаснаўын тәмийинлеўди 
мақсет еткен ҳалда,
усы Конституцияны қабыл етемиз ҳәм жәриялаймыз. 


Достарыңызбен бөлісу:
  1   2   3   4   5   6   7   8   9   ...   44




©emirsaba.org 2024
әкімшілігінің қараңыз

    Басты бет